gram news
Аватар канала Алланазар Абдиев творчествосы

Алланазар Абдиев творчествосы

@allanazar07

Қарақалпақстан Республикасы халық жазыушысы, "Дослық" ордени ийеси, филология илимлериниң кандидаты, "Антик дүнья" халықаралық академия академиги, "Алтын қәлем" сыйлығы ийеси.

ПроектыKK

342подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 13:22изменён

    Ат ҳәм ИйтАт кебиндеги Шынлық өз мақсетине жетиў ушын туўры жол менен мәрдана жүрип баратыр. Бир гезде оның алдын кескеслеп, үрип Ийт — қас душпаны — Жалғанлық шықты. Ол Атты туўры жолдан шығарыў ушын барлық уқыбын, күшин жумсады; гә шабаланып үрди, гә қарсы алдынан секирип тислеўге урынды. Қанша аяғы менен таплап тасламақшы болса да суўмаңлап Атқа ҳеш бир қолайлы пурсат бермеди. Ҳәр бирден келип пәтли күш пенен топылысқа өткен ешектей Ийт оның жүрисин өндирмей, еглендире берди. Қанша пысқырынып, оқыранып аяғы менен женшип таслаўға умтылса да нәтийже шықпады. Душпанын еглендирген Ийт буның менен шекленип қалғысы келмеди: оның басын туўры жолдан шөлистанлықларға бурып, шөл менен өлтирмекши болды: қарлы, бийик таўларға, жүриў қыйын тикжарлықларға айдап қулатып, ямаса тоңлатып өлтириў мақсетинде бурынғысынан бетер өршелене берди. Аўзын ыржыйтып, мойнын гүржийтип ҳәр бирден топылады. Қара
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 12:29

    ЖАЗЫЎШЫДАН ЖАҢАЛЫҚ. КИТАП САЎҒАСЫ Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты Алланазар Әбдиевтиң «Қарақалпақ қосығы» атамасындағы жаңа прозалық китабы баспадан шықты. Китап Ташкент қаласындағы «Tamaddun» баспасынан жоқары сапада, басылып шыққан болып, бул китапқа филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, жазыўшы Б.Ерназаров ҳәм шайыр Ж.Өтениязовлар пикир билдирген. Халқымызға белгили жазыўшы А.Әбдиевтиң бүгинги күнге шекем 24 көркем әдебий, илимий ҳәм публицистикалық китаплары жарық көрген. Жазыўшының гезектеги бул топламында жақын жылларда дөреткен, яғный еле сыясы кеппеген повесть ҳәм таңламалы гүрриңлери (2-пасыл), сондай-ақ, дөретиўшилигиниң ерте дәўирлеринде жазып, бурын баспасөзге усынбаған гүрриң, тымсал, интермедия, сценарийлери (1-пасыл) орын алған. Ж
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 10:58

    ❗️Муғаллимлерге 1-октябрь мүнәсибети менен 1 млн 20 мың сумға шекемги сыйлық бериледиПедагог ҳәм басшы хызметкерлерге «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық муғдары арттырылды.Президенттиң ПФ-51-санлы пәрманына бола, сыйлық муғдары мийнетке ҳақ төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекем етип белгиленди.Ҳәзир мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары — 1 млн 360 мың сум.Оған бола, педагог ҳәм басшы хызметкерлерге 1 млн 20 мың сумға шекем сыйлық пулы берилиўи мүмкин.Сыйлық муғдары оқытыўшының айлық мийнет ҳақысынан емес, белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан келип шығып есапланады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 09:02

    Ящикке түспегенсеңСум, теңге, сом ҳәм доллар о дүньяда гезлесип қалыпты. Доллар-дозақта, басқалары- бейиште екен. Сонда доллар наразы болып м Мәңкүр-нәңкүрге: -Неге булай? Мениң қуным олардан бир неше есеге көп ғо? -Оны есапқа алмаймыз,-депти Мәңкүр-нәңкүр.-Сен улыўма бир мәрте болса да қайыр-сақаўат қобдыйына түсип көрдиң бе? -Яқ. -Олай болса, саўап ис ислемесең, несине наразы боласаң?
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 09:02

    переслано из @qosiq

    ❓"Таўық биринши пайда болғанба яки мәйек" деген сораўға жуўап барма?➖Уллы Британиялық алымлар "Таўық алдын пайда болғанба яки мәйек" деген әзелий тартысыўға шек қойды. Олар буның ушын үлкен көлемдеги изертлеў өткерди.➖Излениўлерге қарағанда, мәйек қабыршағын пайда етиўде үлкен рөл ойнайтуғын протеинлерден бири ОС-17 таўық организиминен сыртта ислеп шығарыў мүмкин емеслиги анықланды📌Сол себептен, Британиялық алымлар заманагөй пәндеги ең тартыслы сораўлардан бирине жуўап тапты: таўық мәйектен алдын пайда болған!Каналға ағза болың👇 @QARAQALPAQSHA
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 08:59

    Әмиўдәрья үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады2026-жыл 24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәрья үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде оңлаў жумыслары себепли транспорт ҳәрекети толық тоқтатылады.Усы ўақыт аралығында көпир арқалы автомобильлер ҳәм поездлардың ҳәрекети жабылады. Айдаўшылар ҳәм жолаўшылардан сапарларын алдыннан режелестириў соралды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 08:59

    Дүньяда миллионлаған адамлар көшиўге мәжбүр болыўы мүмкинЕгер әсир ақырына келип теңиз қәдди ярым метрге көтерилсе, 150 миллионнан 300 миллионға шекем адам өз үйлерин таслап кетиўге мәжбүр болыўы мүмкин. БМШ Қашқынлар бойынша жоқары комиссарының климат өзгериўине қарсы гүресиў мәселелери бойынша арнаўлы кеңесгөйи Эндрю Харпердиң сөзлерине бола, және 500 миллионға шамалас адам душшы суў ҳәм аўыл хожалығы жерлеринен айырылыў қәўпине дус келиўи мүмкин.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 08:34

    КИТАПҚУМАРЛЫҚ Бүгин «Китап — миллеттиң бийбаҳа руўхый ҳәм мәдений мийрасы» атамасында Нөкис қалалық 3-мектепте иләж болып өтти. Оған мектеп китапханасының белсенди ағзалары болған жас китапқумарлар, устазлар менен китапханашы Алфия Сапекеевалар қатнасты. Иләжды Карақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, «Шуҳрат», «Туран биримдиги — Мықлы қаламгер» ҳ.б. медальлар ийеси Алланазар Абдиев басқарып барды. Китаптың әҳмийети, руўхый дүньяның тийкары екенлиги, сөз байлығы, мәдениятлылықты асыратуғыны туўралы баҳалы пикирлер айтылды. «УМУ китаплары» ЖШЖ ниң китап таңлаўы «...ата-анаңа «Спарк» миндир» ге таярлық мәселелери де сөз етилди. Қатнасыўшылар А.Абдиевтиң «Руўхыйлық ҳәм китап» атлы даналықлардан ибарат қолжазба китабы, сондай-ақ «Жазыўшылар турмысынан» атлы фотоальбомын тамашалап, танысты. Салима Зарликова, 3-мектеп директорының руўхыйлық бойынша
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 08:25

    «Қарақалпақстан Республикасы аймағында Орта әсир қалалары ҳәм бүгинги дәўирдеги жайласқан районлар»Қалалары👇1) Якке-Парсан, IV-VIII әсир, Елликқала.2) Атызқала, IV-VI әсир, Елликқала.3) Адамлықала, VI-VII әсир, Төрткул.4) Уйқала, IV-VI әсир, Елликқала.5) Хазарасп, XI-XIII әсир, Хорезм ўәлаяты.6) Ийшанқала, XVII-XIX әсир, Кегейли.7) Тесикқала, IV-VI әсир, Елликқала.8) Төкқала (Дарған), б.э.ш. IV— b.e XIII әсир Нөкис район.
    TelegramТАРИЙХҚА_НӘЗЕРСиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал https://www.instagram.com/tariyxa_nazaer? Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 04:12

    КИТАП САЎҒАСЫ 31-май күни 1-июнь — дүнья жүзилик балаларды қорғаў күни алдынан Қарақалпақстан Республикасы Халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, халық аралық академия академиги, «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы, 3-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы, «Ардақлаў» ҳ.б. сыйлықлар менен бир қатар медальлар ийеси Алланазар Абдиев өзи ислейтуғын Нөкис қалалық 3-санлы мектеп китапханасы ушын өзиниң авторлығындағы 10 лаған китабын оқыўшылар, китапханашылар ҳәм директор орынбасары С.Зарлықова қатнасында мектеп директоры С.Утамбетоваға саўға етти. Өз гезегинде директор С.Утамбетова миннетдаршылық билдирип, жазыўшыға дөретиўшилик табыслар тиледи. Алфия Сапекеева, мектеп китапханашысы.
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 04:10

  • Алланазар Абдиев творчествосы

    22 сент., 04:10

    Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли досларым! Аман есенлик жолдасыңыз бола бергей!
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 15:23

    Бирақ, көпшилик блогерлер дурыс жазыӯ саӯатының жетиспеӯинен, ямаса тез, оператив сәӯлелендиремен, деп асығыслық етиӯиниң нәтийжесинде надурыс фактлерди де берип, ямаса өзи билмеген, түсинбеген нәрселери бойынша пикир жүргизип, адамларды шалғытпақта, базда журналистлик этиканы сақламай қалады, базылары билмейди де, грамматикалық, стильлик, логикалық қәтеликлерге жол қоймақта. Сөйлегенде тил мәдениятына онша итибар бермейди. «Көзди жумып қарасаң дүнья тар көрингени менен, ашып қарасаң сондай кең» деген екен машайықлар. Сол айтқандай, блогерлер тек кемшилик излей бермей, жақсы ислерди де сәӯлелендирип барса, көзди қысып емес, толық ашып қараса, турмыстағы жақсы ислерди де тыс қалдырмаса, ҳақыйқатлық сонда орнайды ҳ.б. Булар жыйналып-жыйналып барып, халықтың өзлерине (блогерлерге) деген исенимин жоққа шығарыӯы мүмкин. Сонлықтан биз көрсеткен ҳәм басқа да тәртип-қағыйдаларға әмел етсе
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 13:42изменён

    Жуӯап: — Ең баслысы цензура жоқ, еркинбиз. Шығармаларымызды басатуғын басылымлар саны көп, баспалар көп. Деген менен капитализмниң базар экономикасы деп аталған есигинде, оның үстине, Интернеттиң пайда болыӯы менен дөретиӯшилер, әсиресе жазыӯшыларға аңсат та болып турған жоқ. Жазыӯшы деген халықтың руӯхый дүньясын дөрететуғын азамат күн көриӯ ушын бир жерде жумыс ислейди. Жумысынан саӯа ӯақыт таптым дегенще дөретиӯшиликке кириседи. Жазғанларын тақлап топламға таярлайды. Корректура, редакторлық, ҳәтте, художник, техредакторлық жумысларды да өзи атқарып (баспаға таяр ҳалында бермесе басыӯ баҳасы қымбат болады), баспа, типографияға қатнайды, қаржысын келисип, өзиниң қалтасынан төлейди, шығыӯ алдында және-және оқып, тексереди, китаплары басылғаннан қуӯанып, таксиге салып үйине алып келеди. Енди сатыӯ деген бәле алдынан көлденең шығады. Китап дүканларға, таныс-билис мәкеме басшыларына зыр
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 11:45

    ЖУРТ АТАСЫ БАСҚАН ҚӘДЕМИНДЕ НУР (Ҳүрметли Президентимиздиң 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстанға болған сапары тәсирлери)Қуяштай жарқырап, кеўил-күйимиз, Қәлбимиз төринде меҳир ашты гүл. Толды шадлықларға, көше, үйимиз, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Биз жаратқан бағлар, жемисин берип, Халқым ҳадал мийнет ырысын терип, Азаматлар турар, ўәдеге берк, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Бир шәҳәр, он алты район бүгин, Тартып келер жаңа дәўирдиң жүгин, Абатлық көрсетер, елдиң бирлигин, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Бирлести күшиммз, оянды Арал, Тыныш елдиң даңқы жәҳәнге тарар,
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 11:45

    ҚАРАҚАЛПАҚТА ШАДЛЫ ДӘЎРАН БОЛАЖАҚНөкисте бир көше дүзеп салтанат, Тағып жигирма төртте жети деген ат. Сол көше бойында халқың алғыслап, "Президент келди!"-деп сазлар шалажақ.Улкен-киши кеўлин ашып ентелеп, "Узақ жасаңыз!"-деп жақсылық тилеп. Нурлы жузиңизге қуўаныш үлеп, Кеўиллер дәрьядай тасып - толажақ.Халық ҳүрметин көриў не деген бахыт, Гүллән журт баратыр жол бойы ағып, Кеўиллерге меҳир шырағын жағып, Қәдемиңе әлўан гүллер толажақ.Қайта жаңаланған аўыл-қалалар, Шәмендей гүлленген саҳра далалар. Бүгин бақшадан жол алған балалар,
    TelegramГүлНурҚарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери,"Дослық" ордени ийеси Гүлнара Нурлепесованың жеке дөретиўшилик каналы
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 09:20

    ИНТИЗАР САҒАНӘмиўдиң бойында турған қарындас, Кеўил толы ышқы сазым бар саған, Сени қушсам дейип еткендей талўас, Асаў толқынлар да интизар саған.Бүлбиллер сайраса, сен деп сайраған, Гуллер сениң ушын ғумша байлаған. Сүмбил шашларыңды желпип ойнаған, Салқын самаллар ҳәм интизар саған.Ақ көбик шайпалған дәрья кәнары, Боз думан артында таўлар мунары, Таңда талўас еткен ис қарыйдары, Алтын далаларым интизар саған.Қос бурымың ақ балтырды аймалар, Сен жүрген жолларда көзлерим талар. Ақ алтын патшасы, ай жүзли дилбар,
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 08:00

    переслано из @kknews_uz

    “Жыл муғаллими” таңлаўының жеңимпазлары анықландыПедагоглар арасында биринши мәрте өткерилген “Жыл муғаллими” таңлаўы жуўмақланды. Таңлаў нәтийжелерине бола, республикадағы 208 район ҳәм қала бойынша биринши орынды ийелеген педагоглар анықланды.Ҳәр бир район ҳәм қала бойынша биринши орынды ийелеген педагогқа базалық есаплаў муғдарының 1400 есеси, яғный 616 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық бериледи. ___ «Йил ўқитувчиси» танлови ғолиблари аниқландиПедагоглар ўртасида илк бор ўтказилган «Йил ўқитувчиси» танлови якунланди. Танлов натижаларига кўра, республикадаги 208 та туман ва шаҳар бўйича биринчи ўринни эгаллаган педагоглар аниқланди.Ҳар бир туман ва шаҳар бўйича биринчи ўринни эгаллаган педагогга базавий ҳисоблаш миқдорининг 1 400 баравари, яъни 616 миллион сўм миқдорида пул мукофоти берилади.📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 07:46изменён

    Жуӯап: — Устазды дана халқымыз Ата менен теңлестиреди ғой. Хақыйқый устаз соған турарлық. 2020-жылы «Сөз маржаны» атлы ҳикмет, драббллерден, өмир туӯралы пикирлерден жыйнақланған гезектеги 24-китабым Ташкент баспасында басылып шықты. Сол топламдағы ҳикметлеримде: «Устазлық қатты сабырлылықты, шыдамлылықты, төзимди талап ететуғын өнер», «Шәкиртин өз перзентинен кем көрмеген устаз нағыз устаз», «Шәкирти көп устаздың қолы узын болады», «Жақсы устаз билим-илим менен бирге тәрбия да береди» деген екенбиз. Мен қай жерде ислемейин, өзимнен үйрениӯге ыңғай билдирген жастың көкирегинен ийтермедим, қайта баӯырыма тартқанман. Анық шәкирт болып ергенлерди өз перзентимнен кем көрмей үйретиӯге, тәрбиялаӯға умтылдым. Ежелеп уқтырыӯдан еринбеймен. Хабар, мақала, очерк, сүӯретлеме жазыӯдың өзине тән өзгешеликлерин, сәӯбет сораӯларын дүзиӯ, избе-излигин қойыӯды, материалға атама таңлаӯды, көркем етип
  • Алланазар Абдиев творчествосы

    21 сент., 06:01

    переслано из @joqargikenes

    Бүгин «Арал» - «Яйпан» футбол командалары Туран стадионында майданға түседиЖаңаланған Туран стадионында командамыз «Лочин» командасына қарсы майданға түсип, биринши ойынды жеңис пенен баслаған еди.Бүгин 21-сентябрь күни саат 18:30 да Туран стадионында Про Лиганың 20-турынан орын алған «Арал» - «Яйпан» командалары арасындағы ушырасыў өткериледи.Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Про Лига ойынларында «Арал» футбол командамыз 19-тур ойынлары жуўмағы менен жәми 46 очко жыйнап, жетекшиликти қолдан бермей келмекте.Бәрше футбол ықласбентлерин Туран стадионында командамызды қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз. — Бугун «Арал» - «Яйпан» футбол жамоалари Турон стадионида майдонга тушадиЯнгиланган Турон стадионида жамоамиз «Лочин» жамоасига қарши майдонга тушиб, биринчи ўйинни ғалаба билан бошлаган эди.Бугун 21 сентябрь куни соат 18:30 да Турон стадионида Про Лиганинг 20-туридан ўрин олган