Последние посты

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 09:36
❗️Суд ислерине араласқан лаўазымлы шахслар 5 жылға шекем қамалыўы мүмкин12-сентябрьден күшке кирген нызам менен суд ислерин шешиўге нызамсыз араласыў жағдайы ушын жуўапкершилик күшейтилди.Судя яки халық кеңесгөйине суд исиниң қалыс көрилиўине тосқынлық етиў яки әдалатсыз қарар шығарылыўына ерисиў мақсетинде нызамсыз тәсир өткериў жағдайы ушын 3 жылға шекем еркинен айырыў мүмкин.Егер бул ҳәрекет лаўазымлы шахс тәрепинен исленген болса, жаза 3 жылдан 5 жылға шекем еркинен айырыўды қурайды.Сондай-ақ, суд имаратында тәртипти бузыў ямаса суд баслығының нызамлы талапларына бойсынбаў ушын БЕМниң 1 есесинен (440 мың сумнан) 3 есесине (1,3 млн сумға) шекем муғдарында жәрийма белгиленди.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!2,710Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:40
⚡️Орайлық Азияның төрт мәмлекети электр энергиясы саўдасы ушын бирден-бир платформа жаратадыЖойбар арқалы бир мәмлекеттеги артықша электр энергиясын басқа мәмлекеттеги жетиспеўшиликти қаплаў ушын жеткерип бериў механизми жолға қойылады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:39
Қамақтағы ҳаяллардың балалары ушын арнаўлы бақшалар шөлкемлестириледи1-декабрьден баслап еки тәрбия мәкемеси жанында үш жасқа шекемги балалар ушын арнаўлы орайлар ашылады. Балалар ушын күни-түни ислейтуғын топарлар шөлкемлестириледи, аўқатланыў тәмийинленеди ҳәм медициналық хызмет көрсетиледи.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!6,130Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:35изменён
❗️Гүз-қыс мәўсиминде тәбийғый газ биринши гезекте халық ҳәм социаллық тараў объектлерине жеткерип бериледиҲүкимет қарарына бола, 2026-2027-жыллар гүзги-қысқы мәўсимде тәбийғый газ бенен тәмийинлеўде халық, мектеплер, бақшалар, емлеўханалар ҳәм басқа да социаллық тараў объектлерине үстинлик бериледи.❗️Ҳаўа температурасы кескин төменлеген дәўирде усы объектлерди тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў мақсетинде басқа категориядағы тутыныўшыларға белгиленген тәртипте ўақытша шеклеўлер енгизилиўи мүмкин.Сондай-ақ, газ ресурслары ҳәм ҳаўа-райы шараятынан келип шығып, ҳәр ай ушын газ бөлистириў кестелери тастыйықланады. Газ басымы төменлегенде де халық ҳәм социаллық тараў объектлерин тәмийинлеў тийкарғы болып қалады.🗓 Қарар 2026-жыл 1-октябрьден 2027-жыл 31-мартқа шекем әмел етеди.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!6,400Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:30
Chery Arrizo 8 Hybrid uçun qulay taklif!Tejamkorlik, yuqori dinamika va biznes-klass darajasidagi qulaylikni özida mujassam etgan gibrid sedanni Chery’ning barça rasmiy dilerlik markazlaridan foydali şartlarda xarid qiling:🔹 Oylik tölov — 3 849 000 sömdan 🔹 Boşlanğiç tölov — 40% dan 🔹 Yillik stavka — 0% danŞartlar boşlanğiç tölov miqdori, tölov summasi va muddatiga köra özgarişi mumkin. Avtomobil suğurtasini rasmiylaştiriş majburiy şart hisoblanadi.⏳ Taklif çegaralangan! Qulay şartlardan foydalanişga ulguringBatafsil ma’lumot: 📞 +998-55-500-06-555,980Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:21
👨🎓 Өзбекстанда 15 жастан асқанлардың 12 проценти жоқары мағлыўматлы – СтаткомХалықты дизимге алыў нәтийжелерине бола, 15 жас ҳәм оннан үлкен халықтың билим дәрежеси бойынша бөлистирилиўи төмендегише:➖ жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги мағлыўматқа ийе болғанлар — 3,2 млн адам ямаса 12,0 процент;➖ орта арнаўлы ҳәм профессионал мағлыўматқа ийе болғанлар — 9,7 млн адам ямаса 35,8 процент;➖ улыўма орта билимге ийе болғанлар — 11,6 млн адам ямаса 42,8 процент.📊 15 жас ҳәм оннан үлкен ҳәр 1000 халыққа 120 жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги, 358 орта арнаўлы ҳәм профессионал ҳәм 428 улыўма орта мағлыўматлы шахс туўра келеди.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!6,670Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 08:13
🇰🇬 Қырғызстанда президентликке 11 адам талабан болмақта13-ноябрь күни Қырғызстанда президентлик сайлаўларына талабан көрсетиў мүддети жуўмақланды. Орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматына бола, мәмлекет басшылығы ушын 11 адам гүреспекте.Талабанлар 8-декабрьге шекем кеминде 30 мың сайлаўшының қолтаңбасын жыйнаўы, ҳүжжетлер болса 13-декабрьге шекем тапсырылыўы керек. Жуўмақлаўшы дизим 23-декабрьге шекем тастыйықланады.Президентлик сайлаўы 2027-жыл 27-январьда болып өтеди. Әмелдеги президент Садир Жапаров та талабан сыпатында ҳүжжет тапсырған.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!7,360Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
14 нояб., 07:06
❗️Рәсмий: Халық ушын пропан 15-ноябрьден баслап 5 000 сумҚол қойылған ҳүкимет қарарына бола, 2026-жыл 15-ноябрьден баслап:• халық ушын суйылтырылған газдиң усақлап сатыў баҳасы ҳәр бир килограмм ушын қосымша қун салығы менен бирге 5000 сум;• «LPG-Trade» ЖШЖ тәрепинен халыққа суйылтырылған газ жеткерип бериў хызмети ушын шекленген баҳа ҳәр бир килограмм ушын қосымша қун салығы менен 1 300 сум етип белгиленеди.Бүгин биржада халық ушын пропан саўдасы ажыратылған секторда өткерилген, хожалық секторы ушын саўдаларда пропан баҳалары сезилерли дәрежеде қымбатлаған.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!10,800Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 14:32
АИ-92 бензин баҳасы дерлик 21 процентке қымбатладыӨзбекстан Республикалық товар-шийки зат биржасында АИ-92 бензининиң баҳасы кескин көтерилип, бир тоннасы орташа 15,9 млн сумды қурады.Соның менен бирге, базарда ең көп сатып алынған А-92 K2-L маркалы бензинниң баҳасы дерлик өзгермеди ҳәм 13,5 млн сум дәрежесинде қалды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!16,600Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 14:32
❗️Валюта курс ─ 23.09.2026👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!15,400Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 11:43
Миллий сертификат имтиханлары ушын рухсатнамалар жәрияландыБиология, химия, физика ҳәм математика пәнлеринен миллий сертификат имтиханлары 2026-жыл 26-30-сентябрь ҳәм 2-4-октябрь күнлери өткериледи, соның ишинде:26- сентябрь ҳәм 28-сентябрь күнлери биология пәнинен; 27-28-сентябрь күнлери химия пәнинен; 29-30-сентябрь күнлери физика пәнинен; 2-4-октябрь күнлери математика пәнинен.26-28-сентябрь күнлери биология ҳәм химия пәнлеринен тест сынағы өткерилетуғын имаратларға кириў ўақытлары:1-смена ушын: 07:00 ден 08:30 ға шекем 2-смена ушын: 13:00 ден 14:30 ға шекем29-30-сентябрь күнлери физика ҳәм 2-4-октябрь күнлери математика пәнлеринен тест сынағы өткерилетуғын имаратларға кириў ўақытлары:1-смена ушын: 07:00 ден 08:30 ға шекем21,000Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 10:54
❗️Муғаллимлерге 1-октябрь мүнәсибети менен 1 млн 20 мың сумға шекемги сыйлық бериледиПедагог ҳәм басшы хызметкерлерге «1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен берилетуғын сыйлық муғдары арттырылды.Президенттиң ПФ-51-санлы пәрманына бола, сыйлық муғдары мийнетке ҳақ төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекем етип белгиленди.Ҳәзир мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары — 1 млн 360 мың сум.Оған бола, педагог ҳәм басшы хызметкерлерге 1 млн 20 мың сумға шекем сыйлық пулы берилиўи мүмкин.Сыйлық муғдары оқытыўшының айлық мийнет ҳақысынан емес, белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан келип шығып есапланады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!21,000Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 10:44
переслано из @mymobiuz
😎 Startda yettilar — Mobiuz tarmog‘ida omad belgisi! ⚡️🔥 Boshida ikkita 7 — bu shunchaki chiroyli emas, balki tezda yodda qoladigan kombinatsiya. Muloqotni chiroyli raqam bilan boshlang! 🤝⚡️ Yangi seriyaga ulanish imkoniyatini taqdim etamiz: 🔣🔢🔢🔢 🔢🔢 🔢🔢🔢 🔣 🔠🔠 🔣17,000Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 10:31
Қулақшын тағып алсаңыз да сөйлесиў сыр болып қалмаўы мүмкин. Илимпазлар дийўал артынан да даўысты еситиў усылын таптыҚулақшын тағып алып музыка тыңлап атырғаныңызда ямаса биреў менен сөйлесип атырғаныңызда, даўысты тек өзиңиз еситип атырсыз деп ойлайсыз. Бирақ қытайлы изертлеўшилер айырым электрон қурылмалардан шығып атырған мағлыўматты аралықтан турып тутып алыў мүмкин екенлигин көрсетти. InjectEave деп аталған жаңа усыл наушниктеги сести арнаўлы радио үскенелери жәрдеминде тутып алыў имканиятын береди. Тәжирийбеде аралық ҳәтте 30 метрге шекем жеткен.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!16,800Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:55
🇺🇸 Трампқа қарсы жаңа урыс басланды: Енди Трамптың сөзин ҳеш ким еситпейди. АҚШтың ири телеканаллары оның даўысын өширип қойдыОған Ақ үйдиң CNN, MSNBC ҳәм Politico хабаршыларын киргизбеў ҳаққындағы қарары себеп болды. Басқа телеканаллар (ABC, CBS, NBC ҳәм ҳәтте консерватив көзқарастағы Fox News) кәсиплеслери менен биргеликте ўақыяларды жарытыўды биргеликте тоқтатып турды.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:50
🇹🇷 Түркиядағы мектеп жанында атыспа жүз бердиРегион губернаторы 8 адам жарақатланғаны ҳәм ҳүжим қылған шахс қолға алынғаны ҳаққында баянат берген. Соның менен бирге, ол ҒХҚда тарқалған оқыўшылардан бириниң қайтыс болғаны ҳаққындағы хабарларды тастыйықламады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:39
🔥 ISHONCHTAN SERYOZNIY AKCIYA! 🔥🗓 Tek 23–27-sentyabr kúnleri!🎁 Turmıslıq texnika hám elektronikalarǵa 30% • 40% • 50% • 60% ke shekem ARZAN BAHALAR!🛒 Akciyadaǵı ónimlerden: 📱 Samsung Galaxy S25 Ultra — 929 000 sumnan 📺 LG 43” Smart TV — 400 000 sumnan 🧊 Artel 276 ECO — 208 000 sumnan ❄️ Avalon 12 000 BTU — 500 000 sumnan 📱 Samsung Galaxy A36 — 2 989 000 sum 🧺 Artel 6002 6 kg — 2 200 000 sum 📺 Ferre 32” Smart AI — 990 000 sum💥 Shegirmeler 60% ke shekem! ⏳ Akciya múddeti sheklengen — 23–27-sentyabr!📄 Artıqsha hújjetlersiz — tek ǵana pasporttıń ózi jetkilikli!17,000Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:18
🇺🇿🇺🇳 Саида Мирзиёева БМШ минберинде шығып сөйлейдиПрезидент Администрациясы басшысының БМШ Бас Ассамблеясы 81-сессиясындағы шығып сөйлеўи АҚШ ўақты менен 23-сентябрьге режелестирилген.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!16,500Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:17
🇺🇿🇹🇲 Шавкат Мирзиёев Сердар Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қутлықладыТүркменстан Президенти бүгин, 22-сентябрь күни туўылған күнин белгилемекте. Ол 1981-жыл 22-сентябрьде туўылған.Сөйлесиў жуўмағында Мирзиёев Түркменстан халқын 27-сентябрьде белгиленетуғын Ғәрезсизлик күни менен де қутлықлады.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!16,200Открыть в Telegram
НЕ ЖАҢАЛЫҚ?
22 сент., 09:07
❗️Жумыстағы күш көрсетиў ҳәм зорлық бойынша онлайн мүрәжат порталы иске түсириледиПрезиденттиң 2026-жыл 21-сентябрьдеги ПҚ-345-санлы қарарына муўапық, Өзбекстанда қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.💻 1-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын арнаўлы мәлимлеме порталы иске түсириледи. Ол арқалы жумыс орнындағы күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары бойынша онлайн мүрәжат жоллаў мүмкин болады.Лаўазымлы шахс ямаса жуўапкер хызметкерге байланыслы мүрәжатлар автоматик түрде жоқары турыўшы инстанцияға жибериледи.Егер жағдайда ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ямаса жынаят белгилери анықланса, мүрәжат «112» арқалы ўәкилликли уйымға жибериледи.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!16,800Открыть в Telegram
Подписчики пишут боту, вы отвечаете реплаем, ваш аккаунт скрыт. Создаётся в одно касание.
Как это работает →