Последние посты

МЕРЎЕРТ
5 сент., 09:36
ТОЙЛАРЫҢ ОҢ БОЛСЫН МУРАТБАЙ АҒА! (Қарақалпақстан Халық жазыўшысы, Муратбай Нызановтың 75 жыллық юбилейине той хат)Бир жигит ер жетти, Кегейли жақтан, Қәлеми дым өткир, ҳәр сөзи батпан. Қәўмети келискен, мүсиндей қатқан, Тойларың оң болсын, Муратбай аға!Иләҳий күшиң бар, Жаратқан берген, Илҳәмың-йошың бар, халқымыз көрген. Ырысқы-несийбе, перзентлер терген, Тойларың оң болсын, Муратбай аға!Жетпис бес дегениң, жигиттиң жасы, Биразлар адасар, сөзлерде бәзи. Орталаў жас болар, өмирдиң жазы, Юбилей оң болсын, Муратбай аға!Сатира-юмордан, жазып басладың, Сценарый жазыўдан, сирә қашпадың.
МЕРЎЕРТ
17 авг., 10:42
переслано из @kknews_uz
«Әсир перзенти»: Өмир соқпақларында қалған излерКитап жаңалығы ___ «Аср фарзанди»: Ҳаёт сўқмоқларида қолган изларКитоб янгилиги📲 Telegram| Instagram | Live | Sport|
МЕРЎЕРТ
27 июл., 12:33
Улымыз туўылғанда, сондай-ақ, мени академик етип сайлағанда ҳәм басқа да сәнелердин себеби менен келген мийманлар бул гилемниң әкемнен қалған мийрас екенлигин билип журди. Онда мениң аңға шыққанда апаратуғын ҳар қыйлы еллерден алып келинген жигирмалаған қанжарым қыстырыўлы туратуғын еди. Ҳәзирги заман гилемлери туўралы сөз болғанда, бәрқулла усы ғалының сапасы гәп етилер еди. 1976-жылы таза қоныслы болдық ҳәм еки-үш гилем сатып алынды. Заманагөй хаяллардай мың қубылған, бирақ ярымсинтетикалық усы гилемлер дийўалға тутылғанлықтан ески гилемимиз еденге жайылды. Ҳәммемиздин унсиз келисимимиз бенен зайыбым менен балаларым гилемди ис кабинетиме төсестирди. Оның устинде мениң көп ғана мақалаларым, китапларым, докладларым жазылыўына себепши болған жазыў столым тур.Ол бирден көзге тасланбайды да, онша үлкен де емес (4х2 метр шамасында). Туги сәл жуқарған, үнсиз, ол бизиң үйдеги көп ғана
МЕРЎЕРТ
27 июл., 12:33
Е С К И Г И Л Е М(Еске түсириў)Мен отырған кабинеттиң еденине түркменниң зер нағыс ғалы гилеми төселген. Ол ата-анамнан маған қалдырылған бирден-бир мүлк болып, мениң менен түйдей қурдас 54 жаста.Ол көп ўақыялардың да гүўасы. Анам менен кемпир апам усы ғалы ҳәм және бир кишигирим гилемди мен туўылған жылы әкемниң сатып алғанын айтысып отырар еди. Бул еки гилем де мениң ата-анам ушын оғада қәстерли, баҳалы мүлик болған. Биз әкемизден айырылған азалы күнлерде, 30-жыллардың аяғында, шым-шырқадай бес баланың тамағы ушын кишкентай гилемди сатып жиберген. Бирақ, қалған үлкен гилемди кемпир апам менен анам жетиспеўшиликтиң аўыр тәшўишлери бас-ларына түссе де сатпаған, себеби, ол биреўинин баласынан, биреўиниң күйеўинен, яғный менин әкемнен қалған естелик еди. Әкемди «көрген» бул гилем ол ҳаққында көп ўақыяларды еслеткенликтен мына жақты дүньяда, арамызда жүргендей сезим пайда етер еди.
МЕРЎЕРТ
9 июл., 17:40
переслано из @tengelbay_sarsenbaev
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген.Теңелбай Сәрсенбаев(09. 07. 1940 - 29. 10. 2005)@Tengelbay_Sarsenbaev
МЕРЎЕРТ
25 мая, 04:36
переслано из @merwert_uz
Оныншы классты питирген жылыХалила ДәўлетназаровОныншы классты питирген жылы, Соңғы имтиханды тапсырған күни, Өткенде қызлардың туңғыш дүркини, Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди, "Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди, Класс балларының соңғы гештеги, Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.Сол нәўше қызлардың билеги аппақ, Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ, Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап, Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
МЕРЎЕРТ
27 апр., 11:21
переслано из @allayar_bala
🦊«Tulkishek”tiń jańa sanın kórdińiz be?🥋🥊“Qanday sport?”📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
МЕРЎЕРТ
27 апр., 11:21
переслано из @allayar_bala
🦊“Túlkishek” jáne sizler menen birge!🧩“Chellendj”📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
МЕРЎЕРТ
27 апр., 11:21
переслано из @allayar_bala
🦊«Túlkishek» telejurnalınıń jańa sanı:🤔«Nege onday?»📝Scenariy avtorı Allayar DármenovKanalımızģa aģza bolıń: 🐥@Allayar_bala
МЕРЎЕРТ
13 мар., 08:16
переслано из @erkin_vesti
ӘСИР ҚАҲАРМАНЫ2026-жыл 11-февраль. Пайтахттағы қыстаўлы медициналық жәрдем емлеўханасының жанландырыў бөлиминде шыпакер болып ислейтуғын қызым Зәрийпаның телеграмынан азан менен хат келди: АТА КЕТТИ! АЗАНДА СОҢҒЫ ДЕМИНЕ ДЕЙИН 100ГЕ ШЫҒЫЎ ӘРМАНЫНАН ҮМИТИН ҮЗБЕЙ КЕТТИ! ЕСИ БАРЫНДА «МУРАТБАЙДЫ ШАҚЫРЫҢ, АЙТАТУҒЫН ТАПСЫРМАЛАРЫМ БАР» ДЕГЕН ЕКЕН. ДОКТОРЛАР МАҒАН АЙТАҒОЙМАПТЫ...Қызым бул еки аўыз кеўилсиз хабарды бөлип-бөлип жазғанын көрип, Атаның айта алмай кеткен тапсырмаларын еслеп, қоллары дирилдеп турып жазғанын көз алдыма келтирдим...Муратбай НЫЗАНОВ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы.👉 Толық оқыў
МЕРЎЕРТ
1 мар., 07:05изменён
Енди Кегейлиде газета баспаханасы барБул ҳаққында Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети баслығы Нәўбәҳәр Дәўенова жазды:«Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған грант таңлаўына қатнасып, 10 мың доллар қаржы есабынан районға газета басып шығаратуғын үскене алып келинди. Районлық «Кегейли турмысы» газетасы да мине 73 жылдан берли районның социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысындағы өзгерислерин газета бетлери арқалы тарыйхқа мөрлеп келмекте.Усы жыллар даўамында газета көплеген шаңарақлардың қазанын қайнатқан үлкен жумыс орны болыў менен бир қатарда республикаға белгили журналист, жазыўшыларды қәлиплестире алды. Кегейлиниң тарыйхын китапқа жазған Жийенбай Моянов, Муратбай Нызановлар усы газетаның жанкүйери болды. …».Толық оқыўБиз каналымыз атынан баспасөз пидайыларын, мийнеткеш кегейлишилерди ҳәм пүткил зыялы халқымызды бул
МЕРЎЕРТ
1 мар., 02:45
Бәҳәр келди📝Толыбай Қабулов 🎼Шарапатдин Пахратдинов 🎤Базаргүл КәримоваБәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди, Нурлы қуяш жибитти жерди, Қысқы тоқсан нәўбетти енди, Нәўбәҳәрдей пасылға берди. Әтшөк қуслар шақырғанында, Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?Бәҳәр сени сағынып келди, Гүлден ҳәйкел тағынып келди.Наз уйқыдан турып тәбият, Қуслар көкти әйледи пәрият, Үйрек ғазлар келген көклерге, Нәўпир суўын тастырды дәрья,
МЕРЎЕРТ
27 февр., 13:06
https://telegra.ph/MEN-BҮGIN-ҲESH-ҚANDAJ-SHAJYR-EMESPEN-yamasa-basқalarғa-ҳesh-usamajtuғyn-adam-menen-sәўbet-02-26“Еркин Қарақалпақстан” газетасының 2026-жылғы 23-санынан алынды.💎@Merwert_uz Әдебий информациялық каналTelegraph«МЕН БҮГИН ҲЕШ ҚАНДАЙ ШАЙЫР ЕМЕСПЕН…» ямаса басқаларға ҳеш усамайтуғын адам менен сәўбетБелгили шайыр Сағынбай Ибрагимовты «Ашылысыў»ға мирәт етип, алыс Нидерланды мәмлекетиниң Утрехт қаласына сораўларымды жоллағанымда (Сағынбайды аўылдан табыў қыйын. Себеби, перзентлериниң бири Канада, бири Чехия, бири Нидерланды мәмлекетлеринде жасағанлықтан…
МЕРЎЕРТ
27 февр., 07:41
“ИБРАТ” көрсетиўиСаз зергери Қурбанбай Заретдинов 75 жаста@qrtrkmm_telekanali💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
МЕРЎЕРТ
25 февр., 08:30
ҚУРБАНБАЙ ЗАРЕТДИНОВ 75 ЖАСТА!Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры 25-февраль күни саат 15:00де Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем-өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор дирижёр-хормейстер профессор Қурбанбай Заретдиновтың 75 жасқа толған юбилей кешесине мирәт етеди.Театрдың мәлимлеме хызмети.💎@Merwert_uz Әдебий информациялық канал
МЕРЎЕРТ
25 февр., 07:21изменён
25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гүртик" күни мүнәсебети менен “Жаслар ТВ” телеканалы тәрепинен таярланған телесюжетти нәзериңизге усынамыз.Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
МЕРЎЕРТ
25 февр., 05:55изменён
#Қутлықлаў #МаэстроБүгин, 25-февраль Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, устаз композитор, театрдың бас дирижёры Қурбанбай Заретдиновтың туўылған күни. Бүгин ол өзиниң 75 жасын қарсы алмақта.«@Merwert_uz» каналы жәмәәти маэстроны бүгинги туўылған күни менен қутлықлап, терең денсаўлық, узақ өмир, шаңарағында аманшылық, дөретиўшилигинде табыслар тилеймиз.Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
МЕРЎЕРТ
25 февр., 05:55
🎉25 - февраль — ЖҮЎЕРИ ГҮРТИК КҮНИ✍️Базарбай Серекеев; 🖼“Тойға таярлық”; 1987-жыл.@museumsavitskyӘдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
МЕРЎЕРТ
25 февр., 05:45изменён
25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гүртик" күни!Байрамымыз қутлы болсын, Ўатанласлар!Әдебий информациялық канал: Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
МЕРЎЕРТ
22 февр., 17:19
Мәтен СейтниязовҚорқаман бүгинги гей жаслардың, Орынсыз отырыспа, кешесинен. Айтылған мәниси жоқ көп тостлардың... Ишип болып сындырған шийшесинен...Қорқаман ғыйқылдаған, быйқылдаған, Қулақты тесетуғын “шуў” сесинен. Қол-аяғы порқандай қайқаңлаған, Ойынынан — айырылғандай киси есинен.Қорқаман бир-бирине күш көрсетип, Көз алартып гүжирейткен желкесинен. Ақыл айтқан адамды ермек етип, Ерси қылық шығарған еркесинен.Қорқаман “люблю” деп ержеткенине, Өзи болған өзмәмбет пешесинен. Қорқаман “ақыллы” боп кеткенине,
