Последние посты

Халила Дәўлетназаров
13 мая, 12:44
https://www.youtube.com/watch?v=Jo17TizuQTo&list=RDOHixJcP2zLQ&index=2YouTubeЗамира Хожаназарова қосығы - Қайларда едиң Мухаббат_Zamira Xojanazarova - Qaylarda ediń MuxabbatСөзи : Халила Дәўлетназаров оригинал қосықты: Атқарған : Замира Хожаназарова Намасы: Қәдир Хилалов Қайларда едиң Мухаббат Гүл паслында ушырастық, Ышқы бағында адастық, Мени тәрк етерде жаслық, Сен келип қалдың мухаббат. Бурын ҳеш кеўил бөлмедиң,…
Халила Дәўлетназаров
13 мая, 12:26изменён
Қ Ә Ў И П...Маман бий, Айдос баба, Ерназар алакөздей уллы баҳадырларды жетистирген халықтың өмири Арал ҳәсиретине байланыслы қыл үстинде турыпты...ШЫҢҒЫС АЙМАТОВТЫҢ ТӨЛЕПБЕРГЕН ҚАЙЫПБЕРГЕНОВҚА ЖАЗҒАН ХАТЫНАН БИР ПӘРШЕ.Бул хат жазылғалы пәлен жыл өткен, Биразлар деў мүмкин: –Қайдағы қәўип?! Қозғап жоқ жердеги гөне патлақты, Журтты дүрликтирип, Ғалаўыт таўып?!Аяғы астында не барын аңбай, Жасап өтебериўи мүмкин мыңсанлар. Заманынан кеткен алдыға озып,
Халила Дәўлетназаров
11 мая, 03:04изменён
"Аўылға қайтыўға баяғы қыз жоқ..."Авторы: Халила Дәўлетназаров. Оқыған: Бахтияр Жуматаев.Канал: @X_Dauletnazarov
Халила Дәўлетназаров
7 мая, 18:26изменён
Канал: @X_Dauletnazarov
Халила Дәўлетназаров
6 мая, 06:00изменён
И В А Н О В !Павел Петрович ИВАНОВ-шығыс таныўшысы, Тарийх илимлериниң докторы, профессор. «Қарақалпақлар тарийхының очерклери» китабының авторы.1942-жылы 3-февральда Ленинград қамалындағы ашлықтан 49 жасында қайтыс болған. Ол өмириниң соңғы мәўритлерине шекем бизиң халқымыз тарийхының жүдә тереңде екенлигин, оны жазыўға үлгермей баратырғанын тилинен түсирмей кеткен екен.Орысиятта не көп, Петров, Иванов, Ушлығы жоқ санап, ямаса танып. Эҳ, бир кешмишлерден сондай өкинишли, Кете бериўи бар жүрегиң жанып.Урыс. Қақаман қыс. Ленинград. Қамал... Кеўиллерде болса қыстан бетер қыс. Ушып баратырып қаны тоңлап қалған, Ылақтырған кесектей «томп-томп» түсер қус.Аты-жөни көптен ғайбана таныс, Халқымызға аса жанашыр ағам. Өзлигин аңлаўға дәрпенбейтуғын, Гей қарақалпақлардан жақынырақ маған.Шайыр қәўимине ели атынан,
Халила Дәўлетназаров
6 мая, 05:51
ХАЛЫҚТЫ, ХАЛЫҚ БОЛЫЎҒА ТАЯРЛАМАДЫҚҚарапайым халыққа ким тағар айып? Қашан бир асығы алшы тоғайып. Неге мәз болып не деп қол соғайық, Нағыз мәрданалар таярламадық.Келтелик қылыўы гейде тилиңниң, Сайызлығы себеп алған билимниң. Ушар гилеминде сырлы илимниң, Тилсимлер тилине таярламадық.Инсан қуны «қарабақыр» ўақлары, Дининен ўаз кешкенлерди мақтады. «Көз қарашығыңдай көр деп пахтаны», Өзлигин таныўға таярламадық.Қорғанар күш турмас екен арқаңда, Кеўилден қәўипли гүдик тарқар ма? Ата-бабалардай батыр, сәрькарда,
Халила Дәўлетназаров
5 мая, 05:25изменён
ЖАСЛЫҚТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР«Қызкеткен»нен суў алған, Үш сулыў қыз киятыр. Шығып кетпей қанаңнан, Ҳаў, жүрегим! Туратур.Тебирентип бар болмысым, Бир жалт еткен жанарың. Сезимлерим кеўлимниң, Жықты кетти кәнарын.Қызыл ғыжым бәшпентиң, Қыпша белиң қынап тур. Қурдасларың қызыға, Қарағышлап сынап тур.Талма бойың таўлана, Майда-майда адымда. Күлим қағып қуўана,
Халила Дәўлетназаров
5 мая, 04:19изменён
ХАЛЫҚ УШЫН ПЕРЗЕНТЛЕР ТУЎМАҚ КЕРЕКДУР!«Туўылыў қысқарсын!» – деген бир гәп бар, Бунда бир шынлық бар, бул сөзде лап бар, Ишкирне кимлердур гөзлеген мәп бар, Ондайлар тиллерин тыймақ керекдур!Аздай, ығбал жүги жүргени аўып, Қурсақ көтериўди «зыян» деп таўып, «Қулеке тәўиплер» дөндирди қәўип, Саған ул-қыз, оған қуймақ керекдур!Ал, өзлери өршиў жолында ҳәлек, Ҳаяллары қыңыр бойларын бәлеп, Не дәркар түйнексиз ғаўқыйған пәлек, Егер, қолдан келсе туўмақ керекдур!Усылай барса бир гез зар әйлер ақыр... Зүрияд – жерик астай таңлайда татыр. Келешек – дегениң болар қампәтир,
Халила Дәўлетназаров
2 мая, 11:35изменён
Ә М И Ў Д Ә Р Ь ЯӘмиўдәрья–жаным дәрья, Даңқым, саўлат-сәним дәрья. Кеўиллерде туўған жерлик, Миллий дүнья-таным дәрья. Жүрегимде соғып турған, Тамырымда қаным дәрья.Дүр ҳәр тамшы суўың дәрья, Мәз-мәйрам ғаз-қуўың дәрья. Берилмиш қос жағалаўға, Алтын-гүмис пуўың дәрья. Халық көз сатқан арзыў-үмит, Тиришилик туўым дәрья.Маң-маң басқан Нарым дәрья, Қорғар намыс-арым дәрья. Ел-журтымның маңлайына, Ҳақтан питкен барым дәрья.
Халила Дәўлетназаров
1 мая, 05:25изменён
Т А М А Р ААрал теңизиниң таслап кеткен ултанына сексеўил егиў барысында «Нулевой точка» да болып өткен Халықаралық пресс-клубта халқымыздың илим-ҳикметли жигерли қызы, журналист, филология илимлериниң докторы, профессор Тамара МАШАРИПОВА усылай сүренлеген еди."Тәбияттағы өрнеклиги-көрнеклиги, Саҳраға сай питкен ербек-сербеклиги, Қайтпас-қайсар, өзлигине бар берклиги, Сексеўиллерге қол бергим келип атыр.Туқымын да шөлгебап таўып еккен, Өйтпегенде өспес бундай нық ҳәм беккем, Ҳәркимде де халықлық «қосқа» өзин жеккен, Табанлылық болса дегим келип атыр.Бул шымырылық неден бул кеўил тоғы? Жаў қылышы кеспес, өтпес атқан оғы,
Халила Дәўлетназаров
1 мая, 04:34изменён
#VI_Respublikalıq_Kitapqumarlıq_hápteligiHáptelik sheńberinde Filial jasları hám Ózbekstanǵa miyneti sińgen jurnalist, Qaraqalpaqstan xalıq shayırı, qıssaxan Xalila Dáwletnazarov qatnasında ádebiy ushırasıw shólkemlestirildi.Ilaj Qaraqalpaqstan telekanalınıń «Assalawma áleykum, Qaraqalpaqstan!» kórsetiwinde keńnen sáwlelendirildi.Канал: @X_Dauletnazarov
Халила Дәўлетназаров
29 апр., 06:10изменён
Э Й, Д Ү Н Ь Я !?Ҳәтте, ушқан қус бийжуўап қонбаған, Елге, жерге сақлығыңыз қаяқта? Пәнт бергенди жер тарттырып жиберер, Кәриятлы сол ҳақлығыңыз қаяқта?Исенимсизлик, гүдиклениў, түскинлик, Жарқын кеўилхошлығыңыз қаяқта? Бир-биринен жанларын да аямас, Қыл қыймас шын дослығыңыз қаяқта?Жигитлерди қайрайтуғын ерликке, Жилўа-назлы аққубалар қаяқта? Әдилликте қылды да қақ айырған, Туўры сөзли кәтқудалар қаяқта?Даналарды, батырларды тербеткен, Ҳәййиўли ақ бесигиңиз қаяқта? Кирсең самал ашып, шықсаң жел жапқан,
Халила Дәўлетназаров
27 апр., 03:48изменён
Ж Ү Г И Н И ЎОлар да бийтақат қыйналсақ бизлер, Аян берип енер түслеримизге. Бабалар сүренлери әўладтан-әўлад, Жаңғырығып жасар ишлеримизде.Гүйзелиске түссе урпақлар изги, Руҳлары қыйналып табар қозғалаң. Гейде қағып қорғап қалса да аман, Тәғдир деген де бәрҳа қол созбаған.Тал-тал саза келер алыс өтмиштен, Дәўирлерге кәрўан жол болған жерлер. Археологлар буған басқан пәтиўа, Қарақалпақтың ески пайтахты Кердер.Дерлер: қыят кәт пе, я қат қаңлы ма, Бундай данышпан жоқ, бар болса да аз. Уллы Берунийди берген дүньяға,
Халила Дәўлетназаров
24 апр., 10:08изменён
П И Р Л Е Р И М?Қаяқтасыз, Қарақалпағым пирлери? Жигитлерин батыр еткен ҳүрлери. Елдиң ығбал-жолын шөп-шар басқаны, Жуўылмаса намәртликтиң кирлери.Халық дәрти бой бермес гейде тереңлер, Буны байқамайды қәлби гереңлер. Жаўырнынан қағып, болған жылаўдар, Барсыз ба, Қырық шилтен ғайып еренлер?Әййем заманлардан берман кирилген, Гә жаяў, гә асаў атлар сүрилген. Талай жанып кетип соң күл ишинен, Феникс қусындай қайта тирилген.Даўыллы ормандай гүўлеп-шуўлаған, Соң баяў-бослық жан-тәнин уўлаған. Халқына үн қосалмаған перзентлер,
Халила Дәўлетназаров
22 апр., 11:39изменён
#ÓzMKÓMINF #Kitapqumarlıq_hápteligi #Ádebiy_ushırasıw⚡️ Kitapqumarlıq hápteligi: Shayır Xalila Dawletnazarov jaslar menenКанал: @X_Dauletnazarov
Халила Дәўлетназаров
22 апр., 11:38
переслано из @uzdsminf_24
#VI_Respublikalıq_Kitapqumarlıq_hápteligiHáptelik sheńberinde Filial jasları Ózbekstanǵa miyneti sińgen jurnalist, Qaraqalpaqstan xalıq shayırı, qıssaxan Xalila Dáwletnazarov penen ushırastı.Ádebiy ilajda jıynalǵanlarǵa shólkemlestiriwshiler tárepinen shayırdıń ómiri hám dóretiwshiligi haqkında maǵlıwmat berilip, X.Dáwletnazarovtıń qaraqalpaq ádebiyatındaǵı ornı hám mártebesin atap ótti.Óz gezeginde shayır jaslarǵa kitapqumarlıqtıń jas áwladlardıń ruwxıy hám intellektuallıq jaqtan jetilisiwindegi áhmiyeti haqkında sóz etip, óz qálemine tiyisli qosıqların obrazlı oqıp, qıssaxanlıq jolı menen atqarıp berdi.Bunnan soń Filial talantlı jasları da shayır qálemine tiyisli bir qatar qosıqlardı yadqa aytıp, namalı qosıqların atqardı.Ushırasıw shayır dóretiwshiligine baylanıslı soraw-juwaplar menen dawam etti.Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń: Telegram | Instagram | Facebook |
Халила Дәўлетназаров
14 апр., 06:47
ETNOFOLKLOR EKSPEDISIYASI: QORAQALPOQ QISSAXONLIGI — MILLIY IDENTIFIKATSIYANING AKUSTIK MEROSI🎯 Tadqiqot ob’yekti: Qoraqalpoq an’anaviy Qissaxonlik san’ati. 📍 Ekspedisiya lokatsiyasi: Qoraqalpog‘iston Respublikasi, Kegeyli tumani, «Xalqabod» hududi. 🔬 Metod: «Ex situ» (muzey muhitidagi kontekstual intervyu va individual keys) 📝 Ilmiy yo‘nalish: Og‘zaki va kitobiy folklor sintezi, intonatsion tilshunoslik, Nomoddiy madaniy meros.🔍 EKSPEDITSIYA KUNDALIGI: ILMIY TAHLIL1️⃣ Vorisiylik va etno-madaniy kontekst: Qissaxonlik — qoraqalpoq xalqining intellektual salohiyati va ma’naviy qadriyatlarini o‘zida jamlagan nodir san’at turidir. Bu an’ana shunchaki matn mutolaasi emas, balki Orolbo‘yi sivilizatsiyasining yozma va og‘zaki madaniyatlar chorrahasidagi betakror ifodasidir.2️⃣ «Nama» texnikasining falsafasi: Qissaxonlikning asosi hisoblangan maxsus ohang («nama») va ritmik mutolaa
Халила Дәўлетназаров
11 апр., 04:37изменён
🎤 NOMODDIY MEROS VORISI: XALILA DAULETNAZAROVXalila Dauletnazarov — Qoraqalpog‘iston xalq shoiri, jurnalist va bugungi kunda an’anaviy qoraqalpoq qissaxonlik maktabining eng yetuk va so‘nggi yirik vakillaridan biridir.🔹 Noyob iste’dod: U o‘z ijrosida mumtoz sharq dostonlari va qoraqalpoq adabiyoti durdonalarini qadimiy «nama» (ohang) hamda teran falsafiy sharhlar bilan uyg‘unlashtirgan holda jonlantiradi.🔹 Ma’naviy ko‘prik: Kegeyli qissaxonlik an’analarini saqlab kelayotgan ijodkor, xalq og‘zaki ijodi va kitobiy folklor o‘rtasidagi oltin zanjirning so‘nggi halqasi hisoblanadi.🔹 Missiya: Uning ovozi va ijro uslubi — qoraqalpoq tilining boy leksikasi va milliy tafakkurini kelajak avlodga sof holda yetkazuvchi tirik madaniy xazinadir.#QoraqalpoqMadaniyati #Qissaxonlik #XalilaDauletnazarov #NomoddiyMeros #KegeyliКанал: @X_Dauletnazarov
Халила Дәўлетназаров
28 мар., 12:36изменён
#Қыссаханлық_жолына
Халила Дәўлетназаров
28 мар., 12:29изменён
ГҮБЕЛЕКЛЕРЯдымнан ҳеш шықпай-ақ қойды, Түнеп-ек, сол сапар тоғайда. Жағылған от әтирапында, Гүбелеклер боп қалды пайда.Бунша ынтық болмаса, нурға Киятқанды қайлардан ушып. Урар неге өзлерин отқа, Лаўлап турған жалынды қушып.Теңеў екен табылған дурыс, «Гүбелектей көзсиз» дегени. Отты қалай сезетуғыны, Бирақ, ҳайран қалдырар мени.Жалын, мисли гүл боп көринип, Сулыў сезим нурларын шашып. Өзи бийҳуўыш гүбелеклерди,
