Последние посты

Jas dóretiwshiler
1 сент., 15:46изменён
Гүлнараға жазылған экспромптУсы ири сүйекли қыз меники - Ири болғаны ушын оны таңладым. Ириликти сүйдим мен бул өмирде.Сағынбай ИБРАГИМОВ ЧЕХИЯ БРНО қаласы 21.04.2021."Қасы-көзи сулыў, жүзи айдай..." - сыяқлы қулағымыз үйренген жылтыр сөзлерден пайдаланбай-ақ, өз "Гүлнара"сына өз тилинде сулыў сезимин айтып тур ШАЙЫР🥰😇#QRjas_doretiwshiler
Jas dóretiwshiler
1 сент., 08:37
#САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТАУстаз – Ҳәмийше жаслар менен бирге😊@QRjas_doretiwshiler
Jas dóretiwshiler
1 сент., 08:36
#ҚУТЛЫҚЛАЎ #САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТАҚарақалпақ интелектуал поэзиясының ўәкили, бүгинги күнде сәўбет жанрын даўамлап, мазмунлық жақтан байытып атырған бирден-бир жазыўшы-эссеист, дилмаш, жаңашыллықты хошлаўшы ҳәм қоллаўшы устаз - Сағынбай Ибрагимов 70 жаста!Сағынбай Ибрагимов әлеминде қайнаўытлаған сезимлерин, өмир тәжирийбелерин, тәжирийбеден аңлағанларын, сондай-ақ, инсаный принциплерин биз үйренген формаларға қашаўлап сыйғызбастан, оларға еркинлик инәм етти де, әдебият әлемине өз соқпағын салып келди. Айырым жағдайларда биз ушын әпиўайы көринген туйғыларды жүдә үлкен шоққыларға байласа, гей гезлери үлкен, уллы сезимлерди әпиўайы сөз бенен ақ инсан жүрегине жеткерип, дөретиўшилигин түрли қубылдырып атырған шайырға терең денсаўлық, узақ өмир, шаңарағына берекет, дөретиўшилигине еле де бәлент пәрўазлар тилеймиз!Тилегенова Алтынай #QRjas_doretiwshiler
Jas dóretiwshiler
1 сент., 05:53
#САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТАДүнйадағы ең бир әззи нәрсеге тапсырып қойғанман ықтықатымды -жазыўы өшеди бул қағазлардың, отқа түсип бир шымтым күл болады.Мен жаза алмадым қара тасларға - жулдызлардың мендей әжиз бендегетәнҳа сыбырлаған қупыяларын, аўыр ҳәм дәҳшетли сырларын.Мениң самал менен түнлерге айтқан ызалы сөзлеримниң алдында -қағаз әззи еди, тас әззи еди.
Jas dóretiwshiler
1 сент., 05:39изменён
#ҚУТЛЫҚЛАЎ #САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТА1- сентябрь шайыр, жазыўшы, эссеист, аўдармашы, көплеген жас дөретиўшилердиң әдиўли устазы – Сағынбай Ибрагимовтың туўылған күни! Бүгин устаз өзиниң мүбәрек 70 жасын қарсылап атыр.Бәрше шәкиртлери – жас дөретиўшилер, әдебиятсүйер ҳәм китапқумарлар атынан беккем денсаўлық, талмас күш-жигер ҳәм инабатлы дөретиўшилик жолында таўсылмас илҳам-ёш тилеймиз.@QRjas_doretiwshiler
Jas dóretiwshiler
29 авг., 17:05
переслано из @meyrambek_poeziya
ҚараМен қара жұмысшымын. Көп көрген, қыс аязын күн ыстығын. Тәніне рахат емес тек іздеген, Жанының тыныштығын.Жинамаған байлықтың шикі қоңын, Қайда апарам бос маңғаз сиқын оның? "Оқымаған" деуге де асықпаңдар, Бар екі дипломым.Менің де бұл өмірге берерім бар, Түсінсең түңілмей кел керегіңді ал. Қоржының толмай жатса асықпашы, Өнерім - өлеңім бар!Көрсеңдер бір ойланып, Барамыз осы біздер кімге айналып? Сөзім, жырым санаңа симаса егер,
Jas dóretiwshiler
24 авг., 18:34
https://t.me/goldcheme_uah_bot/reelpay?startapp=ref_5688696199Reelslarni ko'ring va pul ishlang! Mening havolam orqali o'ting va bonus oling +30 000 so'mTelegramReelPayДивись рілси та заробляй 💰
Jas dóretiwshiler
11 авг., 05:46изменён
#Китап_жаңалығыШайыр Сағынбай Ибрагимовқа жаңа китаплар ушын миннетдаршылық билдиремиз.Өзине, ықласпентлерине, қарақалпақ әдебиятына қутлы болсын...@QRjas_doretiwshiler
Jas dóretiwshiler
11 авг., 05:38
переслано из @gulnara_ibragimova_daniyarova
"САҒЫНБАЙШЫЛАР"! Ағаңыздың ШЫҒАРМАЛАР ЖЫЙНАҒЫНЫҢ 5 - 7 - 8 - томлары шықты. Савицкий музейдиң жанындағы Муратбай ағаның "Китап дүньясы" дүканында сатыўда бар. Қуда қәлесе, бизлер аўылға октябрьдиң ақыры, ноябрьдиң басларына барармыз, алла сәтине салсын. Жолларымыз бийқәтер болсын. Сағынның жаңа томларының саўдасын ашып бересиз деген үмиттемиз. Китапханаңыздағы Томлар толық болыўы керек ғо. (Қуда қәлесе, 6 - томның жумыслары шамаласып тур.)Аман болыңлар балларым.
Jas dóretiwshiler
30 июл., 13:38
переслано из @b_genjemuratov
Тек Тәңрим өзгермес... Дүнья өзгерер, Қудай: "Жәннет бар!" деп бизге сөз берер. Мен өзгерген болсам, дүнья өзгермей, Аллаға теңбекен меннен өзгелер?!...Бахтыяр Генжемуратов@b_genjemuratov
Jas dóretiwshiler
24 июл., 17:23
https://www.qha.com.tr/turk-dunyasi/turk-dunyasi-siir-antolojisi-okurlarla-bulustu-529574QHA - Kırım Haber Ajansı'Türk Dünyası Şiir Antolojisi' okurlarla buluştu - QHA - Kırım Haber AjansıBengü Yayınları etiketiyle yayımlanan 'Türk Dünyası Şiir Antolojisi', şair, yazar ve akademisyen Fatih Sultan Yılmaz tarafından hazırlandı. Kazakistan, Özbekistan, Kırgızistan, Türkmenistan, Azerbaycan, Karakalpakistan ve Türkiye'den şairlerin eserlerini…
Jas dóretiwshiler
23 июл., 17:04
переслано из @allayar_darmenov
Қайерден үй алайық?Кел, жаным! Айды аялайық, Қуяшты қуўалайық, Жулдызларға жуўырмай, Жерден жай алайық.Марста мәс болармыз, Айда аш болармыз, Әрманлап аспанды, Жерден бос қалармыз.Квартира, домыңды, Жыйнап тийин, сомыңды, Биз де үйли болармыз, Қудай берсе жолымды.Шөлде ме я қыр, таўда, Шет елде ме, атаўда?
Jas dóretiwshiler
20 июл., 08:50
переслано из @gulnara_ibragimova_daniyarova
Сағын екеўмиз Жас дөретиўшилер менен биргемиз.Нөкис Жаслар орайы12.01. 2022t.me/katharsis_nukus t.me/gulnara_ibragimova_daniyarova
Jas dóretiwshiler
19 июл., 15:26
переслано из @kitobxonlikkengashi
📣 "Iste'dodli muallif" tanlovi natijalari🏆 Yakuniy natijaga koʻra qaysi ishtirokchilar tanlov gʻolibi boʻlganini yuqoridagi postda koʻrishingiz mumkin.Barcha gʻoliblarni va ishtirok etgan ijodkorlarni tabriklaymiz hamda tashakkur bildiramiz.Bizni ijtimoiy tarmoqlarda kuzating! 🌐 Telegram | 🌐 Instagram
Jas dóretiwshiler
18 июл., 12:32
Әзербайжанның Шуша қаласында болып өтип атырған Түркий дүнья жас шайырларының ll халықаралық фестивалында Молла Панаҳ Ўағиф көкирек белгиси менен сыйлықландық.17.07.2026.@Allayar_Darmenov
Jas dóretiwshiler
9 июл., 17:28
переслано из @tengelbay_sarsenbaev
Seniń jańa túsken kúnleriń edi...✍ Sózi: Teńelbay Sársenbaev (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Naması: Bahadır Sársenbaev 🎤 Atqarıwında: Sársenbay UzaqbaevSeniń jańa túsken kúnlerin edi, Tańnıń da asıǵıp atıp júrgeni. Kúnniń de keshigip batıp júrgeni, Seniń jańa túsken kúnleriń edi.Dunyada barlıǵın bildirip baxıt, "Baxıtlı jigit" dep belgi gúl taǵıp, Úyge intizarlıq qamalǵan waqıt, Seniń jańa túsken kúnleriń edi.
Jas dóretiwshiler
9 июл., 17:28
переслано из @tengelbay_sarsenbaev
Сениң жаңа түскен күнлериң еди...✍ Сөзи: Теңелбай Сәрсенбаев (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Намасы: Баҳадыр Сәрсенбаев 🎤 Атқарыўында: Сәрсенбай УзақбаевСениң жаңа түскен күнлерин еди, Таңның да асығып атып жүргени. Күнниң де кешигип батып жүргени, Сениң жаңа түскен күнлериң еди.Дунйада барлығын билдирип бахыт, "Бахытлы жигит" деп белги гүл тағып, Үйге интизарлық қамалған ўақыт, Сениң жаңа түскен күнлериң еди.
Jas dóretiwshiler
9 июл., 17:27
переслано из @tengelbay_sarsenbaev
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ (09. 07. 1940 – 29. 10. 2005)ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР: >> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди. >> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң >> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. >> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын >> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды. >> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи. >> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында, >> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти.ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ:1974-жыл ,,Жаршы", 1977-жыл ,,Дебдиў", 1980-жыл ,,Қубылыў", 1984-жыл ,,Қайнаўыт", 1989-жыл ,,Шабыўыл",
Jas dóretiwshiler
9 июл., 17:27
переслано из @tengelbay_sarsenbaev
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген.Теңелбай Сәрсенбаев(09. 07. 1940 - 29. 10. 2005)@Tengelbay_Sarsenbaev
Jas dóretiwshiler
6 июл., 16:41
переслано из @kengesbay_raxmanov
#Китап жаңалығы!Ассалаўма әлейкум, қәдирли каналымыз ағзалары! Халқымыздың сүйикли перзенти Кеңесбай Рахмановтың қызы, радиожурналист Дилбар Рахманованың гезектеги екинши новеллалар топламы «Муҳаббат жоқ жерде» китабы «Жети ықлым» баспасынан жарық көрди. Китапта: «Өзекти өртеген өкиниш» «Жаңа жыл тилеги» «Сықмар ғарры» «Қыя басылған қәдем» «Жигит көзи менен қыз таңлама» «Бузылған уя» «Әрман» «Квартирант» «Еки кемениң басын услаған жигит» «Меҳир берсең - меҳир аларсаң» «Екинши ҳаял» «Муҳаббат жоқ жерде...» «Қәйинбийке» «Күйик» сыяқлы түрли атамадағы, бири-биринен қызық новеллалар орын алған. Буған шекем де автордың «Бийгүна қыздың көз жасы» деп аталған прозалық шығармалар топламы басылып шыққан еди. Китапты алып оқыўды қәлеўшилер болса, китап «Жипек жолы» көшесиндеги И. В. Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң қарама-қарсысында жайласқан «Китап дүнйасы»
