Последние посты

KarPressa
22 сент., 18:37
Зеленский Россия шәртсиз оқ атыўды тоқтатса, сөйлесиўлерге таяр екенин билдирдиУкраина президенти Владимир Зеленский Россия ҳеш қандай шәртлерсиз оқ атыўды тоқтатса, әмелдеги соқлығысыў сызығында әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм дипломатиялық сөйлесиўлерди баслаўға таяр екенин мәлим етти.Сондай-ақ, Зеленский Россия президенти Владимир Путин менен жүзбе-жүз ушырасыўға да таяр екенин айтты. Оның атап өтиўинше, бундай ушырасыўдан мақсет тынышлыққа ерисиў болады.Зеленский Украина ушын қәўипсизлик кепилликлери әҳмийетли екенин де атап өтти.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 18:27
4,610Открыть в Telegram
KarPressa
22 сент., 17:07
Мийнет тараўында қәўипсиз жумыс орталығы тәмийинленеди21-сентябрьде қабыл етилген Президент қарарына муўапық, мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.2026-жыл 1-декабрьге шекем басым ҳәм зорлық жағдайлары бойынша мүрәжатларды онлайн қабыл етиў, оларды тексериў ҳәм қадағалаў имканиятын беретуғын арнаўлы мәлимлеме порталы иске түсириледи.Сондай-ақ, жумыс орнындағы зорлық ҳәм басым жағдайлары мийнет тәртибин бузыў сыпатында баҳаланыўы белгиленди.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 16:37
1-октябрьден Бирден-бир порталда жаңа хызметлер енгизиледи2026-жыл 1-октябрьден Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар ушын жаңа хызметлер иске қосылады.Олар арқалы көшпес мүлк ҳәм автомототранспортларға шеклеў қойыў ямаса оны бийкар етиў, телефон номерлери ҳәм банк карталары бойынша мағлыўмат алыў ҳәм оларды басқарыў имканияты жаратылады.Сондай-ақ, жаңа нотариал ҳәрекет рәсмийлестирилгенде пуқара автоматикалық түрде хабардар етиледи.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 12:17
НМПИ академиялық лицейи оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова халықаралық таңлаўда жеңимпаз болдыӘжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейиниң физика пәни оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова Францияның Париж қаласында өткерилген абыройлы «The Best Education Project Internationa» халықаралық таңлаўында жеңимпаз болды.Ол усы халықаралық таңлаўда заманагөй педагогикалық қатнас – физиканы оқытыўда реал ҳәм виртуал лабораторияларды бирлестириўге бағдарланған инновациялық илимий мақаласы менен қатнасып, халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды.Халықаралық таңлаў жуўмағында Гүлчеҳра Бекниязова I дәрежели диплом, Халықаралық илим, мәденият ҳәм көркем өнер академиясы (IASCA) тәрепинен алтын медаль, сондай-ақ, естелик белгиси менен сыйлықланды.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 11:26изменён
Көп қабатлы үйлердиң жертөлесинен пайдаланыў бойынша қадағалаўларНызамшылыққа муўапық, көп квартиралы үйлердиң жойбар ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған жағдайларда жер төлесинде транспорт қуралларын сақлаў, оңлаў ҳәм жуўыў қадаған етиледи.Сондай-ақ, жертөлелерде ысытыў қазанлары ҳәм радиаторларды өзбасымшалық пенен орнатыў, қубырларға кран қойыў, инженерлик-коммуникация системаларының схемаларын өзгертиў ҳәм улыўма пайдаланыўдағы орынларды ийелеўге жол қойылмайды.📍Информация бағдары @KarPressa4,960Открыть в Telegram
KarPressa
22 сент., 10:16
Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти менен телефон арқалы сөйлести22-сентябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести. Мәмлекетимиз басшысы оны туўылған күни менен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм жумысында табыслар тиледи.Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў жойбарлары атап өтилди.Сондай-ақ, регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Түркменстанда болып өтетуғын ҒМДА саммитине таярлық мәселелери бойынша пикир алысылды.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 08:33
Әмиўдәря үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақтынша тоқтатылады2026-жыл 24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәря үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде оңлаў жумыслары себепли транспорт ҳәрекети толық тоқтатылады.Усы ўақыт аралығында көпир арқалы автомобильлер ҳәм поездлардың ҳәрекети жабылады. Айдаўшылар ҳәм жолаўшылардан сапарларын алдыннан режелестириў соралды.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 08:17
🟠 Манзилларимиз 👈🎉❗️FAQAT 22-23 SENTABR - idea'da barcha viloyatlarda "ZO'R AKSIYALAR" boshlandi!👉🔥 ONLINE XARID QILISHGA ULGURING!🎉 iPhone 18, iPhone DUO tez kunda sotuvda! 👏 100 dyuymli LG Smart TV sotuvda! 🔻 Smartfonlar va noutbuklarga "MAXSUS NARXLAR" 🔻 Televizorlar "BOZOR NARXIDA" 🔻 Sovitkichlar va Gaz plitalar "BOZOR NARXIDA" 🔻 Kir yuvish mashinalar "BOZOR NARXIDA"✅ Boshlang'ich to'lov — YO'Q ✅ Kafillar kerak emas — YO'Q📞 Telefon: 712307799 | Chat NiginaAksiyalarimiz narxlari 6 oydan 12 oygacha amal qiladi!
KarPressa
22 сент., 07:20
22-сентябрь жағдайына сырт ел валюталары курслары1 АҚШ доллари – 11 809.82 сўм (−29.77) 1 евро – 13 569.48 сўм (+0.13) 1 фунт стерлинг – 15 820.43 сўм (+16.95) 1 Россия рубли – 140.68 сўм (+0.26) 1 юань – 1 763.87 сўм (−3.84) 1 Қазақстан теңгеси – 26.34 сўм (−0.12).📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 04:04
А-380 жолының 92 км бөлеги реконструкцияланадыА-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының 581-673-километрлери аралығындағы 92 км бөлегин реконструкциялаў жумысларына старт берилди.233,1 миллион долларлық жойбар 2026-2030-жылларда әмелге асырылады. Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өтиўши жол 4 полосалы, цемент-бетон қапламалы магистралға айландырылады.Жойбар шеңберинде 25 көпир ҳәм 14 жол өткизгиш қурылады.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 03:34
Илимпазлар ақыл пайда болыўы қәўпи себепли тышқанлардағы тәжирийбени жуўмақладыИлимпазлар тышқан мийине адам нейронларын көширип өткерди. Үш ай ишинде тышқан мийинин 90 проценти инсан клеткаларына айланган. Эксперимент жеделлик пенен тоқтатылды ҳәм кемириўшилер жоқ етилди — онда инсан ақылы ҳәм пикирлеў белгилери пайда болыў қәўпи пайда болды.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 03:23
5,720Открыть в Telegram
KarPressa
22 сент., 01:38
Өзбекстанда спорт мектеплериниң саны 404 ке жеттиМиллий статистика комитетиниң мағлыўматларына көре, 2026-жыл 1-январь жағдайына республика бойынша жәми 404 спорт-тәлим шөлкеми искерлик көрсетпекте.Мағлыўмат ушын, бул орынларда 486,5 мың жас спорт пенен шуғылланып келмекте. Аймақлар кесиминде жетекшиликти Ташкент қаласы (41) ҳәм де Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары (34 тен) ийелеген болса, Қарақалпақстан Республикасында 29, Бухара, Қашқадәря ҳәм Самарқанд ўәлаятларында болса 31 ден спорт мектеби искерлик алып бармақта.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
22 сент., 00:38

KarPressa
21 сент., 23:03
Бурынғы мәмлекетлик хызметкерлерди жумысқа қабыл етиў бойынша жаңа тәртип тастыйықландыӘдиллик министрлиги тәрепинен бурынғы мәмлекетлик хызметкерлерди жумысқа қабыл етиўде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминен жуўмақ алыў тәртиби мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Оған бола, хызметкер жумыстан босағанынан соң 2 жыл даўамында өзи қадағалаған шөлкемге жумысқа алыныўынан алдын, оның алдыңғы жумыс орнынан мәжбүрий жуўмақ алыныўы белгиленди.Мағлыўмат орнында, усы ҳүжжет “Мәплер соқлығысыўы ҳаққында”ғы нызам орынланыўы шеңберинде қабыл етилген болып, ишки қадағалаў бөлими тәрепинен унамлы, шекленген унамлы ямаса унамсыз жуўмақ берилиўи мүмкин. Егер жуўмақ алынбаса ямаса унамсыз жуўмақ берилсе, талабанды жумысқа қабыл етиў қатаң қадаған етиледи.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
21 сент., 21:45

KarPressa
21 сент., 20:10
Ески автомобильлер ушын экологиялық төлем бийкар етилип, “trade-in” системасы енгизиледиЖәмийетшилик усыныслары ҳәм пикирлерине бола, ислеп шығарылғанына 30 жылдан асқан автомобильлер ушын ҳәр жылы өндирилиўи нәзерде тутылған 12 миллион 360 мың сум муғдарындағы экологиялық төлем бәнти жойбардан алып тасланатуғын болды.Мағлыўмат орнында, усы мәжбүрият орнына хошаметлеўши “trade-in” системасы жолға қойылады. Бунда ески ямаса насаз автомобильлер орнында базар баҳасында баҳаланып, ийесине пул ямаса ваучер усыныс етиледи. Ваучер арқалы рәсмий дилерлерден жаңа машина сатып алынғанда, қалған сумманы 2 жылдан 7 жылға шекем процентсиз бөлип төлеў имканияты жаратылады.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
21 сент., 15:58
"Арал" өз майданында "Яйпан"ды ири есапта жеңдиПро Лига 20-турында "Арал" өз майданында "Яйпан"ды 5:2 есабында жеңди.Голлар: Иброҳимхонов, Турғунов — Мусаев (пен.), Козлов (2), Жумаев, Краснов.📍Информация бағдары @KarPressa
KarPressa
21 сент., 11:32
❓Сапасыз товарды алмастырыў мүддети неше күн екенин билесиз бе?Пуқаралық кодексиниң 451-статьясы ҳәм "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамның 14-статьясына муўапық, сапасыз товар анықланған жағдайда оны тап сондай маркадағы, моделдеги ямаса артикулдеги товарға алмастырыў мүмкин.Товар 7 күн ишинде, қосымша тексериў зәрүр болса, тутыныўшы талап еткен күннен баслап 20 күн ишинде алмастырып берилиўи шәрт.📍Информация бағдары @KarPressa
Подписчики пишут боту, вы отвечаете реплаем, ваш аккаунт скрыт. Создаётся в одно касание.
Как это работает →