Последние посты

"Жаратылыс"
30 авг., 13:53
https://telegra.ph/Baht-simfoniyasi-03-31TelegraphБахт симфониясиНаргиза ҳар кунгидек эрта тонг каллаи саҳарда уйғонмади. Унинг бутун вужуди бугун бошқача кун эканлигини айтиб аллалаганми, қаттиқ ухлаб қолибди. Жуда қаттиқ. Ҳар тонг 4.00 да сесканиб уйғониб кетадиган руҳи ва жисми негадир бир асрлик роҳатни туйгандек ором…
"Жаратылыс"
13 авг., 17:08
Бир апайдың айтқанлары:Өткен өмирин еслеп, тек өтмишти айта беретуғын адамның бүгинги өмиринде мазмун жоқ екенлигинен. Адам мазмунлы және бахытлы жасаған саатларын еслеп те бахытлы болады... Сол ушын қолыңыздан келгенше адамлардың өмирине мазмун, қуўаныш бериң, буннан шаршамаң.@sheginisten
"Жаратылыс"
14 июл., 18:49
Қарақалпақ әлипбесинде өзгерислер күтилип атырғаны ҳаққындағы хабарлар бийкарландыҚарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесиниң өзгериўи ҳаққында тарқалған хабарлар тийкарсыз екенлигин мәлим етти. Барлық рәсмий ҳүжжетлерди әмелдеги әлипбе тийкарында жүргизиў даўам етеди.Мағлыўмат ушын, қарақалпақ әлипбесине соңғы нызамлы өзгерислер 2016-жылы киргизилген болып, онда ҳәриплердеги апостроф белгилери акут (á, ó, ú, ǵ, ń, í) белгисине алмастырылған. Рәсмийлер халықтан рәсмий емес ҳәм тастыйықланбаған хабарларға исенбеўди сорамақта.👉 @NE_JANALIQ — Ең соңғы жаңалықлар!
"Жаратылыс"
4 июл., 16:49
переслано из @allayar_darmenov
Сабақ аларлық сабақПрофессор келди. Қатнасты алып, енди сабақты өтежақ еди, "женсәбет" келди. Қызларды орнынан турғызып, келте киймеўин, шашларын жыйнап жүриўин ескертип, 10 минут ўаз оқыды. Муғаллим енди доскаға тема жазажақ еди, оқыў бөлиминен келип, муғаллимниң алған қатнасына исенбей, өзи хәммени орнынан турғызып, паточныйдағы 78 адамды санап кетти (алжасып, бир-еки рет қайта санады). 10 минуттың басына суў қойды. Теманы түсиндирип баслайжақ еди, "замдекан" келип, старостолардан кешеги берген тапсырмаларын сорап, орынламағаны ушын бақырып кетти. Теманы түсиндирип атыр еди, кафедра баслығы келип, курс жумысын тапсырмағанларды тикке турғызып, жараған түйедей аудиторияны басына көтерди. (Қанша ўақыт кеткенин қудай биледи). Кейин тютор келип, ертеңги байрамға қатнасыўшы онлаған студентти тапырлатып алып кетти. Үйге тапсырма бережақ еди, көптен күтилген мийман (яки мезбан) келди: ДЕКАН!
"Жаратылыс"
3 июн., 14:40изменён
Шайырлар бар шайырлардың шайырлығын сүйетуғын, Шайырлар бар шайырлардың отларында күйетуғын. Бул кең әлем, Сөз иләҳий, пири бөлек, жини бөлек. Шайырға да сырлас керек йош рюмкасын қағатуғын.Айгүл Қосымбетова@sheginisten
"Жаратылыс"
2 июн., 04:16изменён
@sheginisten
"Жаратылыс"
1 июн., 04:31изменён
Мүженем...мөженем...мазалы дәнем, Миттай жүрегиңнен үйим жылыйды. Сүйги сандығымнан шыққан ғәзийнем, Ағаң жерге қоймай, орын излейди. А.ҚосымбетоваБайрамыңыз қутлы болсын, өмир периштелери. Сизлер менен өмир сулыў.Перзентлеримиз алдымызда аман болсын. Бахытлы балалық инәм ететуғын Ата-Ана болғаймыз... Мөженелериңизди сүйип қойың😇@sheginisten
"Жаратылыс"
31 мая, 19:40изменён
Өмирде әжайыбатлар көп... Олар өзгешелиги менен гөззал... Усындай гөззаллық бул – Егизлер. Бүгин мениң анам ҳәм оның егиз сыңары дайымның туўылған күни. Өмир өзи Сизлерди гөззал етип жаратқан. Бирге, тең қартайып жетпистиң желкесинен атлап, сексеннен секирип, жүз бенен жүзлескейсиз...Алла та Алла нийет еткен бәршеге егизлерди инәм еткей... Маған да❤️🙏🙏🙏Айгүл Қосымбетова@sheginisten
"Жаратылыс"
31 мая, 07:16изменён
https://youtu.be/ZU4LP0fCHI0?is=WCWJGNfZuefonzVE t.me/katharsis_nukus
"Жаратылыс"
31 мая, 07:08
переслано из @katharsis_nukus
https://youtu.be/ZU4LP0fCHI0?is=WCWJGNfZuefonzVEt.me/katharsis_nukusYouTube"KEWIL LIRASÍ" 23 05 2026Enjoy the videos and music you love, upload original content, and share it all with friends, family, and the world on YouTube.
"Жаратылыс"
27 мая, 10:37изменён
Шайырдың бахытсызлығы— жақсы қосық жаза алмай қалған ўақты.... Бахтыяр ГенжемуратовБазда сағынаман жойтаман излеп, Сенлик сезим бөлек, сенлик жол алыс. Қыяллар гезеди ышқыста, ҳәлек , Шаршаған кеўлиме тек бир сен кемис.Мен бахытлы шайыр, Бахытсыз ашық. Өз дүньяма өзим султанлық еттим, Сен барда туйғылар турған таўланып, Жоғыңда сөтилип баратыр сезим.Сен кеттиң...сөз кетти... сезимлер кетти... Меннен қайғы кетти, жоқ енди муңым. Улыған қасқырым уйқыға кетти. Қосық сулыўлығы. Сен едиң бахтым?!Мәжгүнлик те бахыт, айралық ығбал.
"Жаратылыс"
22 мая, 20:06
"Кеўил лирасы" көрсетиўиниң мийманы "Шуҳрат” медалы ийеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы белгили шайыр, эссеист ҳәм прозаик Сағынбай Ибрагимов. Көрсетиўди 23-май күни саат 20:50 де Қарақалпақстан телеканалы арқалы тамаша етиң.
"Жаратылыс"
22 мая, 19:59
переслано из @kewil_lirasi
"Кеўил лирасы" көрсетиўиниң мийманы "Шуҳрат” медалы ийеси, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы белгили шайыр, эссеист ҳәм прозаик Сағынбай Ибрагимов. Көрсетиўди 23-май күни саат 20:50 де Қарақалпақстан телеканалы арқалы тамаша етиң.
"Жаратылыс"
15 мая, 03:10изменён
Ә_ж_а_й_ы_п е_р_и_н_ш_е_к_л_и_кБир ўақлары ушырасыўларға, көрсетиўлерге, радиоға шақырады. Барғым келип ышқыста боламан. Бирақ, үлгеремен бе..., деп ойлап бармай қаламан. Үлгериўге болатуғын да шығар, анығы.Деген менен өзиме өзим дем ал... Қудайдың берген демалысы... Бул күнлер қайта айланып келмейди деп үйимнен шықпай қаламан.@sheginisten
"Жаратылыс"
11 мая, 19:55изменён
Кишкентай Айгүлдиң барлық тилек ҳәм арзыўларын Анам менен бирге орынлағаныңыз ушын сизден миннетдарман ӘКЕ❤️Бахытлы балалық сыйлағаныңыз ушын рахмет. Алдымда аман болғайсыз. Өмириңиз узақ, денсаўлығыңыз беккем болғай.Анам менен бирге қартайып, ғаррылықтың алтын тахты несип еткей, бахытлы мәўритлериңиз көп болсын... 🙏🙏🙏Туўылған күниңиз қутлы болсын деп қызыңыз Айгүл Есбосыновна@sheginisten
"Жаратылыс"
25 апр., 19:28
переслано из @genjemuratov1959
Ҳақыйқый еркек - ол, ҳаялдың туўылған күнин билетуғын, бирақ жасы нешеде екенин билмейтуғын жигит. Ҳаялдың туўылған күнин билмейтуғын, бирақ жасы нешеде екенин анық билетуғын жигит, ол - еркек емес!Фаина Раневская
"Жаратылыс"
13 апр., 21:52изменён
Өмир бул арзыў еткен кеўлиңдеги дүньяда жасаў. Биреўлер қәлегендей етип жасаў емес...Сол ушын биз өз қәлеўлеримизге талпынамыз, жүрегимизди тыңлаймыз...Айгүл Қосымбетова@sheginisten
"Жаратылыс"
7 апр., 17:09
переслано из @sheginisten
Балалығымда Савицкий музей тәреплерди тек шаңарақ ағзаларым менен айланыўға болады деп ойлайтуғын едим. Бул пикиримди есейгенимде де өзгертпедим.Айланып жүриў ушын ең қолайлы жолдасым шаңарағым... Бул жерде ең сулыў картиналар бизиң қыялларымыздан реаллыққа, реаллықтан еслеўимиз ушын санамызда сақланып қалады екен.🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿Қолымда улың бар, қолыңда қызым, "Савицкий" тәреп пиядалаймыз. Жетекке ереди бизлик шөжелер- Қос аққуў киби палапанлаймыз! Палапандаймыз...Қара, сулыў сүўрет гөззал реңлерде, Еки художниктиң шеберлиги бул. Бирге арзыў еткен жасыл жерлерде, Бизлик күлки жайнар-бизлик қыз ҳәм ул!Палапандаймыз...
"Жаратылыс"
5 апр., 16:29изменён
ҲәййиўҲәййиў, ҳәййиў, Айданам, Сулыўлықта бир данам, Бағда ашылып гүлдей, Жайнап турған гүл-лалам.Ҳәййиў, ҳәййиў, айдай қыз, Жипек минез, жайдай қыз, Бахыт қусың жарқырап, Несиңбең мол болғай, қыз.Ҳәййиў, ҳәййиў бөбегим, Жан дүньямсаң, жүрегим, Қолқанатым, туңғышым, Қәдирлимсең, керегим.Ҳәййиў, ҳәййиў, ақыл қыз, Сыр сандықлым, нақыл қыз, Аппақ қардай пәкизем,
"Жаратылыс"
5 апр., 16:28
переслано из @sheginisten
Саған ҳәййиў айтыў үллы инәм,- деп, Ең жақсы бақсыға шәкирт түскенмен. Айгүл Қосымбетова@sheginisten
