Последние посты

KarInform.uz
6 сент. 2025 г., 10:59изменён
🌓7-сентябрь күни толық Ай тутылыўы ҳәдийсеси бақланады🌖Усы жылдың 7-сентябрь күни Жер жүзиниң адамлары қызықлы астрономиялық ҳәдийселердиң бири – толық Ай тутылыўын бақлаўы мүмкин. Бул тутылыў толық Ай тутылыўы есапланып, тутылыўдың толық фазасында Айдың бети 100 процент Жердиң саясында болады. Ай тутылыўының толық фазасы 1 саат 22 минут даўам етип, тутылыўдың улыўма даўамлылығы болса 3 сааттан көп ўақыт даўам етеди.✅Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улығбек атындағы Астрономия институтының мәлим етиўинше, Өзбекстанда 7-сентябрь күни Ташкент ўақты менен саат 21:27 де үлесли Ай тутылыўы, ал саат 22:30 да болса толық Ай тутылыўы басланады.🔸Толық фазалы Ай тутылыўы 1 саат 22 минут даўам етеди. Саат 23:11 де толық фазалы Ай тутылыўы максимум фазасына жетеди, саат 23:52 де болса толық фазалы тутылыў жуўмақланады. 8-сентябрь саат 00:56 да
KarInform.uz
1 авг. 2025 г., 10:24
Жаңа прокурор тайынландыАминов Шохрух Азаматович – Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымына тайынланды.Ш.Аминов тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары лаўазымында ислеген.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
1 авг. 2025 г., 10:14
📸Көк аспан саясы – Қаратерең көли❤️Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойындағы этнотуризм комплекси елимиз тәбиятының бийтәкирар гөззаллығы, миллийлик ҳәм заманагөйлик жәмленген орынларының бирине айланды.🌐Karinform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков бул өзгеше гөззаллықты фотосүўретлерге мөрлеўге ҳәрекет етти.✅Фотосүўретлерди тамашалап, баҳа бериң.©️Karinform.uzTelegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
30 июл. 2025 г., 08:38
️Өзбекстанда жаңа әскерий университет шөлкемлестириледиҚураллы Күшлер академиясы негизинде Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң шөлкемлестирилиўи күтилмекте.Жаңа университет қурамына Қорғаныў министрлигине қараслы барлық әскерий билимлендириў мәкемелери төмендегише киргизиледи: ➖ 5 әскерий институт; ➖ Сержантларды таярлаў жоқары мектеби; ➖ ️Авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў орайы.Бул мәкемелер институт статусында жумысын бирден-бир университет қурамында даўам еттиреди.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
26 июл. 2025 г., 18:19
️Техникумларға ҳүжжет тапсырыў мүддети 10-августқа шекем создырылды2025-жылы улыўма орта билимлендириўди (9-класс) тамамлаған питкериўшилер 519 техникумнан биреўинде оқыў ушын my.edu.uz платформасы арқалы 10-августқа шекем (сол күни де) онлайн дизимнен өтиўи мүмкин.Қабыллаў мәмлекетлик грант тийкарында күндизги ямаса дуал тәлим формасында әмелге асырылады.Сондай-ақ, 14 техникумдағы халықаралық билимлендириў бағдарламаларына да грант тийкарында қабыллаў ашық.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
26 июл. 2025 г., 11:03
️ЖООларға қабыллаў параметрлери жәрияланды2025/2026-оқыў жылында Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелери бакалавриат басқышына қабыллаў параметрлери билимлендириў формасы, бағдары ҳәм оқытыў тили кесиминде тастыйықланды.Соның менен бирге, ЖООларға кириў имтиханларындағы минимал өтиў балы өзгериссиз қалды. Жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант бойынша минимал өтиў балы – 68 балл (максимал 189 баллдың 36%и), төлемли-контракт бойынша минимал өтиў балы – 56,7 балл (максимал 189 баллдың 30%и) етип белгиленди.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
21 июл. 2025 г., 12:10
«️Өзбекнефтгаз» АИ-80 бензинин ислеп шығарыўды тоқтатады«Өзбекнефтгаз» 2025-жыл сентябрьден АИ-80 бензинин ислеп шығарыўды толық тоқтатажақ. Усы жылдың өзинде АИ-80 резервлери система кәрханаларының қоймаханаларында сапластырылады.2026-жылдан тек жоқары октанлы автобензинлер (мәселен, АИ-91, АИ-95) сатылыўы жобаластырылған. Бул қарар «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңбериндеги қоршаған орталықты сақлаў ҳәм жасыл экономика мақсетлерине муўапық қабыл етилмекте.Президент пәрманына бола, 2025-жылдың ақырына шекем АИ-80 нен пайдаланыў ҳәм сатыўды шеклеў ушын барлық ресурслар мобилизацияланады.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
14 июл. 2025 г., 04:32
Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды↪️Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланды.Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт комплексинде де абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.Бул жерде абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылды.✅Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада – 1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.❤️Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 32 700 ден аслам абитурентлер қатнасыўы
KarInform.uz
13 июл. 2025 г., 09:05
️Сентябрьден B2 сертификатына ийе болмаған шет тили муғаллимлери жумыстан босатылыўы мүмкин2025/2026-оқыў жылынан барлық улыўма, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде сабақ беретуғын шет тили муғаллимлеринде кеминде B2 дәрежедеги сертификат болыўы мәжбүрий етип белгиленди.Сертификаты жоқ оқытыўшылар менен мийнет шәртнамасы бийкар етилиўи мүмкин.Талап барлық шет тиллерине тийисли (2-шет тиллеринен тысқары).Бүгинги күнде B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе оқытыўшылар саны – 29 001.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
8 июл. 2025 г., 07:09
️Магистратураға қабыллаў басланды2025-2026-оқыў жылы ушын мәмлекетлик ЖООлардың магистратурасына ҳүжжетлерди қабыллаў басланды.️Арзалар my.edu.uz арқалы 30-июльге шекем (сол күни де) қабыл етиледи.Таңлаўда белгиленген талап дәрежесиндеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болғанлар қатнасыўы мүмкин.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
21 июн. 2025 г., 14:27
️Мәмлекетлик шөлкем хызметкерлериниң дене салмағы қадағаланады2025-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде ҳәр күни белгиленген ўақытта дене тәрбия илажлары өткериледи.🔹 Спорт зоналары шөлкемлестириледи; 🔹 Хызметкерлерге спорт пенен шуғылланыў ушын шараятлар жаратылады; 🔹 Дене салмағы индекси турақлы өлшенип, «hrm.argos.uz» платформасына жүклеп барылады.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
15 июн. 2025 г., 10:48
️Өзбекстан аймағына ыссы ҳаўа ағымы кирип келмекте16-19-июнь күнлери Өзбекстан аймағына қубладан жүдә ыссы ҳаўа ағымы кирип келиўи күтилмекте.➖ 16-17-июнь – Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында; ➖ 17-19-июнь – мәмлекеттиң барлық аймақларында ҳаўаның температурасы күндиз 40-42°C; ➖ Қубла ҳәм шөл аймақларында болса 43-44°C ға шекем көтериледи.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
9 июн. 2025 г., 04:06
Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйрендиЖаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди Axiosқа сүйенип Кун.уз.Анықланған жағдайлардың биринде Opus 4 жасалма интеллекти инженерге оның сүйиклиси менен жеке жазыўларын жәриялаў арқалы қәўип салған. Anthropic компаниясы нейротармағы өзин өширип қоймаўлары ушын өтирик сөйлеў ҳәм пайдаланыўшыларды шантажлаўды үйренди.Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12830Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
8 июн. 2025 г., 04:03
Google ҳаққында қызықлы фактлерGoogle – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы ең ири ҳәм белгили компаниялардан бири болып есапланады. Төменде сизди таң қалдыратуғын Google ҳаққындағы ең қызық ҳәм әжайып фактлерди келтиремиз.Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12823Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
7 июн. 2025 г., 04:59
Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған баҳаңызға ҳәм ҳәттеки физикалық саламатлығыңызға тәсир етиўи мүмкин болған көринбес жолдасларға айланады. Мүддетлери өтип кеткени ушын турақлы стресс, жақынларың алдындағы айыплылық сезими, қарызлар ҳаққында тынымсыз ойлаў – бул ўақытша қыйыншылықлар емес, ал ҳақыйқый психологиялық жүк.Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12816Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
6 июн. 2025 г., 11:43
Жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация бериледи2025-жыл 1-майдан Өзбекстан бойлап жәрдемге мүтәж шаңарақларға газ ҳәм электр энергиясы ушын компенсация төлеў әмелияты жолға қойылған еди. Енди компенсация тек ғана қыс мәўсиминде (ноябрь-февраль) емес, ҳәр айда төлеп бериледи.Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ушын 1-июньнен баслап арза тапсырыў басланды.Компенсациялар төмендеги категорияларға тийисли шаңарақларға бериледи: Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар - бунда шаңарақ ағзаларына туўра келетуғын айлық дәрамат 669 мың сомнан аз болыўы керек.Сондай-ақ, еки реестрге де кирмеген, бирақ мүлки аз ҳәм айлық дәраматы ҳәрбир ағзасына 1 млн сомнан аз болған шаңарақлар да усы жәрдемнен пайдалана алады.2025-жылы улыўма есапта 1 трлн 330 млрд сом муғдарында компенсация ажыратылыўы
KarInform.uz
6 июн. 2025 г., 04:54
Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаўӨзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында Миллий статистика комитетиниң бақлаўларына бола, Қарақалпақстан Республикасы бул бағдарда ең арзан палаў таярлаў имканиятын бермекте.Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12818Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
KarInform.uz
6 июн. 2025 г., 04:36
Трамп Гарвардтың сырт ел студентлери ушын виза бериўди рәсмий түрде қадаған еттиАмерика Қурама Штатлары президенти Дональд Трамп 4-июнь күни сырт елли студентлердиң Гарвард университетине оқыўға кириўине тосқынлық етиўши нызамға қол қойды.Қол қойылған бийликте Трамп Гарвард сырт елли студентлерди қабыллаўды даўам еттириўи миллий қәўипсизликке қәўип туўдыратуғынын айтқан. «Шет ел пуқараларының АҚШқа кириўи мәмлекет мәплерине зыян келтиреди» деп жазған Трамп буйрықта.Буған Ақ үйдиң университет пенен душпанлығының және де күшейиўи сыпатында қаралмақта. Федерал суд өткен ҳәптеде Ишки қәўипсизлик министрлигине халықаралық студентлерди Гарвардта оқыўдан шетлетиўди қадаған еткен еди.Гарвард 4-июньға өтетуғын түнде берген баянатында сырт елли студентлерин қорғаўды даўам еттиретуғынын айтқан еди.Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
