gram news
Аватар канала Аллаяр Дарменов

Аллаяр Дарменов

@allayar_darmenov

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Қарақалпақ, қаңлы. Балалар каналым: @Allayar_bala Байланыс: @AllayarDarmen Топар: t.me/AllayarDarmenov Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

1,030подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • Аллаяр Дарменов

    29 авг., 04:49

    Еки аяқлыда татыўым — бөлем Нуратдин мына қосығымды жасалма интеллектке айтқызыпты. Маған унап қалды. Сизге ше?Қайерден үй алайық?Кел, жаным! Айды аялайық, Қуяшты қуўалайық, Жулдызларға жуўырмай, Жерден жай алайық.Марста мәс болармыз, Айда аш болармыз, Әрманлап аспанды, Жерден бос қалармыз.Квартира, домыңды, Жыйнап тийин, сомыңды, Биз де үйли болармыз, Қудай берсе жолымды.
    624файл1814Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    26 авг., 14:52

    Бүгин Қарақалпақстан халық шайыры, Устазымыз Рустем Мусурман туўылған күн.Рустем аға қарақалпақ шайыр-жазыўшыларын өзбек китап оқыўшыларына таныстырыўда тынымсыз мийнет ислеп киятырған зәбердес аўдармашы, талантлы шайыр, журналист. Бизиң “Айдос” қосықлар топламымызды да өзбек тилине аўдарып, баспадан шығарған еди.Устазға узақ өмир, беккем денсаўлық тилеймиз.Видеода: И. Юсупов мектебине имтихан ўақты. Өзбекстанның футбол бойынша жәҳән чемпионатына шыққанына арнап Рустем аға өзи жазған қосығын оқып бермекте.@Allayar_Darmenov
    620видео144Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    23 июл., 16:49изменён

    Қайерден үй алайық?Кел, жаным! Айды аялайық, Қуяшты қуўалайық, Жулдызларға жуўырмай, Жерден жай алайық.Марста мәс болармыз, Айда аш болармыз, Әрманлап аспанды, Жерден бос қалармыз.Квартира, домыңды, Жыйнап тийин, сомыңды, Биз де үйли болармыз, Қудай берсе жолымды.Шөлде, қырда я таўда, Шет елде ме, атаўда?
    1,43036101031Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    18 июл., 22:45

    https://www.instagram.com/reel/Da83Xk_gt1_/?igsh=aDMxa3dseHgxbGJx
  • Аллаяр Дарменов

    17 июл., 18:16

    Әзербайжанның Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий дүнья жас шайырларының ll халықаралық фестивалында Молла Панаҳ Ўағиф көкирек белгиси менен сыйлықландық.17.07.2026.@Allayar_Darmenov
    1,540519331Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    4 июл., 15:24изменён

    #Венеция_дәптериненТАСБАҚАБесигин жаздырар жыласа бала, Әжел жаздырмайды қанша жулқынсақ. Қум жағыста жансыз жатқан бийшара, Тасбақаны тербетеди толқынсақ.Ол уйқыда, ҳәййиў айтар көк теңиз, Суў түбинде сайран етер түсинде. «Кешикти ғо бала» деп гәп етпеңиз, Турмыз бәримиз әжелдиң есинде.Қарамы козыдай ессиз жәниўар, Излеп те атқанды бала-шағасы. Ақ көбик жөргекке орар толқынлар, Венецияның өли тасбақасын.Гөззаллық ақтарып келгенмен бунда,
    1,690видео21114Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    1 июн., 04:53

    БЕСИКТЕГИ БАЛАНЫҢ СӨЗИАйтпа маған космосыңды жаўлаған, Мына бесигим ең бийик таў маған, Тас төбемде ҳәййиў айтқан телефон Эмбрионлық дәўиримнен жаў маған.Қозып кетсе қәпелимде арқаңыз, Қурып питер Арал түўе Арқа муз, Көп боялған балалардың қанына Шырайлы географиялық картаңыз.Түс минберден, тоқтат самсам ўазыңды, Шерт «Балашейит»те муңлы сазыңды, Сизлер Юнисефте йошып сөйлеңлер, Жаў Ғазада қурсын қанлы бәзимди.Қуяш Жерди, Жер оны айлана ма? Қатқан теорияңды қайталама! Маған биреў жер бетинде ҳешқашан,
    9,450191664Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    27 мая, 16:33

    Ассалаўма әлейкум! Қурбан ҳайыты қутлы болсын.Байрамда ең үлкен саўғаның ең үлкен ийеси — БАЛАЛАР! Қалаберди, жақында олар өзлериниң меншик байрамына да бизлерден саўға дәме етип отырған болар.Биз де усы келешегинен үмитимиз мол болған балаларымыз ушын қос байрамда кишигирим базарлық иследик. Буннан 13 жыл илгериде “Жеткиншек”те жәрияланған “Камаздың Тикоға айтқанлары” ертеклер дүркимин китап ҳалында қайта баспаға таярладық.Китапты ҳәзирше өзимнен @AllayarDarmen ге байланысып ала аласыз. Несип етсе, ертеңнен китап дүканларына тарқатамыз. Баҳасы 15 мың сум.@Allayar_Darmenov
    1,8401687Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    12 мая, 09:02

    переслано из @jetkinshek1932

    ✨Jas shayır Allayar Darmenov "Jetkinshek" gazetasınan qálemi ısılıp shıqqan talantlı dóretiwshilerdiń biri. Ol jaqında dóretiwshilik saparı menen Veneciyada sayaxatta boldı. "Jetkinshek" jáhánge jetelewine jáne bir márte gúwası bolǵanlıǵı haqqında óz pikirlerin bólisti. ✨Bárekella, Allayar! "Jetkinshek"ti jáhánge tanıtıwda hasla sharshamań! Sizge Alla yar bolsın!Kanalǵa aǵza bolıw ushın:https://t.me/jetkinshek1932
    1,560видео27854Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    9 мая, 14:54

    Венецияның Лидо атаўынан жалынлы сәлем!@Allayar_Darmenov
    1,850видео29221Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    8 мая, 07:12

    https://www.instagram.com/reel/DYETnDPKxt-/?igsh=MW9jdTdrZm9ub3Vyag==
  • Аллаяр Дарменов

    5 мая, 17:44

    Ассалаўма әлейкум, жақсылар!🇮🇹Биз Венециядамыз.Италияның Венеция қаласында болып өтетуғын халықаралық илажға қатнасыўға келдик.Өзимизге жақсы тәсир қалдырған мәўритлерди фото, видеоға мөрлеп, инстаграм бетимизге — күнлик историяға салып атырмыз. Бақлап барсаңыз болады.https://www.instagram.com/reel/DX9iP6uIhsi/?igsh=MXAzMWx4NGthZTF6ag==@Allayar_Darmenov
    1,850568621Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    27 апр., 11:19

    переслано из @allayar_bala

    🦊«Tulkishek”tiń jańa sanın kórdińiz be?🥋🥊“Qanday sport?”📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
    1,200видео139211Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    27 апр., 11:19

    переслано из @allayar_bala

    🦊“Túlkishek” jáne sizler menen birge!🧩“Chellendj”📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
    1,120видео1111Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    27 апр., 11:19

    переслано из @allayar_bala

    🦊«Túlkishek» telejurnalınıń jańa sanı:🤔«Nege onday?»📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
    1,020видео1141Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    20 апр., 06:38изменён

    «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Түлкишек» тележурналының жаңа санлары сүўретке алынбақта.«Түлкишек»тиң жақында шыққан «Неге ондай?» деп аталған бөлиминиң сценарий авторы болыў бизге несип етти.Инстаграм тармағымызға өтип, өз пикирлериңиз бенен бөлисерсиз.Бүгин бизиң авторлығымыздағы тағы бир «Челлендж» атлы жаңа саны да инстаграмға жайластырылады.👇👇👇 https://www.instagram.com/reel/DXD8bQACKao/?igsh=OTJrMWdmdWV1N3hy@Allayar_Darmenov
    1,86016621Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    20 апр., 06:17

    Қазақтың нар тулғасы, аңыз адам Мухтар Шаханов дүньядан өтти. (1942— 2026)🤲Барар жери бейиш болғай!@Allayar_Darmenov
    2,330видео2221Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    21 мар., 17:43

    #Байрам_саўғасыБүгинги республикалық көлемдеги Наўрыз байрамы салтанатында Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан көркем өнеримиз шеберлери бизиң қәлемимизге тийисли “Кел, мийманым” атлы қосықты атқарып шықты.Қарақалпақстан халық жыраўы Бақберген аға Сырымбетов, “Мәрт уғлан” сыйлығы ийеси Дәўранбек Ендирбаев, “Зулфия”шы Гүлшынар Қудайбергеноваларға бәлент-бәлент лапыз тилеймен!Сөз ҳәм Саз өнеримиз өрлей берсин!@Allayar_Darmenov
    1,800видео21831Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    19 мар., 10:25

    переслано из @aydinkeleshegim

    MEKTEP MÁSLÁHÁTShISI TAYÍNLANDÍDarmenov Allayar Abdilxaq ulı Kegeyli rayonlıq MShhMBB qaraslı 2-sanlı ulıwma bilim beriw mektebine Mektep másláhátshisi lawazımına tayınlandı.A. Darmenov usı kúnge deyin Ájiniyaz atındaǵı NMPI Oqıw-metodikalıq basqarması metodisti, instituttıń Qaraqalpaq ádebiyatı kafedrası oqıtıwshısı, Nókis qalalıq 44-sanlı mekteptiń dóretiwshilik mádeniy máseleler boyınsha úgit-násiyatshısı, I. Yusupov atındaǵı dóretiwshilik mektepte dógerek basshı sıyaqlı juwapkershilikli lawazımlarda jumıs atqarǵan.Ullı keleshek iyeleri: 🌈@Aydinkeleshegim
    1,61044135321Открыть в Telegram
  • Аллаяр Дарменов

    22 февр., 09:32

    переслано из @merwert_uz

    Илим-пән, тарийх, көркем өнер тараўындағы қарақалпақша ең ҳасыл информациялық телеграм каналлар (@Merwert_uz'дың көзқарасы бойынша)🔸ЭТНОГРАФИЯ@kketnografiya — Шаҳзода Алламуратова;🔸Қарақалпақ салт-дәстүрлери — Шаҳзода АлламуратоваМӘДЕНИЯТ, КӨРКЕМ ӨНЕР🔸ҚР Мәденият министрлиги🔸Қарақалпақ бақсы-жыраўлары ҳәм сазенделери (@baqsilar) —Рустем Жанназаров;🔸@kar_anonsӘДЕБИЯТ ҲӘМ ЖУРНАЛИСТИКА🔸Қарақалпақ байтереклери (@qaraqalpaq_bayterekleri)— Светлана Жәлменова;
    1,6901291Открыть в Telegram