gram news
Аватар канала Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

@muynakpress

💻https://muynak.uz/ 📱https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwL 📱https://instagram.com/muynak.press.service?utm_source=qr&igshid=NGExMmI2YTkyZg%3D%3D 📱https://www.youtube.com/@MuynakPress 📝@moynaq_murajatbot

ПроектыKKНовости

2,320подписчиков

Открыть канал

Последние посты

  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 17:09

    ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң жетинши шақырық 3-сессиясы 2024-жыл 12-декабрь күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.Сессия ҳәкимликтиң facebook каналы арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады. https://www.facebook.com/profile.php?id=100088967215883&mibextid=ZbWKwLМойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 10:41изменён

    Ҳүрметли пуқаралар!Қазанханаларды қосыўдан алдын морыларыңызды тазалатың! Морылардың тығылып қалыўы зəҳəрли газден зыянланыўға себеп болады. Зəҳəрли газ инсанды набыт қылады. Өзиңизди ҳəм шаңарақ ағзаларыңызды қəўипке қоймаң. Қəўипсизлик қағыйдаларына əмел етиң!muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 07:45изменён

    Илаж интернет тармағынан дурыс пайдаланыўға қаратылдыМойнақ районындағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, интернеттен туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты ҳаққында халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеялар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 07:06

    Рәсмий: Мойнақ районы орайына Ucell компаниясының еки станциясы орнатылады Кеше, 6-сентябрь күни Мойнақ районы орайында Ucell тармағында байланыс төменлиги бойынша мүрәжат тарқалған еди. Бул мәселе бойынша Мойнақ районы ҳәкиминиң Ucell компаниясы бас директорына
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 05:40

    2024-жыл 10-декабрь Президенттиң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасы имаратында район ҳәкимлиги жуўапкерлери ҳәм секторлар басшыларының пуқаралар қабыллаўы шөлкемлестирилди. _2024 йил 10 декабр куни Президентнинг Мўйноқ туманидаги Халқ қабулхонаси биносида туман ҳокимлиги маъсуллари ва секторлар раҳбарларининг фуқоралар қабули ташкил этилди.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 05:31

    Сексеўил егиў жумыслары даўам етпектеБүгинги күнде Арал теңизиниң қурыған түбинде дузлы шаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ҳәм қумды услап қалыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егилмекте.«Ўзбекгеофизика» АЖ «Устюрт геофизика экспедицияси» филиалф ҳәм «Яккабоғ геофизика экспедицияси» филиали жумысшылары тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбине 21 гектар жер майданға 7500 дана сексеўил нәли егилди.Сексеўил нәллериниң егилиўи Аралбойы аймағы халық хожалығы объектлери, аўыл хожалығы егинлери, бағлар, саҳралар ҳәм жайлаўларды тәбияттың унамсыз тәсиринен қорғайды.Сондай-ақ, биологиялық көп түрлиликтиң көбейиўине тәсир етеди ҳәм өнимдарлықты арттырады.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 05:23

    "E-auksion" платформасында 2330 жеке тәртипте турақ-жай қурыў ушын жер участкаларын сатып алын!!!!Ендиликте Сиз өзиңизге мақул аймақтан уй-жай қурыў ушын жер участкаларын онлайн аукцион саўдаларында қатнасып сатып алыўыӊыз мумкин. e-auksion.uz 🔷Беруний районы 98 (көриў) 🔷Бозатаў районы 331 (көриў) 🔷Қараөзек районы 301 (көриў) 🔷Кегейли районы 15 (көриў) 🔷Қоңырат районы 120 (көриў) 🔷Қаңлыкөл районы 56 (көриў) 🔷Мойнақ районы 325 (көриў) 🔷Нөкис районы 104 (көриў) 🔷Тақыятас районы 19 (көриў) 🔷Тахтакөпир районы 203 (көриў) 🔷Төрткүл районы 175 (көриў) 🔷Хожели районы 164 (көриў) 🔷Шымбай районы 54 (көриў) 🔷Шоманай районы 256 (көриў) 🔷Елликқала районы 129 (көриў)
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    11 дек. 2024 г., 05:02изменён

    #Денсаўлық_мүйешиБАЛАЛАРДА АУТИЗМ КЕСЕЛЛИГИАутизм кеселлиги соңғы ўақытларда балалар арасында жийи ушыраспақта.Ол қандай кеселлик? Аутизм кеселлиги - нерв системасының бузылыўы, қоршаған орталыққа итибарсызлық ҳәм баланың сөйлеўинде машқалалар болыў менен анықланады.Оның келип шығыўы генетика менен байланысса да айырым ўақытта бала күтимине итибарсызлық ақыбетинен де болатыны анықланған.Себеби, ана ҳәмледар ўақтында телефонға ғәрезли болып қалғанлықтан болады. Ямаса, ата-аналар бала тыныш отырсын деп қолына телефон берип қоя береди.Бала өз әлеми менен бәнт болып, сөйлеў қәбилети жойтады, аш болғанын сезбейди, ата-анасының қушақлағанын жақтырмайды.Аутизмниң қандай түрлери бар?https://muynak.uz/9153.htmlМатериалды интернеттен алып таярлаған: Гүлайым Қуўанышбаева.
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    10 дек. 2024 г., 10:06изменён

    🎙Сиз күткен сәўбет!«Гәптиң ырасы...» жойбарында.Жойбардың 4-санын нәзериңизге усынамыз!Турдымуратова Зульфия Ещановна. Мойнақ районындағы Қаражар аўылында туўылған. Оны Мойнақ орайынан 30 км. узақта жайласқан Жалғыз терек (жаңақала) аўылы балалары ушын қамыстан мектеп қурған Мойнақтың, қарақалпақ ҳаял-қызларының мақтанышы сыпатында жақсы билемиз. Зульфия Турдымуратованың бул пидайылығы ушын быйыл оқытыўшылар ҳәм муғәллимлер күни мүнәсибети менен Президентимиз тәрепинен «Соғлом овлод» ушын екинши дәрежели ордени менен сыйлықланды.Жойбар районымыздағы түрли тараў ўәкиллериниң жумыс искерлиги, белгили шахслардың мийнет жолы, жетискенликлери ҳәм олардың жеке ой кеширмелерин сәўлелендириўди мақсет еткен.Бәрше Мойнақлыларды усы жойбарды қоллап-қуўатлаўға ҳәм социаллық тармақлар арқалы бақлап барыўға шақырып қаламыз!Мәрҳәмат, тамаша етиң! Толық👇👇👇https://youtu.be/Usycnh6KrM4
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    10 дек. 2024 г., 04:13

    Ўзбекистон қишлоқ хўжалиги ходимларига табрик — Поздравление работникам сельского хозяйства УзбекистанаPrezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    9 дек. 2024 г., 18:50

    Жаслар арасында үгит-нәсиятлаў илажлары алып барылмақтаМойнақ районындағы 5-санлы мектеп оқыўшылары қатнасында диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, интернеттен туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты ҳаққында халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеалар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    9 дек. 2024 г., 17:32изменён

    #еслетпе❗️❗️❗️Қазанхана (котел) газ қыздырғышларын (горелка) ҳəдден тысқары қатты жақпаң!Қазанхана сыртына шығып жанып турған жалын хана ишине кирип, зəҳəрли газден зыянланыўыңызға себеп болады.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    9 дек. 2024 г., 17:25изменён

    ⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!⚡️Ҳаўа райының кескин дәрежеде суўытыўы алдынан жылытыў қазанлары ҳәм печь морыларын тазалатың.⚡️Морылардың тығылып қалыўы инсанларды зәҳәрли газден зыянланыўына яки жыллылық тармақларында насазлықларды келтирип шығарыўына себепши болыўы мүмкин.⚡️Жылытыў қазанлары ҳәм печьлерден ҳәр еки сааттан хабар алып турың.⚡️Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды қәўипке қоймаң!Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлимиmuynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    8 дек. 2024 г., 13:25

    Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент Тошкент вилояти Бўстонлиқ туманига ташриф буюриб, унинг ўсиб бораётган салоҳияти билан танишди. Давлатимиз раҳбари ХАЭА бош директори Рафаэль Гросси билан учрашув ўтказди — Ҳәптениң ең әхмийетли ўақыяларына шолыў: Президент Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында болып, оның өсип атырған потенциалы менен танысты. Шавкат Мирзиёев ХАЭА бас директоры менен сөйлесиўлер өткерди. — Обзор важнейших событий за неделю: Президент посетил Бостанлыкский район Ташкентской области и ознакомился с его растущим потенциалом. Глава государства провел переговоры с генеральным директором МАГАТЭFacebook|Instagram|X
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    8 дек. 2024 г., 13:25

    ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкинГүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.Ҳүрметли, пуқаралар!Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    8 дек. 2024 г., 13:25

    8-декабрь - Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн! — 8 декабрь - Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинган кун!Каналға ағза болыў: @joqargikenes🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    8 дек. 2024 г., 06:06изменён

    Ҳүрметли Мойнақлылар!Бүгин республикамызда Бас нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы кең түрде белгиленбекте.Конституциямыз - ғәрезсизлигимиздиң ҳуқықый негизи, инсан ҳуқықлары, мәплерин кепиллеўши, халқымыздың азат ҳәм абат Ўатан, еркин, пәраўан турмыс қурыўдай уллы мақсетке қарай бирлестириўши әҳмийетли ҳүжжет сыпатында қәдирли.Конституцияда халқымыздың қәлеўи, социаллық санасы, миллий мәденияты, мақсет-муратлары ҳәм арзыў-нийетлери сәўлеленген.Бизди бир мақсет жолында бирлестирген Бас нызамымыз миллетти миллет, мәмлекетти мәмлекет сыпатында танытыўда беккем ҳәм турақлы болсын!Бәршеңизди Конституциямыз қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығы байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, сизлерге узақ өмир, саў-саламатлық тилеймен!Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибековmuynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    8 дек. 2024 г., 04:42

    Әзиз Ўатанласлар! Қəдирли дослар!Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәнелердиң бири болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.Өзбекстан Республикасының Конституциясы бас нызамымыз болып, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийлеўде ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Конституция қабыл етилген байрам сәнеси быйыл ҳәр жылғыдан да көтериңки руўхта белгиленбекте.Әзиз дослар!Бəршеңизди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген байрам сәнеси менен қызғын кутлықлаймыз. Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!Аманбай Орынбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң БаслығыКаналға ағза
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    7 дек. 2024 г., 17:05

    Көшпели қабыллаўларда пуқаралар қәўипсизлиги әҳмийетли мәселеге айланбақтаМойнақ районы Ишки ислер бөлими баслығы, үшинши сектор басшысы Жамалатдин Юсуповтың аймақларда көшпели қабыллаўлары даўам етпекте.Бүгинги көшпели қабыллаў «Мәдели» АПЖ аймағында өткерилип, онда ҳаўа райы температурасынан келип шыққан ҳалда турақ жайды қыздырыў дереклерин басқарыў арқалы энергия ресусларын артықша сарпланыўының алдын алыў ҳәм гүз-қыс мәўсимин зыян көрместен өткериў, энергия үнемлеўши үскенелерден нәтийжели пайдаланыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен көрсетпелер берилди.Көшпели қабыллаўда мәҳәлле турғынлары турақ жайларының ысытыў мәўсимине таярлығы ҳәм бул мәўсимде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаў бойынша қағыйдалар атап өтилди.muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
  • Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы

    7 дек. 2024 г., 16:57

    "Әжинияз" көркем-публицистикалық фильмиКаналға ағза болыў: @joqargikenes🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube