Последние посты

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 13:29
#КҮН СОРАУЫ# Жууабы::Күн сорауы бойынша бирнешше дурыс жууаплар бар:бириншилерден болып дурыс жууап жоллаған:Гүлсәнем Турдыбаева.Муса БекимбетовқаХәм бәрше жеңимпазларға, дурыс жууап ийелерине, арнамыз ағзаларына Администациямыз атынанМ ИННЕТДАРШЫЛЫҚБилдиремиз! 👏👏👏👏... СҮУРЕТТЕГИ"ТАУЫҚ БИРИНШИ ПАЙДА БОЛҒАНБА? МӘЙЕК БИРИНШИ ПАЙДА БОЛҒАНБА? АТЛЫ КОНФЕРЕНЦИЯ ЕДИ..."Таўық биринши пайда болғанба яки майек" деген сораўға жуўап 👇👇👇— Уллы Британиялық алымлар "Таўық алдын пайда болғанба яки майек" деген әзелий тартысыўға шек қойды. Олар буның ушын үлкен көлемдеги изертлеў өткерди.— Излениўлерге қарағанда, майек қабыршағын пайда етиўде үлкен рөл ойнайтуғын протеинлерден бири ОС-17 таўық организиминен сыртта ислеп шығарыў мүмкин емеслиги анықланды📌 Сол себептен, Британиялық алымлар заманагөй пәндеги ең тартыслы сораўлардан бирине жуўап тапты: таўық майектен алдын пайда болған!https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 12:20
ЕРЖИГИТ БОЛЫП, БАСЫМДЫ ИЙДИМБЕ?... Қарақалпақстанлы қазақларға Қазақстанда жасау ушын квота ажыратылып баслаған жылларда шаңарағымыз бенен бизлерде көшип бардық. Шаңарақта 4 ул еки қыз едик. Мен усы Каракалпакстаннан бизден кейин көшип барған шаңарақтан Сандуғаш деген кызға үйлендим. Даңғырлатып той бердик. Уш-төрт жыл өтип изли-изинен балалы болдық. Меннен кейинги инимде уйленди. Жумысым, табыс-тутысым жақсы, келиншегимде жеке фирмада есапшы болып ислейди. Әкемнин ырзалығы, пәтиясы менен бөлек жайға шықтық. Оннан соңғы иниМде уйленип, қыз қарындасларымда узатыла баслаған уақытларда келиншегимниң шаңарағы ауыр жоғалтыуға ушырады. Әкеси жалғыз улы (келиншегимниң иниси) менен тележкалы автомашинада мал алып киятырғанда жол апатынан екеуиде қайтыс болып қалды. Ауыр жоғалтыу әсиресе келиншегимниң анасы қайиненемди дым шөктирип таслады. Себеби көп тууысқанлары Қарақалпақстанда, жалғыз улын болса қара жерге берип отырғаны,жалғызлық азабы иш-етин өртеп кеселликте арттырып алды. Сандуғаш еки үйдиң ортасын соқпақ қылып жүрген күнлериниң биринде мен:-Сандуғаш үлкен улымыз Нурланды анаңның қасына берейик, ес болады, қол-қанаты болады, еси енсе, ақ-қараны билсе өкпелемес! - дегенимде келиншегим қууанып кетти. Сөйтип анасының уйине жайғастырып келди. Улымыз 9-клааска атлаған жылы қәйин енем уйге келди. -«Балаң бурынғыдай емес, ержетип киятыр, енди мени тыңламайтуғын болды. Көшеге қумар. Ертеңги күни бир нәрсе болып қалса мен жуўап бере алмас екенмен, өзлериң тәрбиялайғойыңлар» деп баламды өзлеримизге қайтарып берди. Сөйтип қайын енем бир жылдай жалғыз турды. Ондай гезде ҳаялыма қатты уўайым түседи, күнине бирнеше мәрте телефон етип, видеоқоңыраў менен тез-тез сөйлесип, хабар алып турады. Ол киси де қартайды ма, қантлы диабет пенен аўырып, гейде қан басымы көтерилип кете береди. Бир күни ҳаялым жылады. «Мамамның қартайғанда жалғыз қалатуғындай не жазығы бар еди. Қудай инимди алғанша мени алмады ма, шаңараққа ийе болып отыратуғын еди ғой» деп ишиндеги шерин тарқатқанда сай-сүйегим сырқырап кетти. Түсинемен, оған да аңсат емес, мына жақта өзиниң шаңарағы, ана жақта жалғыз анасы, бәри өзине уўайым. Содан мен Сандуғашқа «Мамаң бизиң үйге көшип келсинде, жер үйдемиз, бөлме бәримизге жетеди. Оның үстине ары-бери кетсек балаларға көз-қулақ болып отырады» дедим. Шынында да қайын енемниң ҳешкимге зыяны жоқ, жүдә зыялы адам. Мен дегенде жанын бериўге тайын. Хаялы қатты қууанды. -Соны саған қалай айтарымды билмей жүр едим, рахмет! - деп бетимнен сүйипте алды. Ертеңине екеумиз қайыненеме барып, ойымызды айттық. «Бизиң балалардан шаршап кетсеңиз өз үйиңизге келип турасыз, еркиңиз өзиңизде, бирақ бизиң үйде болғаныңызды қәлеймен» дедим. «Қалай болар екен, ел-журт сөз етпей ме?» деп бираз қыйпақлап, ақырында көнди. Бир ҳәптеден соң кийим-кеншеги менен көширип әкелдик. Бир жыл болды қайын енем бизиң үйде турып атыр. Шынымды айтайын, үйге берекет киргендей болды. Сандуғаш екеўмиз күни бойы жумыстамыз. Келсек тамақ тайын, балалардың да тамағы тоқ. Өзиме бул шешимим унады. Бирақ... өзимниң туған анам мийимди жеп атыр. -Сен бала неге бизлер менен ақылласпайсаң?! Енди биз сениң үйиңе барып, аўнап-қуўнап арқайын қалай жатамыз? Қудағай да қызық екен, журттан уялмай қалай көшип келди?! Бир иләжын етип үйине қайтар, сол келгели сениң үйиңе барыўды азайттық, бурынғыдай ҳәптелеп арқайын жата алмай қалдым» деп айта береди. «Онда турған не бар, келе берсеңизши, қайта сөйлесип, шер тарқатасызларғо» десем, түсинбейди. «Нурбектиң қайын енеси күшик ене болды, қолына көшип келипти» деп төркин бетинде өсек етип отырған екен бир шақырықта. Мен:-мына сөзиңизди Сандуғаш пенен қудағайыңыз еситпесин, енди ол туўралы айтпаңыз. Ол өзи келген жоқ, мен әкелдим. Ол да мениң екинши анам, жалғыз қалғанына жазықлы ма?!» деп сөйледим. Содан бери өз анам қырын қаратып жүр, «бул қайынжуртшыл, буны қудағай ушын туўғанбыз» деп тағы сөйлейди. Қалай айтсам да анама түсиндире алмай-ақ қойдым. Мениң ислегеним дурыс емес пе, неге өз анам жағдайды түсингиси келмейди?ҚАНДАЙ ЖОЛ ТУТСАМ ЕКЕН?Нурбек. Актау
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 10:44
Жоқтаў. Сарбаздарым-ай! Алла сендерді рахымна алсын. Қара жамылған әулеттерге қайғырып көңіл айтамын. Бір қазақтың қазасы, бар қазақтың азасы.Дерек: Инстаграм сайтынанҚазақ баўырласларымызға Қазақстанда, Ақтаў қаласында, әскерий шынығыўда қаза тапқан әскерлердиң шаңарағына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз...😢Каналға ағза болыў: ➡️ @hoja_uzhttps://t.me/ibratli_sozler
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 09:32
... ӨМИР ӨЗИ СОНДАЙ: -ХӘММЕСИ ТАМАМ БОЛДЫ ДЕГЕН УАҚЫТТА, ЖӘНЕ ҚАЙТАДАН БАСЛАУ КЕРЕК!!!✍️ Арчибалд Кронин.https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 08:04изменён
....ЖОЛДА ЖОЛДАС БОЛҒАНЛАРЫМ...Меннен үлкен əжапамның қызы жақында ғана шаңарағы менен Мойнаққа көшип кетти. Себеби , күйеуи Мəмлекетлик хызметте ислейди, жумысы тез-тез өзгерип турады. Əжапам сол қызынан көрген үшинши ақлығының бирге шыққаны менен қутлықлап хəм бəне менен үй-жайын көрип қайтайық-деген соң дем алыс күни болғанлықтан екеўимиз жолға атландық. Базарладық. Автовокзалға келип билет алып, алыс жол Мойнақ қайдасаң деп автобус пенен жүрип кеттик. Əжапам менен аннан-мыннан сөйлесип баратырмыз.. Уйдеги-дүздеги жаңалықлар, қулласы апа-сиңли басы қосылса, аузылары "гөжедей қайнайды" дегендей биримиз алып, биримиз сөйлеп баратырмыз. Недəуир жүрген соң адамлар ортаға тола баслады. Əўеле мен көрмедим бе я итибар бермегенменбе бизлер отырған орынлықтың арқарағында сақаллы бир жасы уллы киси түргелип тур екен. Көзим түсиўден дəрриў: -өйппей маңлайым, көрмей қалыппан!аға отырың-деп орнымды бердим. Ол кисиниң дəрриў жүзи жарып отырыўға ыңғайласып атырып:- екеуиң апа-сиңлилерсизбе?-деп сорады. Əжапам -ауа, түримиз усайма?-деди. Ол киси болса"-əй билип едимау, түриңиз усағаны усайды ,сөзиңиз таусылмай "балығыңыз суўға кирип" атырғанынан сездим"-дейди жымыйып;-сөйлесе қойсын пақырлар,бул дүньяда сөйлесип алың, ол дүньяда дийдарыңыз ғəниймет екенғо! -деп араласпадым!-дейди. Соның менен мен ортада түргелип турман. Əжапам ана жасы уллы менен сөйлесип, руў сорасып,жүдə бир майданда дайылы-жийенли болып, дəлкеклесип баратыр.. Алыс жол. Айнадан қарап баратырман. Өмир қызғын...Кими асығып бир жаққа баратыр, кими қыстың ғамы деп арба менен отын əкетип баратыр...... Енди автобус ишине көз жуўыртаман.. жап -жас жигитлер, жап- жас қызлар қулақларына наушник тағып, əтирапына нəзерде аудармайды, жасы үлкен адам барма? -депте қарамайды... Оларға өкпелемедим. Айыпты өзимизден қыдыраман.. "Еркин сөйлең,пикир айтың,хуқықыңды талап етип үйрен"-деп уқтырып,миллийлигимиздеги " Жасы үлкен турған жерде отырма, жасы үлкен сөйлеп атырғанда , тыңлап бил, сен сөйлеме, алдынан кесип өтпе"-дегенди уқтырмай заманагөй қылып жибергенбиз, деп қояман.. Қапталымда (студент болыўы керек) еки жап-жас келиншектиң (келиншек деймен-ау шашлары кыйық, жайылып тур, биринде жасалма кирпик) сөйлескенлери мени өзине тартты. Бири айтып атыр. -Негизи мына хəпте қайтпаўым керек еди. Кеше енечка звонить етти. Қызы киятырғанмыш, базардан жыллы -жумсақ бирдеңе алып қайтағо шырағым-деп қояды ау-бир тыйын пулым жоқ !дедим. Бар болсада..аузын шүртийтип қояды.. Қасындағысы мақуллайды.. -Дурыс қыласаң. "Бийкеш-тикеш" деген ,келсе келеди дə!демедиңбе? Хəзирден жылаўын қатты усла! Бəрибир бийкештиң дослығы болмайды, жалпылдап басыңа миндирип алма!-деп "үгитлеп" атыр. Бир түрли болып кеттим. Хəзир жаслар не болып баратыр?-,деп олардан кеуилим қалды. Биир ақыл айтып көрсембе?деп едим, жəне араласқым келмеди. Сөйтип көзимди басқа тəрепке алдым. Хəрқыйлы инсанлар,хəр қыйлы тəғдирлер, кими ой түбине шуңғыған, кими сыртқа көз тигип,тəбиятты тамашалап баратыр., кими екеу-ара: "сен тур,мен айтайынға" жарыспаққа ,даўыслары жер жарып сөйлесип баратыр. Бəндиргиде тоқтаған автобусқа жəне үш-төрт жолаўшы минди. Бирин -бири жетелеп минген еки кемпирди гүзетемен..Бири басын ораған, бетиндеги əжими тарийхтан сөйлеп турғандай, бири қоллары мийнеттен қабарған, ағарған шашы шалғышының шетинен көринип тур ,бирақ жасына сай, өзине жарасқан.. Сол пайыт орта жас жигит кемпирлердиң бирине орын берди. Бир кемпир бир кемпирге мирəт салысып атыр.. -ақ қызау сен отырағойса бийкешсеңғо!дейди, ал ана кемпир болса -беў кише дейменаў, жасың үлкейдиғо,сен отырса, не тап бир əжағама айтады деп турсаңба?-деп қояды.. сондада жеңгеси қоярда қоймай; -сен турған жерде мен отырып қудай урыппа, түўуе!деп бултыйып қояды. Бул көринисти көрип: -Қудайға шүкирəй! жарықлық бар екенғой өзлигимиз, бар екенғой "бир кемпир, бир кемпирди бийкеш дейди" дегенлери..деп кеўилим әдеуир көтерилип, бойымды жыллы сезим ийелеп, жеңил гүрсинемен..✍✍✍✍✍ ЗУЛФИЯ ЖУМАНОВАhttps://t.me/ibratli_sozler
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 06:48
ҚЫЗ ГЕЗИНДЕ БӘРИ ЖАҚСЫ..."Қыз гезинде бәри жақсы,- қайдан шығар жаман ҳаял"? Гүл емеспе, еди ҳаслы? Жупар хош ийисин жаяр.Жарқын болсын десең жүзим, Ер атаўлы, тыңлаң сөзим, Еталмайман ҳасла ҳәзим, Ҳаялдың ҳеш жаманы жоқ.Жолды тапсаң жүрегине, Мойның салып билегине, Ықрар болсаң тилегине, Жан бериўге таяр ҳаял.Еркелетип... аймаласаң, Шашларынан сыйпаласаң, Жөнсиз тергеп қыйнамасаң, Меҳри булақ дәрья ҳаял.Нәзик кеўлин қалдырмасаң, Наҳақ отта жандырмасаң, Уўайымға - салдырмасаң, Күндей шуғла шашар ҳаял.Жүндей қылып қәлбин титип,- Жүрме кетсең: меҳир күтип, Күши тек, көзине жетип, Ишинен қан жылар ҳаял.Қыя бақса шырпыған шоқ, Көз қарасы атылған оқ, Болса сеннен кеўили тоқ, Не азапқа шыдар ҳаял.Ақшолпан Аманияз 12.12.2020 жыл(Архивтен)https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 05:02
#КҮН СОРАУЫ#СҮУРЕТТЕ АНГЛИЯДА ӨТКЕРИЛГЕН ӘЖАЙЫП ТЕМАДАҒЫ КОНФЕРЕНЦИЯНЫҢ ШАҚЫРЫҒЫ СӘУЛЕЛЕНГЕН....ДЫҚҚАТ СОРАУ:СҮУРЕТКЕ ДЫҚҚАТ ПЕНЕН ҚАРАП КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАНДАЙ ТЕМАДА ӨТКЕРИЛГЕНИН ТАБЫҢ.!!Жууапларыңызды саат 18ге шекем талқылауда күтемиз!!👉https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
25 сент., 03:54
#тәрбияПерзентиңиз сиз ямаса басқалар ҳаққында еситкен гәплерин сизге келип айтыўына жол бермең. Бул ис баланы тыңшылық ҳәм гәп тасыўға, сырларды жайыў ҳәм ўәдеге опа қылмаўға үйретип қояды. Сиз ҳәм ағайин-туўысқанларыңыз арасында болған келиспеўшиликлерди де перзентиңизге айтпаң. Қойың, олар пәк кеули ҳәм таза нийетлер менен ер жете берсин. Перзентлериңиздиң гөдеклигинен ләззет алың. Бул күнлер де тезде өтеди. Олар менен бирге ойнаң, бирге күлиң, ҳәзиллесиң, олардың арасында сиз де бир гөдектей болың! Сонда перзентлер сизге талпынады! Оларды даладан мийрим излемеуге имкан жаратқан боласыз!!! Сонда перзентлеримизде "өсекши" ийи бослық болмайды....https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 17:03
Қайырлы түн, қәдирданлар!Ертеңги күн жақсы жаңалықларға толы болсын!✨Ҳәр бир қараңғы түннен кейин нурлы таң атады. Терең дем алың, үмитиңизди жоғалтпаң ҳәм жақсы нийетлер менен уйқыға кетиң. 💤✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨Түниңиз тыныш, түслериңиз нурлы болсын!👉https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 16:09
#Архив_дереклеринен📜Адамларға шынлықты айтып үйрениў ушын алды менен шынлықты өз-өзиңе айтып үйрениўиң керек.Лев Толстойhttps://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:51

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:46

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:37

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:37
https://t.me/ibratli_sozler
1,650Открыть в Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:35

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:29

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:29
https://t.me/ibratli_sozler


ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:25

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 15:25
https://t.me/ibratli_sozler
1,640Открыть в Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
22 сент., 13:58
✓ Тап өзимиз периште сыяқлы, өзгелердиң қәте-кемшилигин излестиремиз.√ Умытпаң!✓ Алла бизди сораў-жуўап етсе көпшилигимиз набыт боламыз. Солай екен, бәршесин Аллаға тапсырып қоябериң. Алла өзине қарсы нәрселерди жуўапсыз қалдырмайды.https://t.me/ibratli_sozler

