Последние посты

KRuz.uz |Рәсмий канал
23 сент., 15:08
👩🏻🏫 👨🏻🏫 Texnomart'da ustozlar uchun ajoyib taklif! Sinf bo'lib yig'ilib, ustozga arziydigan sovg'a beringTexnomart do'konlari, ustozlar kuniga katta chegirmalar taqdim etadi.Hansa mikro to'lqinli pech — oyiga 49 000 so'mdan Braun HF3030 aerogrili — oyiga 72 000 so'mdan Honor X8e 6/128GB — oyiga 199 000 so'mdan Haier kir yuvish mashinasi — oyiga 225 000 so'mdan LG 341 l muzlatgich — oyiga 499 000 so'mdan Moonx 43" televizor — oyiga 119 000 so'mdan Ferre gaz plitasi — oyiga 199 000 so'mdan30 ota-ona oyiga 20 000 so'mdan to'lasa ham, ancha jiddiy sovg'a olishingiz mumkin ;)🚀 Shoshiling, aksiya muddati 25-29-sentabr kunlari, narxlar yigirma to'rt oyga ko'rsatilgan!Batafsil ma'lumot texnomart rasmiy saytida!📞71-209-99-44
3,170Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
23 сент., 07:12
Өзбекстанда YouTube монетизациясын иске қосыў мәселеси додаландыӨзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Google вице-президенти Каран Бхатия менен ушырасты.Сөйлесиўде Өзбекстанда YouTube монетизациясын иске қосыў, сондай-ақ, Google менен ҳәр қыйлы бағдарларда бирге ислесиў имканиятлары додаланды.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
6,680Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
22 сент., 11:39
❗️Жумыстағы зорлық-зомбылық бойынша онлайн мүрәжат порталы иске қосыладыПрезиденттиң 2026-жыл 21-сентябрьдеги ПҚ-345-санлы қарарына муўапық, Өзбекстанда қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.1-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын арнаўлы мәлимлеме порталы иске қосылады. Ол арқалы жумыс орнындағы күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары бойынша онлайн мүрәжат жоллаў мүмкин болады.Лаўазымлы шахс ямаса жуўапкер хызметкерге байланыслы мүрәжатлар автоматикалық түрде жоқары турыўшы инстанцияға жибериледи.Егер жағдайда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ямаса жынаят белгилери анықланса, мүрәжат «112» арқалы ўәкилликли уйымға жибериледи.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8,910Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
22 сент., 09:54
❓ «Инновационный»да оқыў қаншаға түседи?▪️ Пуллы темалар менен танымалы болған блогер Расул Жумамбетов Инновациялық технологиялар университетиндеги контракт суммалары, стипендиялар, грантлар ҳәм шегирмелер ҳаққында видео таярлады.▪️ Университетте оқыўды нийет еткенлер ушын керекли болған барлық мағлыўматларды видеодан билип алыўыңыз мүмкин.▪️ Еслетип өтемиз, Инновациялық технологиялар университетинде қабыллаў даўам етпекте. Қабыллаў жуўмақланыўына болса санаўлы күнлер қалды.▪️ Байланыс ушын: 61-225-65-66 | 99-295-00-12
KRuz.uz |Рәсмий канал
22 сент., 09:14
🚧 А-380 жолының 92 км бөлегинде реконструкция жумыслары басландыА-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының Қарақалпақстан аймағынан өтетуғын 92 километрлик бөлегинде реконструкция жумыслары басланды.233,1 миллион долларлық жойбар 2026-2030-жыллары әмелге асырылады. Жумыслар Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларындағы жол бөлегин қамтып алады.Реконструкция нәтийжесинде жол 4 полосалы, цемент-бетон қапламалы заманагөй магистральға айландырылады. Сондай-ақ, 25 көпир ҳәм 14 жол өткел қурылады.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
KRuz.uz |Рәсмий канал
22 сент., 06:11
Терминал орқали савдо қилувчилар диққатига: Мижоз тўлаган пул энди 1 дақиқада ҳисобрақамингизга тушади!❗️Терминалдан қилинган тўловлар ҳисобингизга тушишини соатлаб кутяпсизми? Бунга чек қўйиш вақти келди!🏦 InfinBANK ўзининг POS-терминалларидан тушадиган маблағларни бор-йўғи 1 дақиқа ичида ҳисобингизга ўтказиб беради. Яъни, атиги 60 сония! Бошқалар ўз пулини кутиб ўтирган бир пайтда, сиз аллақачон янги товар сотиб оласиз, ҳамкорлар билан ҳисоб-китоб қиласиз ва кундалик харажатларни ёпасиз. Ҳеч қандай кечикишлар йўқ, барчаси шу оннинг ўзида ҳал бўлади.Қулайлик шундаки, POS-терминални олиш учун банкка бориш шарт эмас — уни онлайн буюртма қилиш мумкин. 📞 Корпоратив мижозлар учун: +998 71 202 50 80
8,080Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
22 сент., 06:01
🚧 Әмиўдәрья үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәрья үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады.Шеклеў Қыпшақ-Блок-пост-80 станциялары аралығының 506-километри, 6-пикетинде алып барылатуғын оңлаў жумыслары себепли енгизиледи.Усы ўақыт даўамында көпирден автомобиллер де, поездлар да өткерилмейди.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
8,720Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
21 сент., 10:33
Социаллық қорғаў агентлиги хызметкерлерине 300 процентке шекем үстеме бериледи2026-жыл 1-октябрьден Социаллық қорғаў миллий агентлиги хызметкерлерин хошаметлеў системасы енгизиледи.Оған бола, хызметкерлерге лаўазым мийнет ҳақысының 300 процентине шекем муғдарда хошаметлеў төлемлери берилиўи мүмкин.Сондай-ақ, Агентликке өз қарамағындағы имаратларды тиккелей ижараға бериў ўәкиллиги де берилмекте.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

9,280Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
21 сент., 10:14
Kontrakt orzularingizni kechiktirmasin!👍 Kelajakdagi kasbingiz sari yo‘l oliy ta’limdan boshlanadi. Kontrakt to'lovi esa bu yo‘lda to‘siq bo‘lib qolmasligi kerak.📗 Agrobank ta’lim krediti bilan:🔵 Foiz stavkasi: 14%; 🔵 Kredit muddati: kredit o‘qish muddati va qo'shimcha 7 yilga ajratilib, asosiy qarzni to‘lash talaba o‘qishni tamomlaganidan so‘ng 7-oydan boshlanadi; 🔵 Imtiyozli davr: 6 oy; 🔵 Xotin-qizlar uchun foiz to‘lovlari jamg‘arma hisobidan qoplanadi.✍️ Arizani talim-krediti.mf.uz platformasi orqali yuboring.✅ Bugungi ta’lim — ertangi imkoniyatlaringiz uchun eng yaxshi sarmoya!
7,750Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
21 сент., 07:45
O‘zbekistonliklar kuzda Uzum Market’dan nimalar xarid qilmoqda? 🍂🏠 Uy uchun tovarlar Sentyabr boshida mebelga talab sezilarli darajada oshdi — avgustning shu davriga nisbatan 60 foizga. Mato shkaflar, poyabzal javonlari, kiyim ilgichlari va yig‘ma divanlar ko‘proq xarid qilinmoqda. Bir yil ichida uy va mebel toifasidagi mahsulotlar assortimenti uch barobarga kengaydi va hozir 30 000 dan ortiq mahsulotni tashkil etadi.🧥 Kiyim-kechak va poyabzal Havo salqinlashishi bilan o‘zbekistonliklar odatda garderobini yangilashga kirishadi. Sentyabrning dastlabki 15 kunida kardigan va pidjaklarga talab qariyb 6 barobarga oshdi. Poyabzal orasida esa krossovka va loferslar ko‘proq xarid qilinmoqda.📱 Smartfonlar Sentyabr oyida smartfonlarga talab avgustga nisbatan 30 foizdan ko‘proqqa oshdi. Eng ko‘p xarid qilingan modellar qatorida Samsung Galaxy A17 va A57, Honor X9d va Honor 600 Lite,
7,450Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
21 сент., 07:45
Бүгин «Арал» - «Яйпан» футбол командалары Туран стадионында майданға түседиЖаңаланған Туран стадионында командамыз «Лочин» командасына қарсы майданға түсип, биринши ойынды жеңис пенен баслаған еди.Бүгин 21-сентябрь күни саат 18:30 да Туран стадионында Про Лиганың 20-турынан орын алған «Арал» - «Яйпан» командалары арасындағы ушырасыў өткериледи.Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде Про Лига ойынларында «Арал» футбол командамыз 19-тур ойынлары жуўмағы менен жәми 46 очко жыйнап, жетекшиликти қолдан бермей келмекте.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7,680Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 11:17
Бердақ Ғарғабай улының 200 жыллығы белгиленедиКелеси жылы қарақалпақ халқиниң уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылғанына 200 жыл толады.Сол мүнәсибет пенен келеси жылы Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 200 жыллығын мәмлекетте мүнәсип байрамлаў усыныс етилди. Жуўапкерлерге бир айда кең қамтылған бағдарлама ислеп шығып, оны әмелге асырыўды баслаў тапсырылды.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9,940Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 10:03изменён
⚡️Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес баслығы Аманбай Орынбаевқа «генерал-майор» атағы берилди.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
11,700Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 08:46
Мойнақтағы шыпакерлерге төленип атырған 200 процентлик үстеме Бозатаў ҳәм Тахтакөпирде де енгизиледиНөкистеги орайлық емлеўханада баўыр ҳәм бүйрек трансплантациясы әмелге асырылып атыр. Аралбойы балалар емлеўханасында 150 түрдеги жоқары технологиялық медициналық хызмет көрсетилип атыр. Усы жылы бас мий, жүрек ҳәм пластик хирургия сыяқлы қурамалы жөнелислерде 1,5 мың операция өткерилди.Аймақта медициналық қамсызландырыў механизми енгизилди. Медицина мәкемелерине 10 млн долларлық әсбап-үскенелер алып берилди.Өзбекстанда биринши рет меншикли шериклик тийкарында шөлкемлестирилген Нөкис медицина илимий академиясы тараў хызметкерлери билимин баҳалаў ҳәм маманлығын асырыўда методикалық орай болады.Медицина академиясы, Балалар клиникасы, Онкология орайы ҳәм жаңа шөлкемлестирилетуғын көп тармақлы емлеўхананы пүтин системаға бириктирип, Университет медициналық кластери шөлкемлестириледи.
10,200Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:51
Қарақалпақстанда жеке-меншик бақша ашатуғын исбилерменлерге жеңилликли кредитлер бериледиҚарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириўге қамтыў 84 процентке жеткен. Бирақ Әмиўдәрья, Бозатаў, Тақыятас, Төрткүл, Шымбай, Хожели ҳәм Елликқалада бул көрсеткиш еле де төменлиги айтылды.Енди Қарақалпақстанда жеке-меншик бақша ашыўшы исбилерменлерге 15 жыл мүддетке, 5 жыллық жеңилликли дәўир менен 7 процентли кредит бериледи.Қалған ўәлаятларда кредит ставка орайдан узақ-жақынлығына қарай, 7 проценттен 15 процентке шекем болады.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9,080Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:31
Нөкисте 50 мың халыққа мөлшерленген «Нөкис сити» қурыладыНөкис қаласының «Ашшыкөл» аймағындағы 270 гектар майданда «Жаңа Өзбекстан» массиви — «Нөкис сити» қурылады.Жойбар шеңберинде бийик имаратлар, бизнес, саўда ҳәм сервис орайлары және жасыл қыябанлардың қурылысы жобаластырылған.Комплекстиң инвестициялық жойбарларына сырт елден потенциаллы инвесторлар тартылады.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9,680Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:31
Нөкис районында 10 мың гектар майданда экспортқа қолайлы қаўын жетистириледиКелеси бәҳәрден Нөкис районында 10 мың гектарда қаўын жетистириў ҳәм оны қайта ислеп экспорт ететуғын холдинг шөлкемлестириў басланады.Жылдың ақырына шекем Испания, АҚШ, Нидерландия ҳәм Қытайдан сайланды сортлар ҳәм қәнигелер алып келинеди.Сондай-ақ, райондағы техникум базасында қаўыншылық бойынша лабораторияға ийе тәжирийбе алмасыў методикалық орайы шөлкемлестириледи.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7,850Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:15
Қарақалпақстанға алып келинетуғын ҳәр бир нәсилли буға ушын 4 млн сумға шекем субсидия бериледиБеруний районының шарўалары самолётта алып келинетуғын қарамаллар ушын жеңилликлер көбейтилсе, 5 мың бас нәсилли қарамал алып келиўге таяр екенлигин билдирген.Енди Қарақалпақстанға ҳаўа жолы арқалы алып келинетуғын нәсилли буғалар баҳасының 10 проценти ҳәм ҳәр бир бас қарамал ушын 4 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
9,000Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:15
Исбилерменлер ушын 300 млрд сумлық кредит линиясы ашыладыАймаққа жуўапкер банк исенимли тутыныўшылар ушын 16 процент ставкада 300 миллиард сумлық кредит линиясын ашады.Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы кредит процентиниң 4 процентин қаплап бериўи есабынан исбилерменлер ушын кредит ставкасы 12 процентти қурайды.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7,390Открыть в Telegram
KRuz.uz |Рәсмий канал
19 сент., 07:15
Нөкисте автомобиль аўысық бөлеклери, 5 аймақта фармацевтика жойбарлары жолға қойыладыНөкис қаласында 120 миллион долларлық автомобиль аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылады.Сондай-ақ, Нөкис қаласы, Қанлыкөл, Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаўда фармацевтика тараўында улыўма баҳасы 50 миллион долларлық жойбарлар жолға қойылады.✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
7,270Открыть в Telegram
