Последние посты

Shımbay hawazı gazetası
22 сент., 07:49
переслано из @uzedu
‼️‼️‼️ #Йил_ўқитувчиси✅ “Yil o‘qituvchisi” tanlovining QORAQALPOG‘ISTON RESPUBLIKASI g‘oliblari🌍🌍🌍🌍🌍🌍Bizni kuzating ❤ Telegram 🌐 Facebook 🌐 Youtube 🌐 Instagram 🔎 Veb-sayt 😄 Linkedin
Shımbay hawazı gazetası
21 сент., 12:25изменён
Сырт елден алып келинген пахта машиналары атызларда пахта термекте.
Shımbay hawazı gazetası
21 сент., 12:21
Ѳз ўақтында пахтадан бәлент қырман үйиўге ат салысқан нураныйлар - Ж.Турдышев, Р.Жумамуратова ҳәм А.Назаров.
Shımbay hawazı gazetası
21 сент., 12:21

Shımbay hawazı gazetası
21 сент., 12:20
Дийқанларымыздың жыл бойы еткен мийнетин бир айда зая етпей жыйнап алыў зәрүр! ⚡️Пахта – әпиўайы аўыл хожалығы ѳними емес, ал санаат, экономика ҳәм күнделикли турмысымыздың ҳәр қыйлы тараўларында қолланылатуғын стратегиялық әҳмийетке ийе шийки зат есапланады. Оны бийкарға «ақ алтын» деп атамайды. Ѳйткени, шигитли пахтадан алынатуғын барлық ѳним толық қайта исленип, аўыл-хожалығының барлық тараўларында нәтийжели пайдаланып келинбекте. Бүгин районымыздағы «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қудайберген-Гүлдана» фермер хожалығының пахта майданларында кѳргизбели-семинар болып ѳтти. Оған район ҳәкими Н.Ещанов, районымызға бириктирилген ўәкиллер, илимпазлар, нураныйлар, районымыздағы фермер хожалығы баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. ⚡️Кѳргизбели-семинарда сѳз алған район ҳәкими Н.Ещанов быйылғы жылдың зүрәәти ушын районымыздағы186 фермер хожалығы 5500 гектарTelegramShımbay hawazı gazetasıShımbay hawazı gazetasının rásmiy telegram kanalı!✅ Múrájat hám baylanıs ushın: Redaktor : Aynura Uteniyazova 61 444 10 61 @uteniyazovaaynura
Shımbay hawazı gazetası
21 сент., 12:14

Shımbay hawazı gazetası
18 сент., 07:00
Самарқанд ўәлаятында ѳткерилип атырған Орайлық Азия пуқаралық жәмийети институтлары форумы хаққында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесси секретариат баслығы М.Зарекеевтиң мүнәсибети. https://t.me/shimbay_hawazi_uzTelegramShımbay hawazı gazetasıShımbay hawazı gazetasının rásmiy telegram kanalı!✅ Múrájat hám baylanıs ushın: Redaktor : Aynura Uteniyazova 61 444 10 61 @uteniyazovaaynura
Shımbay hawazı gazetası
18 сент., 07:00

Shımbay hawazı gazetası
18 сент., 06:48

Shımbay hawazı gazetası
18 сент., 06:47
Айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша түсиник берилди ⚡️Жақында районымыздағы 5-санлы ҳәм 50-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде, районлық Техникум ҳәм Қәнигелестирилген мектепте дѳгерек «Айрықша жағдайлардың алдын алыў»ға бағышланған дѳгерек сәўбети шѳлкемлестирилди. ⚡️Онда Ѳзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясы Рекрумент бѳлими баслығы, полковник Умиджон Ҳамдамов қатнасып, Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 3-апрель күнги «Айрықша жағдайлардан қорғаў тараўында қәнигели кадрларды таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы 123-санлы қарарының мазмун-мәниси кеңнен түсиндирди. Сондай-ақ, илажда билимлендириўдиң «2+2» бағдары ҳаққында, Қутқарыўшыларды таярлаў техникумы, «Шаҳризабз» Темурбеклер мектеби ҳәм Академиясының бакалавриат бағдары бойынша да оқыўшы жасларға мағлыўматлар берилди. https://t.me/shimbay_hawazi_uzTelegramShımbay hawazı gazetasıShımbay hawazı gazetasının rásmiy telegram kanalı!✅ Múrájat hám baylanıs ushın: Redaktor : Aynura Uteniyazova 61 444 10 61 @uteniyazovaaynura
Shımbay hawazı gazetası
18 сент., 06:47

Shımbay hawazı gazetası
17 сент., 06:22
Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Надира Рашидова, район ҳәкими орынбасары А. Утемисов ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы У. Калилаевлар районлық 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болды. Ушырасыў даўамында мийманлар мектеп турмысы, сабақ процеси ҳәм оқыўшылардың билим алыўына дыққат аўдарып, олардың дөгереклердеги белсендилиги, дөретиўшилик искерлиги ҳәм қызығыўшылықлары менен жақыннан танысты.
Shımbay hawazı gazetası
17 сент., 05:51
"Шымбай ҳаўазы" газетасының 2026-жыл 15-сентябрь күнги 17-(8748)-саны менен танысың! https://t.me/shimbay_hawazi_uz.
Shımbay hawazı gazetası
17 сент., 05:47
Видеоролик авторы: Даўлет Қошимов.
Shımbay hawazı gazetası
17 сент., 05:45
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының басшысы, партия Орайлық кеңесиниң баслығы А. Қодиров Шымбай районында болды. Дәслеп, ол райондағы «Тазғара» АПЖ аймағындағы 1963- жылы мәмлекет қорғаўына алынған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына арналған монументал көркем-өнер ҳәм халқымыздың тарийхый естелиги, мәртлигин өзинде жәмлеген әҳмийетли мәдений мийрас обектинде болды. Соңынан райондағы «Қара үй» устаханасының жумысы менен жақыннан танысты. Устаханада өнерментлер тәрепинен миллий дәстүрлер тийкарында қара үй таярлаў, оның ағаш бөлеклерин ислеў, керекли материалларды таярлаў, безеў ҳәм өнимди таяр ҳалға келтириў процесслери ҳаққында мағлыўматлар берилди.
