gram news
Аватар канала Каракалпак 24

Каракалпак 24

@karakalpak24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama 📱Instagram: https://www.instagram.com/karakalpak24_

ПроектыKKНовости

107,000подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • Каракалпак 24

    27 сент., 05:39

    ❗️"Жынаятшы нызам шеңбериндеги ең аўыр жазаға тартылады" — Саида МирзиёеваПрезидент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёева Наманганда 5 жасар қыз зорланғаны бойынша мүнәсибет билдирди."Бундай аяўсыз жынаятлар ушын өлим жазасын қолланыў керек. Әмелдеги нызамшылықта жоқарыдағы жаза нәзерде тутылмаған, соның ушын жуўапкершиликти максимал дәрежеде күшейтиў ушын нызам ҳүжжетлерине өзгерис киргизиў бойынша усыныс таярлап атырмыз," - деди Саида Мирзиёева.Тийисли уйымларға барлық зәрүр көрсетпелер берилген. Жынаятшы нызам шеңбериндеги ең аўыр жазаға тартылады. Сондай-ақ, бийпәрўалығы менен бул сумлыққа жол ашқан, нәрестени асырай алмаған барлық жуўапкерлер де жазаланатуғыны атап өтилди.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 18:28

    ❓Bilesiz be? Qaraqalpaqstanda táwir bir qosıq kanal joq bar bolsa da pálenshe uz tólenshe uz gilleń reklama, men sizlerge qosıqlar original formatta salıp barılatuģın kanaldı usınıs etemen. @karmp3Bul kanalda en sońģı xit bolıp atırģan hám eski (retro) qosıqlardı tapsańız boladı.👉 Kanalģa qosılıw
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 16:28изменён

    ❗️Қазақстандағы әскерий шынығыўларда Қарақалпақстанда туўылған әскерий хызметкер қайтыс болдыҚазақстанның Маңғыстаў ўәлаятында Каспий теңизиндеги әскерий шынығыўлар ўақтында қайтыс болған 14 әскерий хызметкер арасында Қарақалпақстанда туўылған әскер де бар.Қазақстан Қорғаныў министрлигиниң мағлыўматына бола, қайтыс болған әскерий хызметкерлерден бири Алмас Юсуф улы Кобенов 2006-жыл 23-январьда Қарақалпақстан Республикасында туўылған. Ол Маңғыстаў ўәлаяты Мунайлы районындағы Баянды-3 аўылында жасаған.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 15:00

    ❗️Наманганда бақшада 5 жаслы қыз зорланды Қыздың анасы менен сәўбет: Бақша басшысы да педофил еркек пенен тил бириктирген, камерадағы сол күнги видеоларды өширип таслаған, ҳәттеки зорланған қызды жуўындырып қойыўды айтқан. Педофил еркектиң ҳаялы қыздың
  • Каракалпак 24

    26 сент., 14:50

    ❗️Наманганда бақшада 5 жаслы қыз зорландыҚыздың анасы менен сәўбет: Бақша басшысы да педофил еркек пенен тил бириктирген, камерадағы сол күнги видеоларды өширип таслаған, ҳәттеки зорланған қызды жуўындырып қойыўды айтқан.Педофил еркектиң ҳаялы қыздың анасына арзаны қайтарып алыўы ушын пара усынған.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 14:27

    🥶 Қырғызстанда бүгин қар жаўдыҚырғызстанның таўлы аймақларда бүгин қар жаўа баслады. Суўық ҳаўа райы Өзбекстан аймағына да сезиледи.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 13:10

    Министрлер Кабинетинде жаңа тайынлаўҚаҳрамон Қўчқорович Қуронбоев — Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Социаллық тараў бойынша бөлим баслығы етип тайынланды.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    26 сент., 12:44

    🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 360 000 сўм;🔹базалық есаплаў муғдары – 440 000 сўм;🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 504 000 сўм;🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 983 000 сўм;🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 083 000 сўм;🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 083 000 сўм;🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (983 000 сўм)нан 1 083 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 083 000 сўм.🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 878 000 сўм;🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 878 000 сўм.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 16:15

    ❗️Өзбекстанда жумыс орнындағы басым көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы жаңа система енгизилдиПрезидент Шавкат Мирзиёев мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қарарға қол қойды.Қарар менен жумыс орнында басым өткериў, жынысый ҳәм физикалық зорлық, руўхый басым ҳәм кемситиў жағдайларының алдын алыў, бундай жағдайлар бойынша мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм қалыс көрип шығыўдың жаңа системасы енгизиледи.Мүрәжат еткен шахслардың жеке мағлыўматлары ҳәм мүрәжат мазмунының сыр тутылыўы кепилленеди.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 16:00

    ❗️Миллий сертификат орынлары енди шекленген – жаңа шеклеўлер жәрияланды2026-жыл сентябрь-декабрь айлары ушын 496 303 орын ажыратылды: сентябрьде 125 753, октябрьде 129 535, ноябрьде 112 335 ҳәм декабрьде 128 680.Сондай-ақ, енди имтиханлар көбирек болады, 2025-жылдың усы дәўиринде 11 орнына 15. Агентлик инфраструктураға жүкти азайтыў ҳәм нәтийжелерди өз ўақтында жәриялаўды тәмийинлеў ушын шеклеўлер зәрүр екенлигин атап өтти.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 15:55

    BYD компаниясы суў бетинде ҳәрекетленетуғын автомобилин усынды«BYD Yangwang U8» автомобили суў тасқыны күшейип, суў жүдә бәлент көтерилгенде, автомобил айрықша жағдайда суўда қалыў режимине өтиўи мүмкин.Бул жағдайда автомобилдиң илдиргиши жоқарыға көтериледи, айналар жабылады, вентиляция системасы ишки ҳаўа айланыў режимине өтеди, люк болса ашылады. Егер жағдай жүдә қәўипли түс алса, люк арқалы автомобилден шығыў мүмкин.Төрт электромотор да автомобилге суў бетинде шама менен 3 км/саат тезликте ҳәрекетлениўге жәрдем береди ҳәм белгили дәрежеде оның жөнелисин басқарады.BYD мағлыўматларына бола, автомобил суў бетинде 30 минутқа шекем қалыўы мүмкин.Бул өзгешелик айрықша жағдайлар ушын мөлшерленген. Яғный суў соншелли терең болып әпиўайы автомобилде оннан өтиўдиң мүмкиншилиги болмаған жағдайлар ушын.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 14:22

    Bu kuz siz kimsiz? 🍂Uzum Market kuzgi tipajingizni aniqlash va o‘zingizga mos trendli tovarlar to‘plamini yig‘ish mumkin bo‘lgan botni ishga tushirdi. Botda 8 ta raund bor: har safar ikkita tovardan birini tanlaysiz.Yana 29-sentabrda ishtirokchilar orasida xaridlar uchun 100 000 so‘mlik 50 ta promokod o‘ynaladi.➡️Xo‘sh, birinchi raundni boshlaymizmi?⬅️
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 13:45

    🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 360 000 сўм;🔹базалық есаплаў муғдары – 440 000 сўм;🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 504 000 сўм;🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 983 000 сўм;🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 083 000 сўм;🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 083 000 сўм;🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (983 000 сўм)нан 1 083 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 083 000 сўм.🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 878 000 сўм;🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 878 000 сўм.
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 13:14

    ❓☎️ Газ, свет, суў өшип қалса қай жерге мүрәжат етиў керек?◾️104/1104 – газ тәмийнаты ушын; ◾️1054 – суў тәмийнаты ушын; ◾️1347 – ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнатындағы машқалалар ушын; ◾️1154/@het_admin – электр энергиясы тәмийнаты ушын; ◾️1055 – барлық түрдеги коммунал машқалалар бойынша мүрәжат етиў ушын.❗️Бул мағлыўматларды сақлап қойың ҳәм жақынларыңызға да жибериўди умытпаң!👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 09:50

    ❗️Алдын пара менен усталып қамалған ЖПХ хызметкери және пара менен усланып, 5 жылға қамалдыСурхандәрьяда алдын пара алыўда айыпланып, кейин ақланған ҳәм хызметине тикленген ЖПХ хызметкери және пара алыўда айыплы деп табылды.Ол Сурхандәрья ўәлаяты Байсын районындағы ЖПХ постында пахта жүкленген жүк машиналарын тоқтатып, ҳәр бирин өткерип жибериў ушын 100 мың сумнан пул талап еткен.Оператив илажда хызметкер 41 машина ушын талап етилген 4,1 млн сумнан 4 млн сумын алған ўақтында усланған.Мәлим етилиўинше, ол 2014-жылы да пара алыўда айыпланып, 6 жылға қамалған, бирақ 2022-жылы Жоқары судтың қарары менен ақланған ҳәм хызметине тикленген.Суд оған 5 жыл еркинен айырыў ҳәм де 2 жыл ишки ислер органларында ислеў ҳуқықынан айырыў жазасын тайынлады. Апелляция суды ҳүкимди өзгериссиз қалдырған.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 08:48

    ❗️24-сентябрь күни кеште Әмиўдәрья үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәрья үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады.Шеклеў Қыпшақ-Блок-пост-80 станциялары аралығының 506-километри, 6-пикетинде алып барылатуғын оңлаў жумыслары себепли енгизиледи.Усы ўақыт даўамында көпирден автомобиллер де, поездлар да өткерилмейди.👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 08:31

    ⚡️Миллий сертификат имтиханлары ушын рухсатнамалар жәрияландыБиология, химия, физика ҳәм математика пәнлеринен миллий сертификат имтиханлары 2026-жыл 26-30-сентябрь ҳәм 2-4-октябрь күнлери өткериледи, атап айтқанда:➖ 26-ҳәм 28-сентябрь күнлери биология пәнинен; ➖ 27-28-сентябрь күнлери химия пәнинен; ➖ 29-30-сентябрь күнлери физика пәнинен; ➖ 2-4-октябрь күнлери математика пәнинен.Ҳәр бир талабан бул мағлыўматларды өзиниң рухсатнамасынан да көриўи мүмкин.Тест сынақларында қатнасатуғын талабанлар рухсатнаманы my.gov.uz веб-сайтындағы "Мениң арзаларым" бөлими арқалы жүклеп алыўы мүмкин.Рухсатнамада тест сынағы өткерилетуғын сәне, ўақыт ҳәм мәнзил көрсетилген болып, талабанлардан белгиленген ўақытта рухсатнамада көрсетилген мәнзилге жетип келиўи соралады.Талабанлар тест сынағы өткерилетуғын имаратларға тек ғана шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ямаса ID-карта) менен
  • Каракалпак 24

    22 сент., 07:21

    ❗️Транспорт-логистика реформасы❓Қарақалпакстанда не өзгереди? ❓92 километрлик жол қурылысы халыққа не береди? ❓112 электробуслар қашан Нөкис көшелерине шығады?Жоллар жаңарады. Қалалық транспорт өзгереди. Қатнаў тезлеседи. Бул өзгерислер Қарақалпақстанлылардың күнделикли турмысында қашан ҳәм қалай сезиледи?22-сентябрь күни саат 18:00 де Қарақалпақстан телеканалында «Халық қадағалаўында» көрсетиўин тиккелей эфирде көремиз. Темаға байланыслы сораўларыӊызды 61 226-53-14 телефон номерине қоңыраў етиң ҳәм сораўларыңызға тиккелей эфир ўақтында жуўап алсаӊыз болады.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 07:09

    Қытайлы инвестор Қарақалпақстандағы 200 гектар майданнан 4 тонна алтын анықладыҚарақалпақстанда 1000 жумыс орнына ийе алтын қазып алыў ҳәм қайта ислеў кластери шөлкемлестириледи ҳәм геология-излеў жумыслары кеңейтиледи. Ҳәзирги ўақытта бундай изертлеўлер аймақтың тек ғана 20 процентинде өткерилген. Қытайлы инвестор "Урусой" кәнинде 4 тонна алтын резервин анықлады.Қарақалпақстанда алтын қазып алыў ҳәм оны қайта ислеў кластерин жолға қойыў ҳәм геологиялық-излеў жумысларының көлемин кеңейтиў режелестирилмекте. Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни Нөкис қаласында өткерилген мәжилисте мәлим етти.Мәмлекет басшысының атап өтиўинше, аймақ бойынша геологиялық-излеў жумыслары тек ғана 20 процент майданда орынланған. Ири инвесторлар кирип келип атырған бир ўақытта, Қарақалпақстанда шийки зат резервлерине байланыслы мағлыўматлар жетерли емес.Президент Қараөзек районындағы "Урусой"
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24
  • Каракалпак 24

    22 сент., 06:03

    ❗️Тәлим кредитин алыў ушын арзаны my.gov.uz арқалы тапсырыў мүмкинКүндизги тәлимде оқып атырған бакалавр ҳәм магистратура студентлери, сондай-ақ, профессионал тәлим оқыўшылары тәлим кредитин алыўы мүмкин.📌 Кредит муғдары: ➖ 1-басқыш студентлерине - коньтракттиң 100%; ➖ 2-басқыш ҳәм оннан жоқары болса GPA 3 тен төмен болса - 80% ке шекем; ➖ GPA 3 ҳәм оннан жоқары болса ямаса "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"нде болса - 100%.Қызлар ушын кредит процентсиз, ул балалар ушын процент Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы тийкарында белгиленеди.💳 Кредитти оқиў тамамланганнан кейин 7 айдан баслап 7 жил даўамында қайтариў мүмкин.❌ Супер-контракт, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан оқып атырғанлар, сондай-ақ, сырт елдеги ЖОО студентлерине берилмейди.📝 Арзалар коммерциялық банк тәрепинен 5 жумыс күнинде көрип шығылады.👉 Арза тапсырыў: my.gov.uz - Тәлим кредити хызмети👉 @Karakalpak24
    Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24Иллюстрация к посту канала Каракалпак 24