Последние посты

XALÍQ USHÍN
23 сент., 08:16изменён
#пара_алмаң ❗️Нөкистеги мектепте логопед лаўазымында қалыўы ушын 20 млн сум пара талап еткен директор ҳәм оның орынбасары қолға түсиптиҲуқықты қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен пуқара Р.Гның арзасына тийкар өткерилген оператив илаж даўамында, Нөкис қаласында жайласқан мектепте директор лаўазымында ислеўши С.Н, арза ийеси Р.Гны мектепте ислеп атырған “логопед” ўазыйпасында штат бирлигинде қалдырыў есесине 20 млн. сўм пулларын пара сыпатында талап қылып, усы пулларды мектеп директоры орынбасары К.Р арқалы пулды алыўды гөзлеп, К.Р өз хызмет ханасында алған ўақтында иркилген.Бул жағдай бойынша 22.09.2026 жылы ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен ӨзР ЖКниң 210-статьясы, 2-бөлими “в,г” бәнтлери менен жынаят иси қозғатылды.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
23 сент., 07:54
#ASIGIN🎉 Tek 25-SENTYABR dan —60% ge shekem «ÚLKEN SHEGIRMELER» baslanadi🔻—60% ❗️ Ajib i10 Smartfoni (4/64) - 47 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 32" Ferre Smart TV (Smart AI) - 79 600 sumnan 🔻—60% ❗️ Honor Pad X7 (4/64-WiFi) - 79 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 32" SONOR Smart TV (32SNR100S) - 79 600 sumnan 🔻—60% ❗️ GOODWELL (GMF2012BL) - 39 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 211" PREMIER (211TFD/W) - 131 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 12" AUFIT AUX Konditsioneri (H12A4QHR3DIIE) - 199 600 sumnan 🔻—60% ❗️ SAMSUNG (VCC4550SCWUZ) - 43 600 sumnan 🔻—60% ❗️ VITECH (60IMPEROTS) - 71 600 sumnan 🔻—60% ❗️ FERRE Gaz plita (LP60G40DBECOF21) - 107 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 7KG PREMIER y.Avtomat (PRMWM07CCP) - 49 500 sumnan 🔻—60% ❗️ 6KG LORETTO (LW6016BLDCG) - 159 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 325" KLEO (BCD325W) - 151 600 sumnan 🔻—60% ❗️ 262" KONNEN Sovitkichi (KNBFLF262W) - 199 600 sumnan ayina👉 Maģlıwmat ushın: 📞 712307799 | Chat Aygul📍Nókis | 📍Qońırat | 📍Beruniy | 📍Tórtkúl | 📍Àmiwdàrya | 📍Shimbay❗️Asigʻiń, texnikalar sani sheklengen hám baxalar múddetli toʻlemge jigirma toʻrt aygʻa koʻrsetilgen!👉RASMIY KANAL | Instagram | 📍Do'konlarimiz




XALÍQ USHÍN
23 сент., 05:15
💸 Педагоглардың перзентлерине контракт ушын 30 процент шегирме бериледиПедагогикалық лаўазымларда жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң перзентлерине жоқары билимлендириў контракти ушын 30 процент шегирме бериледи.Шегирмеден пайдаланыў ушын студент kontrakt.edu.uz арқалы арза жибереди. Мағлыўматлар электрон тәризде тексерилгеннен соң, контракттиң 70 проценти студент тәрепинен төленеди, қалған 30 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.Арзаларды қабыллаў тез күнлерде басланыўы күтилмекте. Анық мүддет қосымша жәрияланады.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
XALÍQ USHÍN
23 сент., 03:48
⚡️Мектеп хызметкерине берилетуғын материаллық жәрдем муғдарына шеклеў қойылды📄 Министрлер Кабинетиниң 30.09.2019-жылдағы 823-санлы қарарына көре, Директор фондынан мектеп хызметкерлерине материаллық жәрдем хызметкердиң өзи ямаса жақын туўысқаны (әкеси, анасы, өмирлик жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда, аўыр кеселликке шатылғанда, хызметкер тәбийий апаттан зыян көргенде көрсетилетуғын еди.💰Бунда материаллық жәрдем ҳәр бир жағдайда хызметкердиң тариф ставкасы муғдарының еки есеси муғдарында берилетуғын еди.❗️Енди усы қарарға киргизилген өзгериске көре, хызметкерлерге берилетуғын материаллық жәрдемниң муғдары бир календарь жыл даўамында оқытыўшының лаўазым тариф ставкасының (оклад) еки есесинен көп болмайтуғын болды.☝️Яғный, алдын бир календарь жыл даўамында хызметкер яки оның жақын туўысқаны қайтыс болып яки аўыр кеселликке шатылып қалғанда бир неше мәрте еки окладтан алып турыўға ҳақылы еди. Ендигиден былай хызметкер бул материаллық жәрдемди бир календарь жыл даўамында еки оклад муғдарында тек бир мәрте ямаса сол еки окладты жыл даўамында бөлип-бөлип алыўына болады.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
22 сент., 17:20изменён
⚡️Жаңа үй сатып алыўдан алдын қалай тексериў керек - машқалалардан қашыўға жәрдем беретуғын 3 онлайн-сервис❗️Үйди сатып алмастан алдын үй ийесин, кадастр мағлыўматларын ҳәм көшпес мүлкке қойылған қадағанлар бар-жоқлығын тексериң.✔️open.ngis.uz - кадастр номери ҳәм объект мағлыўматлары;✔️davreestr.uz - мүлк ийеси ҳәм шеклеўлер;✔️my.gov.uz - көшпес мүлк тарийхы, ҳүжжетлер ҳәм қадағанлар.☝️Алынған мағлыўматларды сатыўшы берген ҳүжжетлер менен салыстырың.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
22 сент., 16:33

XALÍQ USHÍN
22 сент., 14:02
⚡️Сырт еллерде аўыр жағдайларға түскен мийнет мигрантларына мәмлекет материаллық ҳәм басқа түрдеги жәрдемлерди көрсетеди✅ Мийнет мигрантларына сырт елде жумыс ислеў дәўиринде берилетуғын жеңилликлер:🔹 Қыйын финанслық жағдайда қалғанларға БЕМның 3 есесинен 5 есесине шекем (1 млн 136 мың сумнан 2 млн 60 мың сумға шекем) бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи;🔹 Қыйын жағдайларда Өзбекстанға қайтыў билети алып бериледи;🔹 Аўыр кеселлик ямаса бахыцыз ҳәдийсеге ушырағанда 1 мың доллардан 1,5 мың долларға шекем медициналық хызмет қәрежетлери төлеп бериледи;🔹 Турақ жайсыз қалғанлар 30 күнге шекем хостеллерлер менен тәмийинленеди;🔹 Ҳаял-қызлар ҳәм олардың перзентлери аўыр жағдайда ўатанға еркин алып келинеди;🔹 Зорлыққа ушыраған ямаса жумыстағы ҳуқықлары бузылғанларға адвокат ажыратылады ҳәм оның хызметлери ушын 3 мың долларға шекем төлеп бериледи.📨 Жоқарыдағы жеңилликлерден
XALÍQ USHÍN
22 сент., 08:35
🚧 24-сентябрь күни кеште Әмиўдәрья үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәрья үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады.Шеклеў Қыпшақ-Блок-пост-80 станциялары аралығының 506-километри, 6-пикетинде алып барылатуғын оңлаў жумыслары себепли енгизиледи.Усы ўақыт даўамында көпирден автомобиллер де, поездлар да өткерилмейди.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
22 сент., 06:30изменён
❗️1-декабрге шекем жумыстағы зорлық-зомбылық бойынша онлайн мүрәжат порталы иске түсириледи🔰Президенттиң 2026-жыл 21-сентябрьдеги ПҚ-345-санлы қарарына муўапық, Өзбекстанда қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.📲 1-декабрьге шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын арнаўлы мәлимлеме порталы иске қосылады. Ол арқалы жумыс орнындағы күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайлары бойынша онлайн мүрәжат жоллаў мүмкин болады.✏️Лаўазымлы шахс ямаса жуўапкер хызметкерге байланыслы мүрәжатлар автоматикалық түрде жоқары турыўшы инстанцияға жибериледи.📍Егер ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ямаса жынаят белгилери анықланса, мүрәжат "112" арқалы ўәкилликли уйымға жибериледи.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
22 сент., 03:49
⚡️Ендиги жылы Бердақ Ғарғабай улының 200 жыллығы белгиленедиКелеси жылы қарақалпақ халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылғанына 200 жыл толады.Президентимиз шайырдың «Ҳәмме ўақыт сен хызмет етгил халық ушын, өзим деме ғамхорлық ет халық ушын» деген ҳикметли сөзлери бүгин де өз әҳмийетин жоғалтпағанлығын атап өтти.Уллы зыялылардың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, санластырыў, қәстерлеп сақлаў ҳәм халқымызға, әсиресе, жасларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.Келеси жылы Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мәмлекетимизде мүнәсип белгилеў усынысы билдирилди.Жуўапкерлерге бир айда кең көлемли бағдарлама ислеп шығып, оны әмелге асырыўды баслаў тапсырылды.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
21 сент., 19:41

XALÍQ USHÍN
21 сент., 13:29
❓Сапасыз товарды алмастырыў мүддети неше күн екенин билесиз бе?Пуқаралық кодексиниң 451-статьясы ҳәм "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамның 14-статьясына муўапық, сапасыз товар анықланған жағдайда оны тап сондай маркадағы, моделдеги ямаса артикулдеги товарға алмастырыў мүмкин.Товар 7 күн ишинде, қосымша тексериў зәрүр болса, тутыныўшы талап еткен күннен баслап 20 күн ишинде алмастырып берилиўи шәрт.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
21 сент., 09:46
⚡️Енди мәҳәлле баслығы "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының “KPI”ын баҳалайды✅ Президенттиң 24.06.2026-жылдағы ПП-116-санлы Пәрманы менен мәҳәлле баслығына бир қатар ўәкилликлер берилди:️✔️Мәҳәлле баслығы "мәҳәлле жетилиги" (ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилактика ҳәм салық инспекторлары, социаллық хызметкер) жумысына улыўма басшылық етеди ҳәм олардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланып аймақты раўажландырады.️✔️Баслық ҳәр айда мәҳәлледе шешилмеген машқалаларды район (қала) ҳәкимине киргизеди.✔️Баслық "мәҳәлле жетилиги" ағзаларына ҳақы төлеў ушын табельди қәлиплестиреди ҳәм олардың жумысын KPI (нәтийжелилик көрсеткишлери) тийкарында баҳалап барады.✔️Мәҳәлле хызмет көрсетиў компаниялары ҳәм көп квартиралы үйлерди басқарыўшы шөлкемлер (ширкетлер) жумысын ҳәр ҳәптеде үйренеди ҳәм қадағалайды.️✔️Ҳәр ҳәптеде "мәҳәлле жетилиги," мәҳәлле банкири, мектеп


XALÍQ USHÍN
21 сент., 09:29
#ASIǴIŃ Манзилларимиз 👈🔥 TEK 21-22 SENTABR – idea’da barlıq wálayatlarda Texnikalarga «ZO'R AKSIYALAR»!Maģlıwmat ushın: 📞 712307799 | Chat Nigina🎉 iPhone 18, iPhone DUO tez arada satıwda! 👏 100 dyuymli LG Smart TV da satıwda! 🔻🔥 Smartfon va noutbuklar "MAXSUS BAHALAR" 🔻🔥 Televizorlar «BAZAR BAHASINDA» 🔻🔥 Gaz plitalar va Sovitqishlar "BAZAR BAHASINDA" 🔻🔥 Kir yuvish mashinalar «BAZAR BAHASINDA»✅ Baslangʻish tolem - Joq ✅ Kepiller kerek emes📍Nókis | 📍Qońırat | 📍Beruniy | 📍Tórtkúl | 📍Àmiwdàrya | 📍ShimbayAsigʻiń, texnikalar sani sheklengen hám baxalar múddetli toʻlemge 6 ayden 12 ayga shekem koʻrsetilgen!👉RASMIY KANAL | Instagram | 📍Do'konlarimiz




XALÍQ USHÍN
21 сент., 05:23
⚡️1-октябрь мүнәсибети менен муғаллимлер ҳәм мектеп хызметкерлерине 1 млн сумға шекем хошамет пулы төленеди💰Министрлер Кабинетиниң 30.09.2019-жылдағы 823-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 29-бәнтине бола, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери, соның ишинде, басшы хызметкерлери тек ғана «1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қордың бар қаржылары есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекемги муғдарда сыйлықланыўы мүмкин.☝️Демек, байрам мүнәсибети менен мектеплердиң барлық хызметкерлери, соның ишинде техникалық ҳәм хызмет көрсетиўши жумысшылар да директор қоры есабынан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине (1.020.000 сумға) шекем муғдарда хошаметлениўи мүмкин.❗️Бунда соны итибарға алыў керек, хошаметлеў пулы қордағы бар пулға қарап төленеди, яғный қорда жетерли болмаса, толық 1 млн сумнан емес, ал оннан


XALÍQ USHÍN
20 сент., 17:06
⚡️Мәҳәллелер аўқамының район (қала) бөлим баслығына ҳәкимлерге усыныс (тақдимнома) киргизиў ўәкиллиги берилди✅ Президенттиң 24.06.2026-жылдағы ПП-116-санлы Пәрманы менен Мәҳәллелер аўқамының район (қала) бөлими баслықларына “мәҳәлле жетилиги”ниң жумысына араласқаны ямаса олардың хызмет ўазыйпасына байланыслы болмаған жумысларға тартқаны ушын район (қала) ҳәкимлерине усыныс (тақдимнома) киргизиў ўәкиллиги берилди.❓Усыныс деген не?Усыныс - бул нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў ҳәм бунда айыплы шахсларды шара көриў ҳаққындағы жазба формадағы талап.Усыныс киргизилген жағдайда, ондағы барлық талаплар ҳәкимлер тәрепинен толық орынланыўы шәрт.Бул ўәкилликтен дурыс пайдаланылса, ҳәкимлик пенен “жетилик” арасында тең салмақлық сақланады.Пәрманның толық тексти мына жерде.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
20 сент., 12:48
⚡️1-октябрден баслап пуқаралар өзиниң атына алынған телефон номерлерди ҳәм пластик карталарды my.gov.uz арқалы басқара алады✅ Президенттиң 15.07.2026-жылдағы ПҚ-265-санлы қарарына бола, 2026-жыл 1-октябрьден баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (My.gov.uz) төмендеги хызметлер енгизиледи:✔️физикалық ҳәм юридикалық шахсларға өзине мүлк ҳуқықы тийкарында тийисли болған көшпес мүлк объектлери ҳәм автомототранспорт қуралларын гиреўге ямаса ипотекаға қойыўға, сондай-ақ оларды басқа шахсқа бериўге қадаған етиў ямаса оны бийкарлаў;✔️пуқаралардың өз атына рәсмийлестирилген ҳәм пайдаланылып атырған телефон номерлери ҳәм банк карталары ҳаққында мағлыўмат алыў ҳәм бул процессти басқарыўдың төмендеги имканиятларын жаратыў:▫️телефон номерин белгили мүддетке өширип қойыў (қосып қойыў) ҳәм өзи пайдаланбай атырған телефон номерлерине хызмет көрсетиўди тоқтатыў ҳаққында


XALÍQ USHÍN
20 сент., 11:49
Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары: бир ел, бир халық болып, Қарақалпақстанның үлкен имканиятлары менен потенциалын толық жүзеге шығарып, аймақтың раўажланыўы ҳәм адамлардың абадан турмысы жолында және де жоқары шеклерге ерисемиз.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!
XALÍQ USHÍN
20 сент., 04:17изменён
❗️Контракт төлемлерин әмелге асырыў мүддети 15-октябрьге шекем узайтылды2026/2027-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў шөлкемлеринде контракт төлемлерин әмелге асырыў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириў мүддети 15-октябрьге шекем узайтылды.Бул мүддет бакалавриат ҳәм магистратураға усыныс етилген, оқыўы көширилген ямаса қайта тикленген студентлерге тийисли.15-октябрьге шекем базалық контракттың кеминде 25 проценти, «супер-контракт»тың болса кеминде 50 проценти төлениўи керек.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!


XALÍQ USHÍN
19 сент., 15:06изменён
⚡️Қарақалпақстаннан «Жыл оқытыўшысы» таңлаўының жеңимпазлары анықланды💰Президент басламасы менен «Жыл оқытыўшысы» таңлаўы өткерилип, 208 район ҳәм қаладан жеңимпаз болған муғаллимлерге сыйлық сыпатында 50 мың АҚШ долларынан аслам ақшалай сыйлық бериў режелестирилген еди.💸Быйылғы таңлаўда Республика бойынша жәми 46 мыңнан аслам педагоглар қатнасты. Олардан 208 педагог жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм олардың ҳәр бири 616 млн сум (базалық есаплаў муғдарының 1 400 есеси) ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.✅ @XALIQ_USHIN- ең исенимли ҳуқықый канал!

