Latest posts

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
19 Sept, 13:59

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
19 Sept, 13:58edited
🌿 БЕРДАҚ ҒАРҒАБАЙ УЛЫНЫҢ 200 ЖЫЛЛЫҒЫН БЕЛГИЛЕЎ🇺🇿 Президентимиз Ш.Мирзиёев Қарақалпақстанға сапары барысында🇺🇿 Келеси жылы Бердақ Ғарғабай улының туўылғанына 200 жыл толыўын мәмлекетимизде кең ҳәм ылайықлы түрде белгилеў ҳаққында усыныс билдирди.Мәмлекетимиз басшысы Ш.М.Мирзиёев Бердақ шайырдың:«Хызмет етгил удайына халық ушын»— деген нақыл сөзлерин еске алып, олардың бүгинги күнге шекем өз мәнисин жоғалтпағанын атап өтти.📌 Жуўапкер шахсларға бир ай ишинде кең қамтыўлы бағдарлама ислеп шығып, оны әмелге асырыўды баслаў тапсырылды. Сондай-ақ шайырдың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, санластырыў, сақлаў ҳәм халқымызға, айырықша жасларға жеткериўдиң әҳмийети белгиленди.📚Уллы алымларымыз Бердақты «Қарақалпақ халқының биринши тарийхшысы» деп атап өткен. Шайырдың «Шежире» шығармасы қарақалпақ халқының ғана емес, басқа да түркий тиллес халықлардың тарийхынан дәрек
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
17 Sept, 06:25
forwarded from @qoljazba_miyras
Ески қолжазбалардан табылған жумбақ. Жуўабын тапсаңыз коммментарийге жазып кетиң.Бир үй көрдим төрт ешикли ҳей ҳәким, Ҳәр ешикде олтурубтур үш қыз муқым, Ҳәр қыза оттуз уғлан әйлер духул, Ҳәр уғулның башында беш дәсте гүл.
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
2 Sept, 11:45edited
🏛✨ “МУЗЕЙЛЕР ҲӘПТЕЛИГИ”📢 Ҳүрметли Ўатанласлар! 🏛 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде📅 2–8 сентябрь күнлери “Музейлер ҳәптелиги” өткериледи! 🎉🎟 “Музейлер ҳәптелиги” шеңберинде 2–8 сентябрь күнлери пуқаралар мәмлекетлик музейлерге бийпул кирип, музейлерде сақланып атырған 🏺 тарийхый, 📚 мәдений ҳәм 💫 руўхый мийрасларымыз бенен жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе болады. 🗓 2–8 сентябрь күнлери аралығында🎫 Барлық пуқаралар ушын музейимизге КИРИЎ БИЙПУЛ 🥳💐 Сизлерди “Музейлер ҳәптелиги” күнлеринде күтемиз! 🏛📍 Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи 🏛Telegram|Instagram|Facebook|Youtube1,170Open in Telegram
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
31 Aug, 06:44edited
🇺🇿✨ ЕЛИМИЗДИҢ ЕҢ УЛЛЫ, ЕҢ ӘЗИЙЗ БАЙРАМЫ — ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!🇺🇿📜 «БИР ЎАТАН, БИР ХАЛЫҚ БОЛЫП, ЖАҢА ӨМИР ҲӘМ КЕЛЕШЕК ЖАРАТАМЫЗ!»🌿 ҚӘДИРЛИ ҲӘМ ӘЗИЙЗ ЎАТАНЛАСЛАР!🎉Сизлерди Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы елимиздиң азатлығы ҳәм еркинлигин, халықтың тынышлығы ҳәм аўызбиршилигин сәўлелендиретуғын ең қәдирли байрамымыз бенен 📚 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик әдебият тарийхы музейи жәмәәти атынан қызғын қутлықлаймыз! 🎉🇺🇿💐 Ғәрезсизлик жылларында ана тилимизди, миллий дәстүрлеримизди, әдебият ҳәм көркем өнеримизди қәдирлеўге кең имканиятлар жаратылды.📖 Өз халқының тарийхын билетуғын, миллий қәдириятларын қәдирлейтуғын, елиниң бүгини ҳәм келешегине бийпәрўа қарамайтуғын жас әўлад — мәмлекеттиң ең үлкен таянышы. 🌟🤝 Соның ушын жасларды Ўатанды сүйиўшилик, адамгершилик, мийнет сүйиўшилик ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында тәрбиялаў —
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
31 Aug, 06:44

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
26 Aug, 09:46edited
🎉 ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНАСИБЕТИ МЕНЕН! 🇺🇿🎉Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық мерекеси қарсаңында Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейиниң аға илимий хызметкери Әбдисалим Идирисов «Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 35 йиллиги» естелик белгиси менен сыйлықланды.🏅✨📚Ә.Идирисов көп жылдан берли музейде илимий хызметкер сыпатында жемисли мийнет етип, музейге келип түскен араб, парсы ҳәм түркий тиллердеги қолжазбалар менен танысып, оларды үйренип, илимий жақтан анализлеў ҳәм кең жәмийетшиликке таныстырыў бойынша бир қатар жумысларды атқарып келмекте. 📚🔬🌟 Ә.Идирисовты «Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 35 йиллиги» естелик белгисин алғаны менен шын жүректен қутлықлаймыз!✨Оған беккем денсаўлық 💐, шаңарағында аўызбиршилик, илимий ҳәм педагогикалық хызметинде табыслар 📖, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер 🌟 тилеймиз!🇺🇿 Ғәрезсиз
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
26 Aug, 06:29edited
🌟 ҒӘРЕЗСИЗЛИГИМИЗДИҢ 35 ЖЫЛЛЫҒЫ МҮНӘСИБЕТИ МЕНЕН! 🇺🇿🎉 Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи шегирме жәриялайды! 🏛️✨📅 29 август – 1 сентябрь аралығында музейимиз ашық болады ҳәм музейге келетуғын ҳәр бир мийманға 10% шегирме усынылады! 🎁📚 Халқымыздың бай әдебий, мәдений ҳәм тарийхый мийраслары сақланып келинген музейимизге келип, өтмишимиз бенен танысың, уллы шайырларымыздың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат алың! 🖼️📜💫 Тарийхты аңлаў — өзликти аңлаў!🌿 Музейге саяхат етип, тарийхтан руўхый азық алып, мәдений мийрасымыздың қәдирин сезиниң!📍 Мәнзил: Ч. Абдиров көшеси, 1-жай 🎟️ Шегирме: 10%📅 Шегирме күнлери: 29 август – 1 сентябрь🏛️ Музей усы күнлери ашық болады!💐 Сизлерди Бердақ музейинде күтемиз!
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
20 Aug, 10:38

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
20 Aug, 10:37edited
📚 Музейимиз фонды жаңа тарийхый естеликлер менен байымақта🏛Музейимизге ата-бабаларымыздан мийрас болып келген араб жазыўындағы ески қолжазба ҳәм баспа китаплардың келип түсиўи даўам етпекте. Бул сапар музейимиздиң бөлим баслығы Ш.Ембергенова Қанлыкөл районындағы мешиттен бир неше әҳмийетли қолжазба ҳәм баспа китапларды музей фондына тапсырыўға еристи.📜Музей фондына алынған қолжазбалар: Қуранның ески қолжазба фрагменти «Ҳафтияки Шарийф» «Ийман шәртлери» «Қырық парыз» «Нурнама» «Фиқҳи Кәйдәний» Түркий тилдеги Пайғамбарымыз (а.с.) ҳаққындағы қысса Ибраҳим Махмудий қәлемине тийисли парсы тилиндеги «Гүлшани таўҳид» шығармасы «Мухтасарул ўиқая» Тас баспа китаплар: Қазандағы «Кәримия» баспаханасында ҳижрий 1322-жыл (мийләдий 1904-жыл) басып шығарылған «Кәлами шәриф» «Муҳаммадий» баспаханасында басылған ески «Далаилул хайрат» атлы тас баспа китабы Бир неше шығармалар жәмленген жыйнақ
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
19 Aug, 05:43

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
19 Aug, 05:43

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
14 Aug, 10:39edited
📍 БЕРДАҚ МУЗЕЙИНИҢ НӘЎБЕТТЕГИ ЭКСПЕДИЦИЯСЫ — ШОРАХАН ЕЛАТЫНДА! 🏛️✨Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи нәўбеттеги илимий-изертлеў экспедициясы Төрткүл районы Шорахан елатына ҳәм Қәлендер дағлы медресесине болды. 🗺️📚📜 Аңызларға қарағанда, Шорахан елат аты Шора батыр-хан аты менен байланыслы. Бул жер — белгили жыраўлар Жийемурат ҳәм Қурбанбай жыраўлар туўылып-өскен қутлы мәкан.🎶🏛️ Қәлендер дағлы медресесинде атақлы Муўса бақсы тәлим алған. Халық аўзында оның «Жети асырым» намасының дөретилиўине байланыслы қунлы аңыз сақланған. 🎵📜🎼 Бердақ шайыр Муўса бақсының өнерин жоқары баҳалап, оның сазгерлик шеберлигин өз қосықларында жырлаған:💐«Тәрийп етейин оны дослар, Адамзаттың кеўлин хошлар, Қайырылады ушқан қуслар, Сазын еситсе Муўсаның».👥 Экспедицияға композитор, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген көркем-өнер ғайраткери Қ. Зәретдинов,
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
14 Aug, 10:39

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
24 Jul, 09:19
🎉 Туўылған күниңиз мүбәрек болсын, Ҳүрметли Президент!🏛Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи жәмәәти атынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевти бүгинги қутлы күни менен шын жүректен қутлықлаймыз! Мәденият, көркем-өнер ҳәм миллий мийрасымызды раўажландырыў жолындағы ийгиликли ҳәм саўаплы жумысларыңызда ҳәмийше үлкен табыслар яр болсын. Халқымыздың абаданлығы ҳәм елимиздиң тынышлығы жолындағы тынымсыз мийнетиңизде саў-саламатлық, узақ өмир ҳәм жаңа жетискенликлер тилеймиз!✅ Туўылған күниңиз қутлы болсын! 🇺🇿Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
9 Jul, 12:03edited
📚 «КИТАПҚУМАР МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТКЕР»🏛 Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигиниң 2026-жыл 4-июньдеги 140-Р-санлы буйрығына тийкарланып, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде музей хызметкерлери арасында «Китапқумар мәмлекетлик хызметкер» таңлаўы өткерилди.🎯 Бул таңлаў музей хызметкерлери арасында китап оқыў мәдениятын раўажландырыў, әдебиятқа болған қызығыўшылығын арттырыў, кәсиплик билимин кеңейтиў ҳәм тәжирийбе алмасыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, хызметкерлердиң дүнья-қарасын байытыўға ҳәм өз үстинде ислеўге болған умтылысын күшейтиўге хызмет етеди.📝 Қатнасыўшылар өзлери оқыған көркем шығармаларды слайд-презентациялар менен мазмунлы ҳәм қызықлы түрде усынды.📚 Қатнасыўшылар Абу Райхан Беруний ҳәм Заҳириддин Мухаммед Бабурдың өмири ҳәм илимий-әдебий мийрасы бойынша берилген тапсырмаларды орынлап, тарийх ҳәм
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
9 Jul, 12:03

Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
9 Jul, 04:31
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген.Теңелбай Сәрсенбаев(09. 07. 1940 - 29. 10. 2000)@Tengelbay_Sarsenbaev
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
7 Jul, 06:59
forwarded from @shmirziyoyev
Islom sivilizatsiyasi I Xalqaro forumi ishtirokchilariga murojaat — Обращение к участникам I Международного форума исламской цивилизацииPrezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Қарақалпақ әдебияты тарийхы мамлекетлик музейи
30 Jun, 05:22edited
🎉 30-ИЮНЬ – ЖАСЛАР КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! 🎉✨ Әзиз ҳәм қәдирли жаслар!🌸Бүгин – келешекке үлкен үмит пенен қәдем таслап атырған, жүреги арзыў-әрманларға толы жаслардың байрамы.🌟 Жаслық – инсан өмириндеги ең гөззал ҳәм бийбаҳа дәўир. Әйне усы ўақытта үлкен мақсетлер қойылып, жаңа мүмкиншиликлер ашылады.💫 Сизлер – елимиздиң келешеги, оның раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўының тийкарысыз. Мәмлекетимиздиң ертеңги жетискенликлери сизлердиң терең билимиңизге, изленислериңизге ҳәм күш-ғайратыңызға байланыслы.📚 Ҳеш қашан мақсетлериңизден қайтпаң! 🚀 Үзликсиз билим алың! 🏆Өз үстиңизде ислең ҳәм бийик шыңларды бағындырың!🎊 БАЙРАМЫҢЫЗ ҚУТЛЫ БОЛСЫН!Сизлерге ден-саўлық, бахыт, әўмет ҳәм айдын келешек тилеймиз! 🌿✨Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Related Channels
Other channels in the same section of the catalogue.
