Последние посты

Grant Center.uz
22 сент., 13:17
Аралбойы аймағында «Жасыл белбаў» жаратыў бойынша 1 млн долларлық жойбар Европа Аўқамының «Horizon Europe» грант бағдарламасына усынылдыҚарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Сыртқы бийғәрез көмек қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў орайы директоры К. Идирисов Өзбекстан Миллий университети ҳәм Варшава университети (Польша) илимпазлары қатнасыўындағы халықаралық онлайн семинарда қатнасты. Сөйлесиў даўамында Европа Аўқамының «Horizon Europe» грант бағдарламасы шеңберинде Аралбойы аймағында илимий бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.Семинарда Орай тәрепинен улыўма баҳасы 1 миллион АҚШ доллары болған «Жасыл белбаў» жаратыў жойбары концепциясы таныстырылды. Жойбарда 1,200 гектар майданда суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм жасалма спутник мониторингин енгизиў нәзерде тутылған болып, тәреплер перспективалы бағдарлар ҳәм гезектеги әмелий
Grant Center.uz
16 сент., 06:44
Ernst von Siemens Music Foundation Бул бағдарлама балалар ҳәм жасларды дөретиўшилик ҳәм инновациялық музыкаға тартатуғын жойбарларды қаржыландырады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Билимлендириў мәкемелери ➖ Музыка ҳәм мәденият мәкемелери ➖ Жәмийетлик мәкемелер ➖ Коммерциялық емес шөлкемлер🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Музыкалық билимлендириў ▪️ Музыка арқалы балалар ҳәм жасларды раўажландырыў ▪️ Заманагөй/ҳәзирги заман музыкасы ▪️ Музыканы өз ишине алған дөретиўшилик ҳәм қатнасыўшылық көркем өнер📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 1-октябрь 💵 Грант муғдары: 25,000 евро (~29,000 АҚШ доллары) 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://evs-musikstiftung.ch/en/special-funding-for-youth-projects/Каналға ағза болыў: @grant_center_uz2,660Открыть в Telegram
Grant Center.uz
11 сент., 05:08изменён
GLOBAL GREENGRANTS FUND киши грантлар бағдарламасы Бул бағдарлама анық экологиялық машқалаларды шешиўге ҳәм экологиялық әдалатлылықты қорғаўға қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлайды.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер (ННО) ➖ Мәҳәлледеги инициатив топарлар, белсенди пуқаралар ҳәм волонтерлар топары🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Климат өзгериўине бейимлесиў ▪️ Экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ▪️ Турақлы ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклерине өтиў ▪️ Биоҳәртүрлиликти сақлаў ▪️ Тәбийий ресурсларды сақлаў ҳәм олардан рационал пайдаланыў📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 2-октябрь 💵 Грант муғдары: 7,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://smallgrantca.org/Каналға ағза болыў: @grant_center_uz
Grant Center.uz
1 сент., 07:06
переслано из @joqargikenes
Әзиз Ўатанласлар!Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.Быйылғы ғəрезсизлик байрамы «Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек қурамыз!» деген терең мазмунлы идея астында өткерилиўи кѳп миллетли халқымызды — ана Ўатанымызды және де раўажландырыў жолында бирлестирип, бәршемизди ийгиликли ислерге руўхландырмақта.Быйылғы байрам илажларын халқымыз ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеде кутип алмақта.Әсиресе, байрам мүнәсибети менен қала ҳам районларда, сондай-ақ, барлық мәҳәллелерде «Ғәрезсизлик тойлары» фестиваллары кѳтериңки руўхта ѳткерилгени, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында бир қатар әмелий илажлардың алып барылғаны байрамға және де кѳтериңки руўх ҳәм халқымызға жоқары
Grant Center.uz
28 авг., 13:24
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Сыртқы бийғәрез көмек қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў орайы директоры Идирисов Камалатдин Абатбай улы “Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы” естелик белгиси менен сыйлықланды.Орайымыз директоры Идирисов Камалатдин Абатбай улын пүткил жәмәәтимиз атынан усы сыйлық пенен шын жүректен қутлықлап, келешектеги жумысларында үлкен табыслар тилеп қаламыз! _______Ҳурматли Президентимизнинг махсус фармони билан Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши ҳузуридаги Ташқи беғараз кўмак маблағларини (грантларни) жалб қилиш ва донорлар билан ишлаш маркази директори Идирисов Камалатдин Абатбай ўғли “Ўзбекистон Республикаси Мустақиллигининг 35 йиллиги” эсдалик нишони билан тақдирланди.Марказимиз директори Идирисов Камалатдин Абатбай ўғлини бутун жамоамиз
Grant Center.uz
24 авг., 11:31
TFD's International Grants Program International Grants бағдарламасы демократия ҳәм инсан ҳуқықларын раўажландырыўға хызмет ететуғын жойбарларды қоллап-қуўатлайды.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Мәмлекетлик емес шөлкемлер (ННО) ➖ Университетлер ҳәм басқа да академиялық мекемелер ➖ Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары тараўында ислейтуғын басқа да тийисли шөлкемлер🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Илимий-изертлеў жойбарлары ▪️ Конференциялар ▪️ Баспалар ▪️ Билимлендириў бағдарламалары ▪️ Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары басламаларыЕслетпе: Инсан ҳуқықларын раўажландырыўға бағдарланған жойбарларды қоллап-қуўатлайды.📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 15-декабрь 💵 Грант муғдары: 10,000-100,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://www.tfd.org.tw/en/grants/application
Grant Center.uz
24 авг., 11:22
Water Research Foundation Grant Programme 5430 Бул бағдарлама суў ҳәм ақаба суў коммунал хожалығында углеродты басқарыў бойынша изертлеўлерди қоллап-қуўатлайды, экологиялық ҳәм экономикалық пайда келтириўде углеродты азайтыў, тиклеў ҳәм қайта пайдаланыў жолларына итибар қаратады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Университетлер ҳәм академиялық мәкемелер ➖ Илимий-изертлеў шөлкемлери ➖ Суў тәмийнаты кәрханалары ➖ Мәмлекетлик уйымлар🎯 Қандай топламларды санластырыў мүмкин? (Мысаллар) ▪️ Ақаба суў системаларындағы углерод ағымларын анықлаў ▪️ Углеродты услап қалыў, қайта тиклеў, қайта пайдаланыў ҳәм сақлаў имканиятларын изертлеў ▪️ Углерод шығындыларын азайтыў жолларын табыў ▪️ Суў кәрханаларының ҳәр қыйлы түрлери ушын углеродты басқарыў усылларын баҳалаў📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 5-октябрь 💵 Грант муғдары: 300,000 АҚШ долларына шекем 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме:
Grant Center.uz
13 авг., 04:30
Development of a Guide on Establishing and Operationalizing Climate Information Systems Бул грант бағдарламасы климат мағлыўматлары системаларын жаратыў ҳәм басқарыў бойынша халықаралық әмелий қолланба ислеп шығыўды қаржыландырады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Мәмлекетлик мәкемелер ➖ Университетлер, академиялық ҳәм илимий-изертлеў институтлары ➖ Мәмлекетлик емес шөлкемлер (ННО)🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Климат мағлыўматлары системалары бойынша әмелий қолланба жазыў ▪️ Усы тараўдағы халықаралық табыслы тәжирийбелерди изертлеў ▪️ Қолланбаны үгит-нәсиятлаў ушын материаллар ҳәм презентациялар таярлаў📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 21-август 💵 Грант муғдары: 80,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://grantplus.unops.org/funding-opportunity/67Каналға ағза болыў: @grant_center_uz
Grant Center.uz
10 авг., 15:39
Арал теңизине коллектор-дренаж суўларын бағдарлаў жойбарын әмелге асырыў бойынша халықаралық онлайн-сөйлесиўлер болып өттиЖойбар шеңбериндеги сөйлесиўлердиң логикалық даўамы сыпатында, халықаралық ҳәм миллий шериклердиң қатнасыўында гезектеги әмелий онлайн ушырасыў өткерилди. Онда Жасыл климат фонды (GCF) ўәкиллери, БМШның Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) регионаллық координаторлары ҳәм департамент директорлары, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Сыртқы бийғәрез көмек қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў орайы директоры қатнасты. Сөйлесиўлер даўамында жойбар концепциясын әмелиятқа енгизиў ҳәм оны халықаралық стандартларға муўапықластырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәр тәреплеме
Grant Center.uz
10 авг., 15:19
переслано из @undpuzbekistan
📢 UNDP loyiha takliflari tanlovini e’lon qiladi: O‘zbekistondagi fuqarolik jamiyati tashkilotlari uchun Kichik grantlar dasturi🇪🇺 Yevropa Ittifoqi tomonidan moliyalashtirilayotgan hamda UNDP, UNFPA va UN Women tomonidan Markaziy Osiyo mamlakatlarida birgalikda amalga oshirilayotgan “Gender tengligini ta’minlash yo‘lida zararli qarashlar va me’yorlarga qarshi kurashish (CHANGE)” mintaqaviy loyihasi doirasidagi Kichik grantlar dasturiga arizalar qabuli boshlandi.💡 Dastur O‘zbekistonda ayollar uchun barqaror iqtisodiy imkoniyatlarni kengaytirishga qaratilgan fuqarolik jamiyati tashabbuslarini qo‘llab-quvvatlaydi. Bunda ko‘nikmalarni rivojlantirish, mehnat huquqlari va munosib mehnat bo‘yicha xabardorlikni oshirish, shuningdek, bandlik va tadbirkorlikni qo‘llab-quvvatlashga alohida e’tibor qaratiladi.🤝Tanlov shartlariga javob beruvchi nodavlat notijorat tashkilotlari (NNT) loyiha
Grant Center.uz
7 авг., 05:29
AGILE: Community Journalism Projects Жәмийетлик журналистика жойбарлары гранты жәмийетке тийкарланған журналистиканы жарататуғын шөлкемлерге қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм техникалық менторлық усынады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Нызамлы түрде дизимнен өткен шөлкем болыўы керек ➖ Жойбарды шөлкеминиң өзи басқара алыўы керек ➖ Грант шәртнамасына қол қойыўдан алдын жәмийетлик журналистика бойынша AGILE тренингинен өткен кеминде бир команда ағзасына ийе болыўы керек🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Жергиликли жаңалықлар ▪️ Мобил журналистика ▪️ Подкастлар ▪️ Жергиликли жәмийетшиликке тийисли социаллық, экологиялық, мәдений ямаса инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша есабат бериў ▪️ Контент шығарыў ҳәм жергиликли аудиторияны тартыў📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 30-сентябрь 💵 Грант муғдары: 15,000 евро (~17,000 АҚШ доллары) 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме:2,590Открыть в Telegram
Grant Center.uz
6 авг., 05:48
Clinical Cancer Research "Rising Tide Foundation for Clinical Cancer Research” (RTFCCR) фонды рак кеселлигин емлеў ҳәм наўқаслардың турмыс сапасын жақсылаўға қаратылған инновациялық, наўқасқа бағдарланған клиникалық рак кеселлигин изертлеўди қаржыландырады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Академиялық шөлкемлер (мысалы, университетлер, медицина мектеплери, илимий-изертлеў институтлары) ➖ Клиникалық онкологиялық изертлеўлер менен шуғылланатуғын коммерциялық емес шөлкемлер🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Рак кеселликлерин анықлаў, диагноз қойыў, емлеў ҳәм дәлиллерге тийкарланған жәрдемди әмелге асырыў бойынша изертлеўлер ▪️ Клиникалық нәтийжелерди, наўқаслардың турмыс сапасын жақсылаў ушын анық имканиятларға ийе болған изертлеўлер📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 23-ноябрь 💵 Грант муғдары: көрсетилмеген 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме:2,290Открыть в Telegram
Grant Center.uz
4 авг., 06:10
Small Grants for Civil Society Organizations Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Ҳаял-қызлар шөлкеми (UN Women) Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен гендерлик теңлик, ҳаял-қызлардың зорлығына қарсы гүресиў ҳәм бул бойынша нызамшылықты раўажландырыў тараўында жумыс алып барып атырған жергиликли пуқаралық жәмийети шөлкемлери ушын киши грантлар таңлаўы жәрияланды👥 Кимлер арза тапсыра алады Өзбекстанда кеминде 3 жыл даўамында рәсмий дизимнен өтип жумыс алып барып атырған пухаралық жәмийети шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ➖ Институционаллық потенциалды арттырыў: Шөлкемлердеги системаларды бекемлеў, хызметкерлер ҳәм волонтёрларды оқытыў, менторлық ҳәм шөлкемниң турақлылығын арттырыў ➖ Тәжирийбе алмасыў ҳәм билимлерди бөлисиў: Өз-ара үйрениў, шериклик, нәтийжели тәжирийбелерди таркатыў ҳәм билимлендириў материалларын
Grant Center.uz
27 июл., 06:35изменён
F5 Tech for Good Grant 2026 Бул грант турақлы аўыл хожалығы, таза энергия ҳәмэкологиялық билимлендириў сыяқлы шешимлер арқалы климат өзгерисине қарсы гүресиўде жәрдемлесиў ушын технологиядан пайдаланатуғын коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлайды.👥 Кимлер арза тапсыра алады Төмендеги шөлкемлер: ➖ Нызамлы түрде дизимнен өткен коммерциялық емес шөлкемлер ➖ Кеминде 3 жыл ислеген ➖ Ислеп турган веб-сайты бар🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Турақлы аўыл хожалығы ▪️ Экологиялық билимлендириў ▪️ Климатқа бейимлесиў ▪️ Биоҳәртүрлиликти қорғаў ▪️ Таза энергиядан пайдаланыў ▪️ Апатшылықларды ерте ескертиў системалары📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 3-август 💵 Грант муғдары: 50,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://www.f5.com/company/global-good/2026-f5-tech-for-good-grant-guidelines-and-application
Grant Center.uz
24 июл., 04:34
#BizningPrezidentТуўылған күниңиз мүбәрек болсын ҳүрметли Президент!—Tavallud ayyomingiz muborak bo’lsin, Hurmatli Prezident!Каналға ағза болыў: @grant_center_uz
Grant Center.uz
23 июл., 14:09
🚀 ЖАСАЛМА ИНТЕЛЛЕКТКЕ ТИЙКАРЛАНҒАН ГРАНТ ПЛАТФОРМАСЫ ИСКЕ ТҮСТИ!Халықаралық ҳәм жергиликли грантларды излеў ҳәм табыслы жойбар арзаларын таярлаў енди бираз аңсатласты. GRANTLINE AI — барлық грант имканиятларын бир жерге жәмлеген заманагөй платформа.💡 Платформа арқалы нелерге ийе боласыз? 🔹 Тез излеў: Халықаралық ҳәм жергиликли қаржы дереклериниң базасы; 🔹 Анық сәйкеслик: Шөлкемиңиз ямаса жойбарыңыз бағдарына сәйкес грантларды саралаў; 🔹 Толық мағлыўмат: Грант талаплары, шәртлери ҳәм тапсырыў мүддетлери; 🔹 Кәсиплик көмек: Жойбарларды таярлаў бойынша жасалма интеллект ҳәм эксперт мәсләҳәтлери.🎯 Платформа кимлер ушын арналған? 🏛 Шөлкемлер ҳәм мәкемелер: Мәмлекетлик уйымлар, мектеплер, бақшалар, медицина мәкемелери ҳәм МПЖ/АПЖлар. 🏫 Мәмлекетлик емес ҳәм билимлендириў секторы: МКШ, ЖОО ҳәм де профессионал билимлендириў мәкемелери. 👨🎓 Студентлер ҳәм жаслар: Халықаралық
Grant Center.uz
23 июл., 14:09
🚀 SUN’IY INTELLEKTGA ASOSLANGAN GRANT PLATFORMASI ISHGA TUSHDI!Xalqaro va mahalliy grantlarni izlash hamda muvaffaqiyatli loyiha arizalarini tayyorlash endi ancha osonlashdi. GRANTLINE AI — barcha grant imkoniyatlarini bir joyga jamlagan zamonaviy platforma.💡 Platforma orqali nimalarga ega bo‘lasiz? 🔹 Tezkor izlash: Xalqaro va mahalliy moliya manbalari bazasi; 🔹 Aniq moslik: Tashkilotingiz yoki loyihangiz yo‘nalishiga mos grantlarni saralash; 🔹 To‘liq ma’lumot: Grant talablari, shartlari va topshirish muddatlari; 🔹 Professional ko‘mak: Loyihalarni tayyorlash bo‘yicha AI va ekspert maslahatlari.🎯 Platforma kimlar uchun mo‘ljallangan? 🏛Tashkilot va muassasalar: Davlat idoralari, maktablar, bog‘chalar (DMTT), tibbiyot maskanlari va MFY/OFYlar. 🏫 Nodavlat va ta’lim sektori: NNTlar, OTM hamda professional ta’lim muassasalari. 👨🎓 Talabalar va yoshlar: Xalqaro stipendiyalar,
Grant Center.uz
20 июл., 11:21
TEFAF Museum Restoration Fund TEFAF Музейлерди Қайта Тиклеў Фонды пүткил дүньядағы мәмлекетлик музейлерде сақланып атырған әҳмийетли көркем-өнер дөретпелерин консервациялаў, қайта тиклеў ҳәм олар менен байланыслы илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлайды.👥 Кимлер арза тапсыра алады ➖ Мәмлекетлик музейлер🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) ▪️ Сүўретлер, мүсинлер, қолжазбалар, тоқымашылық өнимлери, керамика ямаса басқа да көркем өнер дөретпелерин қайта тиклеў ▪️ Көркем-өнер дөретпелериниң бузылыўының ямаса зыянланыўының алдын алыўға қаратылған сақлаў ис-илажлары ▪️ Көркем-өнер дөретпесин қайта тиклеўге байланыслы илимий анализ ҳәм изертлеўлер📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 1-октябрь 💵 Грант муғдары: 50,000 евро (~55,000 АҚШ доллары) 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://www.tefaf.com/foundation/museum-restoration-fundКаналға ағза болыў: @grant_center_uz
Grant Center.uz
20 июл., 07:19
KADEM International Entrepreneurship Bootcamp Ҳаял-қызлар ушын мөлшерленген халықаралық исбилерменлик бағдарламасы болып, қатнасыўшыларға бизнес идеяларын раўажландырыў, халықаралық менторлардан билим алыў ҳәм инвесторлар менен ушырасыў имканиятын береди.👥 Кимлер арза тапсыра алады ▪️ 18-30 жастағы инглиз тилин билетуғын ҳаял-қызлар ▪️ Бизнес идеясына ийе ямаса исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қәлеўшилер🎯 Имканиятлар ➖ Халықаралық менторлардан билим ҳәм әмелий усыныслар алыў ➖ Инвесторлар ҳәм тараў қәнигелери менен ушырасыў ➖ Дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген қатнасыўшылар менен нетворкинг ➖ 10,000 АҚШ долларына шекемги сыйлық қоры ушын гүресиў ➖ Менторлық ҳәм әмелий тренинглерде қатнасыў ➖ Жойбар ушын инвестиция тартыў имканияты📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 30-август 💵 Грант муғдары: 10,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме:
Grant Center.uz
15 июл., 11:44
Horowitz Foundation for Social Policy Grant Бул бағдарлама жергиликли ямаса глобал социаллық мәселелери бойынша инновациялық изертлеўлерди қоллап-қуўатлайды. Жойбарлар әҳмийетлилиги, өзине тәнлиги, орынланыў мүмкиншилиги, методологиясы ҳәм тәсири бойынша баҳаланады.👥 Кимлер арза тапсыра алады ▪️ Изертлеўшилер ▪️ Магистрантлар🎯 Қандай жойбарлар қоллап-қуўатланады? (Мысаллар) Грант арқалы социаллық сиясат мәселелерин жергиликли ямаса глобаллық дәрежеде шешетуғын илимий жойбарлар қоллап-қуўатланады. ➖ Билимлендириў ➖ Кәмбағаллықты қысқартыў ➖ Гендер теңлиги ➖ Миграция ➖ Халықтың денсаўлығы ➖ Жәмәәтти раўажландырыў📅 Арза тапсырыўдың соңғы мүддети: 2026-жыл 1-декабрь 💵 Грант муғдары: 10,000 АҚШ доллары 🔗 Толық мағлыўмат ушын силтеме: https://www.horowitz-foundation.org/apply
