gram news
Аватар канала Минайхан Жуманазарова

Минайхан Жуманазарова

@minayxan_jumanazarovaa

Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди! Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыра Минайхан Жуманазарованын жеке дөретиўшилик каналы

ПроектыKK

320подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • Минайхан Жуманазарова

    19 авг., 03:51изменён

    Гулистан апаның еслеўин оқып отырып көзиме жас келди. Мамам шайыр кызлары менен қыдырғанды, оларды мийманға шақырғанды жудә жақсы көретуғын еди. Гулистан апа сизлер сондай аўыз биршиликли, сондай мехрибан және мәрт дос яранлар болдыңыз. Ҳәр бириңиздиң талантыңыз өз алдына бир дүнья. Ҳәзир сизлердей болып бир бирин қоллап қуўатлайтын дөретиўши топар жоқтың қасында екенлиги өкинишли. Халқымыздың мақтанышы болып саў саламат журе бериң!!!
  • Минайхан Жуманазарова

    19 авг., 03:35

    переслано из @gulistan1959

    Усы жерде айтпасам болмас Гапти келгенде айтпасаң , өлгенде айтасаңба ?,деген халықлық ибара бар. Усы Ташкентке баражақпыз, Гулистан Ахмедовна ; дөретиўши қызлар бир Ташкентке келиң мен сизлерди бир қыдыртайын Ташкентли дөретиўши ҳаял -қызлар менен таныстырайын. деген усыныс билдирген соң бизиң аўылдағы дөретиўши қызларда Ташкентти бир айланып қайтыў тилеги пайда болды. Кызлар билет алып қызғын таярланып атыр. Маған Минайхан Жуманазарова телефоннан шығып неге ундемей қалдың ҳамел қысып атырма деп ҳазиллесип атыр. Мен ол ўақытлары Нөкис қаласы гороно деген аўыр мекемениң баслығыман. Тустен кейин Абадан Сапарова менен Минай достым жетип келди. Ал неге билет алмай отырсаң деп Мен; Бай бай апажаным аў, Баяғы Университетим жақсы екен. Мына жумыс тек лаўлап турған от екен. Мен енди баяғыдай қыдырып журе алмайтуғын , жоқарының тапсырмасы болса орынлап отыратуғын ""бақыраўық туйеге""айландым ғо
  • Минайхан Жуманазарова

    8 авг., 18:21

    переслано из @ibratli_sozler

    ЖЕТПЕСИНЛИК ЖАМАН ДӘРТЖетпесинлик жаман дәрт, Мәрттиң кәддин бүгеди. Адым сайын берип пәнт, Абырайынды төгеди.Дастурхан тапса ас таппай, Жигиттиң жүзи қызарар. Гүриш тапса май таппай, Ҳаялы қазан туўарар.Жора-жолдас келгенде, Дийдиндей хызмет кылалмас. Барғызбасы барғызбай, Той-мереке саўалмас.✍️ Минайхан ЖУМАНАЗАРОВАhttps://t.me/ibratli_sozler
  • Минайхан Жуманазарова

    2 авг., 13:44

    " Қыя бақпа сен" М.Жуманазарова
  • Минайхан Жуманазарова

    20 июл., 11:23

    Қанша сулыў гүллердиң де солары бар, Шан-шәўкетли сарайлардың тозары бар, Ҳәр кимниң де тарқап кетер базары бар, Еллер ара яд етилер сөзим мениң, Сөзим ара жасағайман өзим мениң…✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА🔵Каналымызға ағза болың 📱@Minayxan_Jumanazarovaa
  • Минайхан Жуманазарова

    20 июл., 11:03

    📜ДОСТЫМАТүлки ел баскарып тоты ўәзири, Сыналды ғой арысланның бар мини Куши жетсе жеккелетти әззини, Не дәўранлар басымыздан өтпеди.Сонда да сен мойынсынбай оларға, Туўры келсе ҳақыйкатты сөйледиң, Жағымпаз ҳийлели торын курғанда, Өз соқпағың, гүзарыңды изледиң.Жарқ етип жаныпсаң халқың колында, Пидә ет жаныңды солар жолында. Аттан түскенинде сынадық бәрин, Жағымпазды жолатпа ҳеш жаныңа.Куўанамыз ҳақлық карар тапты деп, Қаракеңниң бир тулпары шапты деп, Түлкилер шыға алмай ҳасла ининен,
  • Минайхан Жуманазарова

    20 июл., 10:53

    📜КӨЗЛЕРИҢНЕНБунша, көзиң жаўдырап муңлы, Жуўап сорар неге, негелеп? Бағысында сыр бар пинҳамы, Қазық еттиң мени шегелеп.Ҳадал кеўлим, қулың болайын, Шекпе ҳасла қайғы ҳәсирет, Мейли жансам мен-ақ жанайын, Көзлериңнен меҳир төгип кет...✍🏻Минайхан ЖУМАНАЗАРОВА🔵Каналымызға ағза болың 📱@Minayxan_Jumanazarovaa
  • Минайхан Жуманазарова

    18 июл., 18:35

  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 18:30

    513видео3Открыть в Telegram
  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 17:46

    Тәбият жыласа… Жолбарыс журекли батыр ең, Бир өзиң мыңга татыр ең. Ҳалықыңның ғамын ойлаған, Ел ушын тууган шайыр ең. Дәртине дәрман излесе, Ҳалкың сени жоқлайды. Мәусимлер келсе избе из, Тәбият жойтып жылайды. Бәҳәр келсе селлетип, Жазы келер куйдирип, Гузде қазан жапырақлар, Қар астында туншығар. Ҳәтте пасыллар төзбейди, Өз жыршысын излейди, Асқар таулар қулазып, Булақ сууына шөллейди. Ана тәбият, ана жер, Өз баурына алдыма, Жаны төзбей пасыллар,
  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 11:25

  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 11:21

    Бүгин анамыздың бул дүньяны тәрк еткенине 7 жыл толды. Ўакыт өткен сайын орның билинип атыр Мама....
    331видео64Открыть в Telegram
  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 11:20

    переслано из @baxtiyarjumataev

    "Мен өлсем" М. ЖуманазароваМен өлсем таўлар қулайды Булақлар суў сорап жылайды Тек ғана адамзат шыдайды Өлгенниң изинен өлмек жоқ Өлгенге қәйтип келмек жоқПикирлериңизди комментарийди басып қалдырсаңыз болады.https://t.me/baxtiyarjumataevКаналға ағза болың. Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.
    274видео8Открыть в Telegram
  • Минайхан Жуманазарова

    26 июн., 11:19

    переслано из @a_blognot

    Көп емес дүньяда қарақалпақ аз... Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди...Минайхан ЖУМАНАЗАРОВАhttps://t.me/a_blognot
  • Минайхан Жуманазарова

    16 июн., 17:24

    переслано из @kitapxana_2021

    #poeziya📚 M.Jumanazarova - Elim dep eńiremeseń (1992)@kitapxana_2021
  • Минайхан Жуманазарова

    16 июн., 04:20

  • Минайхан Жуманазарова

    10 июн., 16:50

  • Минайхан Жуманазарова

    10 июн., 16:10

    переслано из @gulistan1959

    Темир қатынлар.Тәшўиш балалаған ақыл ойында, Пири де куйдирип минген мойынға, Сорасаң сыр бермес бәри жайында. Табанлап тартып жүр темир қатынлар.Ол да нәзик болған жаслық шағында, Гулдей еди қыз патшалық тағында, ""Сәўдигимди""айтқан бахыт бағында, Нәўше қызлар еди темир қатынлар.Перзентлерин сел, буршақтан қорғалап, Етек елпи, жеңи желпи жорғалап, Пешанадан маңлай тери сорғалап, Журсе сыр бермеген темир қатынлар.Телпекли жыйналып сырттан сайғанда, Өсеги сары шөптей тамыр жайғанда, Турмыс атлы қыйын сынақ майданда,
  • Минайхан Жуманазарова

    9 июн., 11:33

    https://www.instagram.com/reel/DZXNGtqqEE0/?igsh=MWNiaXIwMmY4djk0bg==
  • Минайхан Жуманазарова

    5 июн., 17:48

    "Әжаға" китабындағы гурриңлеринен узиндилер Қарақалпақстан радиоканалында. Оқыған журналист Индира Жамалова