Последние посты

Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:44
Бул я түсим емес, я оңым емес, айдынға гүл таслап бир нәрсе сездим. Мени шақырмақта, тынышлық бермес, бир пәрий; жасыл шаш ҳәм жасыл көзли…Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВhttps://t.me/a_blognot1,150Открыть в Telegram
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:42
переслано из @a_blognot
https://telegra.ph/NE-BAR-SA%D2%92AN-ZHASYL-K%D3%A8ZLI-B%D3%98LEDE-12-18TelegraphНЕ БАР САҒАН ЖАСЫЛ КӨЗЛИ БӘЛЕДЕ?!.Шайырлар ҳәзиллескенде... Шайыр Гүлистан Дәўлетова былай еске түсиреди: Бугин 11-май қурдас қайнағам, кафедралас-кәсиплесим, ҳәзилимиз жарасқан достым Бахтияр Генжемуратов 60 жаста. Бир үйдиң балаларын тай қулындай тебисип өскен деп айтады. Бизлер Камал аға…
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:42
переслано из @a_blognot
Түнниң ярымында, айдың нурында, айнаны маған тутты, өзине тутты. Қырық өрим шашында – қырық бурымда, Қырық мәрте шынжырбәнт болыппан – уқтым.Қошқар шақ тоқылған қоңыр қоржынға айнаны бәнтледи, суӯға таслады. Бул тентек кеӯилим дүньяны тарсынған шытнады. Шартылдап сына басладым …Бөрши таӯ… Қаратерең – көлдиң қурдымы … Жүректи илген қармақ – суӯ жутқан айна. Мени гирдабына тартар жулқынып, билмедим, ол мени сүйрейди қайда?..Бул я түсим емес, я оңым емес, айдынға гүл таслап бир нәрсе сездим. Мени шақырмақта, тынышлық бермес, бир пәрий; жасыл шаш ҳәм жасыл көзли…
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:31
переслано из @a_blognot

Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:31
переслано из @a_blognot
Өмир кең, өзге яр мен күтким келер, Сен маған бахыт тиле, Сен маған бахыт тиле, Сен маған бахыт тиле...Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВhttps://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:30
11-май – Шайыр Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВтың туўылған күни. Устаз шайырға беккем денсаўлық, дөретиўшилик табыслар тилеймиз! Тууылған күниңиз қутлы болсын. Сизге йош тилеймиз!🌷🌷🌷https://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:29
переслано из @a_blognot
https://t.me/Sarbinaz_Annakulova
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:29
переслано из @a_blognot
Сағыныш семсерин Ләйлим сермеди, Төрелик тоныңды бүгин кий, аға!http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
11 мая, 16:29
переслано из @a_blognot
БИЙ АҒАТәңрим бизге артық дүнья бермеди. Еселеп муҳаббат берди, бий аға. Сағыныш семсерин Ләйлим сермеди. Төрелик тоныңды бүгин кий, аға.Жүрек, баӯырымды тилмекте алмас, бул – Қудайдан бизге келген сый, аға. «Кел…», – деп шақырар яр, бармасам болмас, оймақтан тар болды Нөкис – үй, аға…Алла саӯғасыдур ышқы – муҳаббат. Бизге туӯры жолды силте, бий аға. Өшсин, я лаӯласын қәлбимдеги от, бозадан толтырып және қуй, аға …Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВhttp://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
26 апр., 07:25

Әдебий БлоGнот
26 апр., 07:24
переслано из @a_blognot
ШЕМБИ, ЕКШЕМБИ...Жəне жетип келди шемби, екшемби, Сағыныш сазына толы тарлары. Шадлығым бир уўыс, мине, екшелди, Самалларға сырлас жүрек зарлары."Кеттиң бе?"--Тил емес, дилим жанады, Сениң менен татлы əрманым кетти. Еки күн - кеўилдиң сынған қанаты, Əл ҳаўада сеўги пəрўазы питти...Сыр сандығын гизнеп, қымтайман үнсиз, Анда жол қарайды бахыттан мəс ҳаял. Гүл - ҳəм солғын тарта баслар бүлбилсиз, Жубаныш таппайды бийтақат қыял.
Әдебий БлоGнот
25 апр., 11:00

Әдебий БлоGнот
25 апр., 10:59
Шемби...🎧🎬🎼
Әдебий БлоGнот
23 апр., 12:42изменён
Гейде бир сөзди, бир атаманы анықластырыу ушын бир-еки китапты ашып қарауға туура келеди. Редактор шаршаған уақытта не қылады? Китап оқыйды)) Өйткени, редакторлап отырған китапты оқыу, ол өзиң дем алып оқыйтуғын китаптай болмайды. Сен жумыс барысында тек қәте излеу менен бәнт боласаң.Эдгар Аллан По. Морг көшесиндеги қастыяншылық. (Убийство на улице Морг) детектив шығармасын оқып дем алдым.Морг көшесиндеги қастыяншылық.Эдгар Аллан Поның бул шығармасы, XVIII әсирдиң басында жазылған. Дәслепки рет 1841-жылдың 20-апрелинде Филадельфиядағы Graham’s Magazine журналында жарияланған. Бул гүрриң әдебиятта детектив жанрының басламашысы болып есапланады. http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 10:41изменён
Келеси китапты басладық... 2026-жылдың екинши китабы.http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 10:19изменён
📚 Бир әжайып китапты қолыңызға алып оқысаңыз, оның ең соңғы бетинде майда хәриплер менен жазылған бир исмге көзиңиз түседи. Ол — сол китаптың баспадан шығыуы ушын көзге көринбес мийнетин сиңирген редактордың аты. Биз көбинесе авторды ғана атаймыз, ал негизинде хәр бир китаптың артында тутас бир мийнети сиңген кәсип ийелери бар…http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 10:04изменён
Бул дүньяда хеш бир қумарлық басқа биреудиң қолжазбасын дүзетиуге деген қуштарлық пенен теңлесе алмайды.Герберт Уэллс http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 10:00изменён
Редактор – бул түбири латын тилинен алынған, тәртипке келтириу дегенди аңлатады. Редакторлықтың түри көп. Соның ишинде китап баспасының редакторы – бул, баспада китапларды жарыққа шығаратуғын қәниге. Оның өзи де әдебий редактор, илимий редактор, техникалық редактор, жууаплы редактор киби түрлерге бөлинеди. Китап баспасының редакторы – автор менен оқыушы ортасындағы көпир.http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 08:42изменён
Хәр жазыушының өзиниң жеке редакторы болыуы керек — олар бир бирине үйренисип, бир бирине бейимлеседи. Соның нәтийжесинде хақыйқатында керек нәрсе пайда болады.Ирвин Уэлш, шотланд жазыушысы http://t.me/a_blognot
Әдебий БлоGнот
23 апр., 08:39изменён
#Китап_жаңалығы Белгили фольклорист профессор Сарыгүл Бахадырованың қарақалпақ жыраў-бақсышылығы туўралы рус тилинде "Каракалпакский жырау" монографиясы жарыққа шықты. Китапта фольклор илиминде дәстан атқарыўшылық, жыраўшылық түсиниги, дүнья жүзинде бул
