gram news
Аватар канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

@karakalpak_nukus_news

️🌍 Қарақалпақстан ҳәм дүнья жаңалықлары ✅ Анық, исенимли ҳәм оператив хабарлар 💬 Мүрәжат ушын: @baylanis24_bot ️📢 Реклама ушын: @baylanis24_admin

ПроектыKKНовости

97,282подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 07:26

    Бразилия президенти онлайн казиноларды қадаған еттиПрезидент Лула да Силва қумарды рак кеселлигине теңеп, «өспени алып таслаймыз, ямаса ол бизди набыт етеди» деп айтып өтти. Бразилияда онлайн қумар ойынлары 2018-жылы нызамластырылған еди.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 07:24

    🇰🇿 Каспий теңизинде әскерлер суўда шөгип кеткеннен кейин Қазақстан президенти қорғаныў министри Даурен Косановты жумыстан алды👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 07:13

    переслано из @mediapark_uzb

    🔻 MEDIAPARK'da "ORTIQCHA FOIZLARSIZ" qulay muddatli to'lov! 😉 17-27 sentyabr kunlari kichik maishiy texnikalarni 0-0-6 muddati to'lovi orqali xarid qiling🔹 0 — boshlang'ich to'lov, 0 — ortiqcha foizlar, 6 — oylik bo'lib to'lash Sifatli texnika xarid qilaman deb anchadan beri pul yig'a olmay yurgan bo'lsangiz siz uchun ajoyib variant, texnika o'z narxini 6 oyga bo'lib to'lashingiz mumkin👉 Aksiya barcha MEDIAPARK filiallarida amal qiladi, batafsil mediapark.uz saytidaSavollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT 📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 Site
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 07:13

    «Жынаятшы нызам шеңбериндеги ең аўыр жазаға тартылады» — Саида МирзиёеваПрезидент Администрациясы баслығы Саида Мирзиёева Наманганда 5 жаслы қыз зорланғаны бойынша мүнәсибет билдирди.«Бундай аяўсыз жынаятлар ушын өлим жазасын қоллаў керек. Әмелдеги нызамшылықта жоқарыдағы жаза нәзерде тутылмаған, соның ушын жуўапкершиликти максимал дәрежеде күшейтиў ушын нызам ҳүжжетлерине өзгерис киргизиў бойынша усыныс таярлап атырмыз», — деди Саида Мирзиёева.Тийисли уйымларға барлық керекли көрсетпелер берилген. Жынаятшы нызам шеңбериндеги ең аўыр жазаға тартылады. Сондай-ақ, бийпәрўалығы менен бул ислерге жол қойған, нәрестени асырай алмаған барлық жуўапкерлер де жазаланатуғынлығы айтып өтилди.
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 05:04

    ⚡️Енди мобил телефон номерин бир оператордан басқасына көшириў 20 минут ишинде әмелге асырылады🔰 Қағыйдаларға бола, абонент - физикалық шахстан тариф режеси бойынша абонент төлеми ҳәм хызмет ушын қаржы шешиўде есапты унамсыз жағдайға (қарыздарлық жағдайына) келтириў қадаған етиледи.📞Абонентлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасының исеним телефонларына күни-түни бийпул қоңыраў етиўи мүмкин екенлиги белгиленди.⏳ Мобиль байланыс тармақларында абонент номерлерин көшириў енди хызмет көрсетиў пунктлеринде 8 жумыс саатында емес, ал 20 минут ишинде әмелге асырылады.📑 Мобиль байланыс абонентлерине төлемли қосымша хызметлерге жазылыў бойынша контент хызметлерин көрсетиўдиң төмендеги жаңа тәртиби белгиленди:🔹 хызметлерди жеделлестириў операторлардың мобиль қосымшалары ямаса USSD кодлар арқалы әмелге асырылады;🔹 абонентлердиң разылығы тастыйықланбастан хызметлерди автомат жалғаўға ямаса дәслеп бийпул болған хызметлерди төлемли етиўге жол қойылмайды;🔹контент провайдерлери тәрепинен абонентлерге усынылатуғын барлық төлемли хызметлер дәслеп жеделсиз жағдайда болыўы керек.📌Бул ҳүжжет күшке кирди.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 01:05

    📆 27-сентябрь 🌤 Ҳаўа-райы болжаўыҚарақалпақстанда күн алағат бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Самал шығыстан 7─12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы күндиз +19...+24°C, түнде +10...+15°C болады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    27 сент., 01:02

    🗒 27-сентябрь 📌Күн ҳаққында🗓 Байрамҳәм еслеў күнлери ➖ Халықаралық туризм күни;📖 Ўақыялар ➖ 1941-жылы Сирия ғәрезсиз мәмлекет болып жәрияланды; ➖ 2020-жылы Армения ҳәм Әзербайжан арасында екинши Қарабағ урысы басланды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    26 сент., 15:54

    Қазақстандағы әскерий шынығыўларда Қарақалпақстанда туўылған әскерий хызметкер қайтыс болдыҚазақстанның Маңғыстаў ўәлаятында Каспий теңизиндеги әскерий шынығыўлар ўақтында қайтыс болған 14 әскерий хызметкер арасында Қарақалпақстанда туўылған әскер де бар.Қазақстан Қорғаныў министрлигиниң мағлыўматына бола, қайтыс болған әскерий хызметкерлерден бири Алмас Юсуф улы Кобенов 2006-жыл 23-январьда Қарақалпақстан Республикасында туўылған. Ол Маңғыстаў ўәлаяты Мунайлы районындағы Баянды-3 аўылында жасаған.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 14:32

    АИ-92 бензин баҳасы дерлик 21 процентке қымбатладыӨзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасында АИ-92 бензининиң баҳасы кескин көтерилип, бир тоннасы орташа 15,9 млн сумды қурады.Соның менен бирге, базарда ең көп сатып алынған А-92 K2-L маркалы бензинниң баҳасы дерлик өзгермеди ҳәм 13,5 млн сум дәрежесинде қалды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 14:32

    ❗️Валюта курс ─ 23.09.2026👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 11:43

    Миллий сертификат имтиханлары ушын рухсатнамалар жәрияландыБиология, химия, физика ҳәм математика пәнлеринен миллий сертификат имтиханлары 2026-жыл 26-30-сентябрь ҳәм 2-4-октябрь күнлери өткериледи, соның ишинде:26- сентябрь ҳәм 28-сентябрь күнлери биология пәнинен; 27-28-сентябрь күнлери химия пәнинен; 29-30-сентябрь күнлери физика пәнинен; 2-4-октябрь күнлери математика пәнинен.26-28-сентябрь күнлери биология ҳәм химия пәнлеринен тест сынағы өткерилетуғын имаратларға кириў ўақытлары:1-смена ушын: 07:00 ден 08:30 ға шекем 2-смена ушын: 13:00 ден 14:30 ға шекем29-30-сентябрь күнлери физика ҳәм 2-4-октябрь күнлери математика пәнлеринен тест сынағы өткерилетуғын имаратларға кириў ўақытлары:1-смена ушын: 07:00 ден 08:30 ға шекем
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 10:54

    ❗️Муғаллимлерге 1-октябрь мүнәсибети менен 1 млн 20 мың сумға шекемги сыйлық бериледиПедагог ҳәм басшы хызметкерлерге «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық муғдары арттырылды.Президенттиң ПФ-51-санлы пәрманына бола, сыйлық муғдары мийнетке ҳақ төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекем етип белгиленди.Ҳәзир мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары — 1 млн 360 мың сум.Оған бола, педагог ҳәм басшы хызметкерлерге 1 млн 20 мың сумға шекем сыйлық пулы берилиўи мүмкин.Сыйлық муғдары оқытыўшының айлық мийнет ҳақысынан емес, белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан келип шығып есапланады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 10:44

    переслано из @mymobiuz

    😎 Startda yettilar — Mobiuz tarmog‘ida omad belgisi! ⚡️🔥 Boshida ikkita 7 — bu shunchaki chiroyli emas, balki tezda yodda qoladigan kombinatsiya. Muloqotni chiroyli raqam bilan boshlang! 🤝⚡️ Yangi seriyaga ulanish imkoniyatini taqdim etamiz: 🔣🔢🔢🔢 🔢🔢 🔢🔢🔢 🔣 🔠🔠 🔣
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 10:31

    Қулақшын тағып алсаңыз да сөйлесиў сыр болып қалмаўы мүмкин. Илимпазлар дийўал артынан да даўысты еситиў усылын таптыҚулақшын тағып алып музыка тыңлап атырғаныңызда ямаса биреў менен сөйлесип атырғаныңызда, даўысты тек өзиңиз еситип атырсыз деп ойлайсыз. Бирақ қытайлы изертлеўшилер айырым электрон қурылмалардан шығып атырған мағлыўматты аралықтан турып тутып алыў мүмкин екенлигин көрсетти. InjectEave деп аталған жаңа усыл наушниктеги сести арнаўлы радио үскенелери жәрдеминде тутып алыў имканиятын береди. Тәжирийбеде аралық ҳәтте 30 метрге шекем жеткен.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:55

    🇺🇸 Трампқа қарсы жаңа урыс басланды: Енди Трамптың сөзин ҳеш ким еситпейди. АҚШтың ири телеканаллары оның даўысын өширип қойдыОған Ақ үйдиң CNN, MSNBC ҳәм Politico хабаршыларын киргизбеў ҳаққындағы қарары себеп болды. Басқа телеканаллар (ABC, CBS, NBC ҳәм ҳәтте консерватив көзқарастағы Fox News) кәсиплеслери менен биргеликте ўақыяларды жарытыўды биргеликте тоқтатып турды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:50

    🇹🇷 Түркиядағы мектеп жанында атыспа жүз бердиРегион губернаторы 8 адам жарақатланғаны ҳәм ҳүжим қылған шахс қолға алынғаны ҳаққында баянат берген. Соның менен бирге, ол ҒХҚда тарқалған оқыўшылардан бириниң қайтыс болғаны ҳаққындағы хабарларды тастыйықламады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:39

    🔥 ISHONCHTAN SERYOZNIY AKCIYA! 🔥🗓 Tek 23–27-sentyabr kúnleri!🎁 Turmıslıq texnika hám elektronikalarǵa 30% • 40% • 50% • 60% ke shekem ARZAN BAHALAR!🛒 Akciyadaǵı ónimlerden: 📱 Samsung Galaxy S25 Ultra — 929 000 sumnan 📺 LG 43” Smart TV — 400 000 sumnan 🧊 Artel 276 ECO — 208 000 sumnan ❄️ Avalon 12 000 BTU — 500 000 sumnan 📱 Samsung Galaxy A36 — 2 989 000 sum 🧺 Artel 6002 6 kg — 2 200 000 sum 📺 Ferre 32” Smart AI — 990 000 sum💥 Shegirmeler 60% ke shekem! ⏳ Akciya múddeti sheklengen — 23–27-sentyabr!📄 Artıqsha hújjetlersiz — tek ǵana pasporttıń ózi jetkilikli!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:18

    🇺🇿🇺🇳 Саида Мирзиёева БМШ минберинде шығып сөйлейдиПрезидент Администрациясы басшысының БМШ Бас Ассамблеясы 81-сессиясындағы шығып сөйлеўи АҚШ ўақты менен 23-сентябрьге режелестирилген.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:17

    🇺🇿🇹🇲 Шавкат Мирзиёев Сердар Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қутлықладыТүркменстан Президенти бүгин, 22-сентябрь күни туўылған күнин белгилемекте. Ол 1981-жыл 22-сентябрьде туўылған.Сөйлесиў жуўмағында Мирзиёев Түркменстан халқын 27-сентябрьде белгиленетуғын Ғәрезсизлик күни менен де қутлықлады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
  • НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

    22 сент., 09:07

    ❗️Жумыстағы күш көрсетиў ҳәм зорлық бойынша онлайн мүрәжат порталы иске түсириледиПрезиденттиң 2026-жыл 21-сентябрьдеги ПҚ-345-санлы қарарына муўапық, Өзбекстанда қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.💻 1-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын арнаўлы мәлимлеме порталы иске түсириледи. Ол арқалы жумыс орнындағы күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары бойынша онлайн мүрәжат жоллаў мүмкин болады.Лаўазымлы шахс ямаса жуўапкер хызметкерге байланыслы мүрәжатлар автоматик түрде жоқары турыўшы инстанцияға жибериледи.Егер жағдайда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ямаса жынаят белгилери анықланса, мүрәжат «112» арқалы ўәкилликли уйымға жибериледи.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
    Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?Иллюстрация к посту канала НЕ ЖАҢАЛЫҚ?