gram news
ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ channel avatar

ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

@adillikadvokati

Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов Телефон: +998 90 574 44 47 Телеграм: @AmangeldiAbatov Группа: @adillkadvokatigroup

ProjectsKKLaw

24,200subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    23 Sept, 09:02edited

    ❗️ Мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын жаратыў белгиленди📃 Президенттиң 21.09.2026-жылғы ПҚ-345-санлы қарары менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, сондай-ақ, мәмлекетлик үлеси 50 пайыз ҳәм оннан да көп болған юридикалық шахсларда "Мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығы" бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.📅 2026-жыл 1-декабрьге шекем арнаўлы мәлимлеме порталы ислеп шығылады.Портал арқалы: 🔹 күш көрсетиў ҳәм зорлық-зомбылық бойынша онлайн шағым бериўге; 🔹 басшы яки жуўапкер шахсқа байланыслы шағымын жоқары органға автомат тәризде жибериўге; 🔹 жағдайын тексериў, дәлиллерди топлаў ҳәм нәтийжелерди сақлаўға болады.⚖️ Егер ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық яки жынаят белгилери анықланса, материаллар "112" бирден-бир диспетчерлик хызмети арқалы ўәкилликли уйымларға жибериледи.📌 Жынысый ямаса физикалық зорлық-зомбылық, жынысый қысымшылық - мийнет миннетлемелерин турпайы түрде бузғанлық; басым, руўхый басым, кемситиў ҳәм шағымы себепли қуўдалаў - мийнет тәртибин бузыў деп баҳаланады.❗️ Бул механизм хызметкерлердиң жумыс орнында қәўипсизлигин, ар-намысын ҳәм ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.⚖️ Ҳуқықыңызды билиў оны қорғаўдың биринши қәдеми.❇️Каналга қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    1,370541Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    23 Sept, 04:15edited

    ⚡️ Шавкат Мирзиёев ҳәкимшилик әдил судлаўды раўажландырыў бойынша презентация менен танысты!🔹Тараўға 15 ке шамалас жаңа ҳуқықый институт енгизиў усыныслары көрип шығылды:▪️Пуқараларға ҳуқықы бузылыўынан алдын суд арқалы қорғаныў имканиятын бериў ушын 4 түрдеги даўа формасын енгизиў;▪️Пуқараларға мәмлекетлик уйым нызамбузыўшылық ислегенин тән алыўды сорап мүддетсиз судқа мүрәжат етиў ҳуқықын бериў;▪️Пуқараларға жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери үстинен тиккелей судқа шағым етиў ҳуқықын бериў;▪️Мәмлекетлик уйым суд қарарын орынламаса, оған жәрийма қолланылғаннан кейин де қарар орынланбаса, прокурорға хабар бериў усыныс етилди.❇️Каналга қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    2,10025131110Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    23 Sept, 04:07edited

    Ҳәмме нәрсе менен гүресип болмайды. Ҳәмме жумысты да жетик ислеп болмайды. Ҳәр дайым логика менен жасаў да керек емес.Гейде ҳәммесин өз ҳалына қойыў лазым. Себеби қәтержамлыққа ерисиў ушын бәрқулла жеңип шығыў шәрт емес.Гейде жеңилиўди де билиў - өзиңди сақлаўдың ең дурыс жолы.❇️Каналга қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    2,0291331Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    22 Sept, 14:49edited

    ⚖️ СУДЬЯЛЫҚТАН АДВОКАТЛЫҚҚА!Мағлыўматларға бола, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының бурынғы биринши орынбасары Икрам Тухтамуратович Муслимов адвокатлық хызмет пенeн шуғылланыў ушын маманлық имтиханын тапсырмақта екен.Икрам Муслимов 2024-жыл сентябрь айында Жоқарғы суд раисиниң биринши орынбасары — Судлаў коллегиясы баслығы болып сайланған еди. Ал 2025-жыл сентябрь айында бул лаўазымнан босатылды.Егер бул хабар ҳақыйқат болса, суд системасында көп жыллық тәжирийбеге ийе болған, жоқары лаўазымларда хызмет еткен қәнийгениң адвокатлық кәсипти таңлаўы ҳуқықый жәмәәтшилик ушын унамлы жаңалық болады.📌 Судьялықта — әдилликти тәмийинлеў, адвокатлықта — инсан ҳуқықларын қорғаў. Аўмет тилеймиз!❇️Каналга қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    2,45013211Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    22 Sept, 04:06edited

    💼 ЖАҚСЫ ҚӘНИЙГЕЛЕР КЕТИП ҚАЛМАЎЫ КЕРЕК!Ойлап көриң: жыллар даўамында мәкемеге садық хызмет еткен, ең қыйын ўазыйпаларды жуўапкершилигине алған, жәмийеттың "тиреги" болған қәнийге — бир күни айлық ис-ҳақысының азайғанын көреди.Бул — қыял емес. 2027-жыл 1-январдан баслап шынлыққа айланыўы мүмкин.⚖️ 2026-жыл 2-сентябрьдеги ПФ-181-санлы Пәрманға бола, мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң мийнет ҳақы системасы түптен өзгереди:📊 Енди ҳәр бир хызметкер KPI (нәтийжелилик көрсеткиши) арқалы бахаланады — A, B, C, D рейтинглери. — 100 баллдан жоқары — +25% үстеме — 70 баллдан төмен — үстеме ЖОҚ.Яғный — номерлер, көрсеткишлер, бахалар. Адам емес, статистика шешеди.😔 Қәўип қайда? Ең тәжирийбели, ең садық хызметкерлер де — егер жаңа өлшемлерге "толық сай келмесе" — айлығынан айрылыўы мүмкин. Нәтийжеде не болады? Олар кетеди. Билими, тәжирийбеси, жыллар даўамында топлаған маманлығы —
    TelegramӘДИЛЛИК АДВОКАТЫӨз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов Телефон: +998 90 574 44 47 Телеграм: @AmangeldiAbatov Группа: @adillkadvokatigroup
    3,10013103Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    22 Sept, 03:06edited

    ⚖️ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ — СУД ҚОРҒАЎЫНДАПуқара К.Казаковтың электр энергиясынан пайдаланыўға байланыслы даўы Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик ислери бойынша судының ревизия тәртибинде қайта қарап шығылды.Жоқары инстанция суды төменги инстанциялардың суд ҳүжжетлерин бийкар етип, жуўапкердиң тийисли актлерди рәсмийлестириўге байланыслы ҳәрекетлерин нызамға муўапық емес, деп тапты.Бул — нызамсыз ҳәрекетке қарсы инсан ҳуқықларының суд арқалы қорғалғанының тағы бир дәлийили.⚖️ Ҳуқық талап етилген жерде — әдиллик ушын гүрес тоқтамайды.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    2,550video531Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    20 Sept, 06:18edited

    ⚖️ Конституция — ең жоқары нызам!Үй-жайда тинтиў өткериў ушын судтың алдын ала қарары керек.«Кейинге қалдырып болмайтуғын жағдай» деп, дәслеп үйге кирип, тинтиў өткерип, затларды алып шығып, кейин судтан рухсат сораў — алдын ала рухсат емес.Кейин шығарылған қарар кешеги ҳәрекетти автоматлы түрде нызамлы етип қоймайды.Конституцияда «асығыслы жағдай» деп үй-жайға судсыз кирип барыў ушын айрықша рухсат бериўши норма талабы жоқ.Үй-жай — пуқараның қорғаны. Қорғанның есигин тергеўшиниң «асығыслы» деген қарары емес, судтың нызамлы қарары ашыўы керек.Конституция қабыл етилди ме — оған әмел етиў шәрт.Нызам Конституцияға қайшы болмаўы лазым.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    2,9201041Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    19 Sept, 10:12edited

    Бердақ Ғарғабай улының 200 жыллығы белгиленедиКелеси жылы қарақалпақ халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылғанына 200 жыл толады.Президентимиз шайырдың «Ҳәмме ўақыт сен хызмет етгил халық ушын, өзим деме ғамхорлық ет халық ушын» деген ҳикметли сөзлери бүгин де өз әҳмийетин жоғалтпағанлығын атап өтти.Уллы зыялылардың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, санластырыў, қәстерлеп сақлаў ҳәм халқымызға, әсиресе, жасларға жеткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.Келеси жылы Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығын мәмлекетимизде мүнәсип белгилеў усынысы билдирилди.Жуўапкерлерге бир айда кең көлемли бағдарлама ислеп шығып, оны әмелге асырыўды баслаў тапсырылды.Мәжилис жуўмағында аймақ ҳәм тармақлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды, Қарақалпақстан белсендилери менен сөйлести.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    3,43012851Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    19 Sept, 10:05edited

    Қарақалпақстанда жеке меншик бақша ашатуғын исбилерменлерге 15 жыл мүддетке 7 процентлик кредит бериледиҚарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 84 процентке жеткен. Бирақ Әмиўдәрья, Бозатаў, Тақыятас, Төрткүл, Шымбай, Хожели ҳәм Елликқалада бул көрсеткиш еле төмен екенлиги атап өтилди.Енди Қарақалпақстанда жеке меншик бақша ашатуғын исбилерменлерге 15 жыл мүддетке, 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 процентлик кредит бериледи.Қалған ўәлаятларда кредит ставкасы орайдан узақ-жақынлығына қарап, 7 проценттен 15 процентке шекем болады.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    3,29030272616105Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    19 Sept, 10:02edited

    ⚡️1-январьдан баслап Бозатаў ҳәм Тахтакөпирге келип жумыс ислеп атырған шыпакерлерге 200 процентке шекемги айлық үстеме төленедиҚарақалпақстанда жоқары технологиялы медициналық хызметлердиң көлеми де кеңеймекте.Нөкистеги орайлық емлеўханада баўыр ҳәм бүйрек трансплантациясы әмелге асырылмақта. Аралбойы балалар емлеўханасында 150 түрдеги жоқары технологиялық медициналық хызмет көрсетилмекте. Усы жылы бас мий, жүрек ҳәм пластик хирургия сыяқлы қурамалы бағдарларда 1,5 мың операция өткерилди.Аймақта медициналық қамсызландырыў механизми енгизилди. Медицина мәкемелерине 10 миллион долларлық үскенелер алып берилди.Өзбекстанда биринши мәрте жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген Нөкис медицина илимий академиясы тараў хызметкерлериниң билимин баҳалаў ҳәм маманлығын арттырыўда методикалық орай болады.Медицина академиясы, Балалар клиникасы, Онкология орайы ҳәм жаңадан
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    3,050393028201511Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    19 Sept, 08:35edited

    ⚡️ КРЕДИТ ТАРИЙХЫҢЫЗ ҚАНААТЛАНДЫРАРЛЫҚ ЕМЕС ПЕ?Енди кредит тарийхы қанаатландырарлық емес болған пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине де имтиязлы кредит ажыратыў мүмкин.🔹 Жумыссыз пуқараларға — мәҳәлле усынысы ҳәм кепиллиги тийкарында; 🔹 Исбилерменлик субъектлерине — район (қала) ҳәкимлиги усынысы ҳәм кепиллиги тийкарында.📌 Жобаның әмелге асырылыўы ҳәм жаңа жумыс орынларының жаратылыўы мәҳәлле банкири ҳәм ҳәким жәрдемшиси тәрепинен қадағаланады.⚖️ Юридикалық кеңес: кредит алыўдан алдын оның шәртлери, кепиллик талаплары ҳәм қайтарыў тәртибин толық анықлап алың.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    3,540file441Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    19 Sept, 06:33edited

    Ҳәр бир ашылған есикке қуўана бермең — сынақ яки қыйыншылыққа алып барыўы мүмкин.Ашылмаған есик ушын да қайғырмаң — бәлким, үлкен бир жаманлықтан қорғап турған шығар.Бүгин «Неге болмай атыр?!» деп налып жүрген нәрсеңизге, ертең: «Алҳамдулиллаҳ, болмағаны жақсылыққа екен!» — дейсиз.Сонлықтан сабыр қылың, тәғдирден асығып ренжимеӊ...❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    2,830141131Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    18 Sept, 16:38

    ⁉️ПЕНСИЯ ЖАСЫН НЕ УШЫН АСЫРЫЎ УСЫНЫЛМАҚТАӨзбекстанда улыўма пенсия жасы 1993-жылдан бери өзгермеген.📈 Сол дәўир ишинде туўылғандағы күтилип отырған орташа өмир сүриў даўамлылығы 67,9 жастан 75,4 жасқа жетти.👥 Соның менен бирге халықтың демографиялық кекеселер де асып бармақта. Пенсионерлердиң халыққа салыстырғандағы үлеси 2025-жылдағы 11,2%-дан 2040-жылға қарай 15%-ға жетиўи күтилип отыр.💰 Бул келешекте пенсия төлемлерин қаржыландырыўда ислеп атырған әўладқа түсетуғын жүктемениң артыўына алып келиўи мүмкин.🌍 OECD мағлыўматларына көре, 2024-жылы шөлкемге ағза мәмлекетлерде орташа пенсия жасы ерлер ушын 64,7 жас, ҳаяллар ушын 63,9 жас болған.📌 Сол себепли пенсия жасын бирден емес, ҳәр жылы 3 айдан басқышпа-басқыш асырыў усынылмақта.🎯 Баслы мақсет — пенсия системасын демографиялық өзгерислерге бейимлестириў ҳәм оның узақ мүддетли финанслық турақлылығын тәмийинлеў.⚠️ Бу
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    5,1801713411Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    18 Sept, 10:40edited

    📱Ата-аналар дыққатына: перзентиңиздиң баҳаларын онлайн бақлаң!Енди my.gov.uz арқалы улыўма орта билим бериў мектебинде оқып атырған перзентиңиздиң: ➖ ҳәр бир пән бойынша ағымдағы ҳәм орташа баҳалары; ➖ класс ҳәм улыўма баҳалар статистикасы; ➖ мектебиниң аты, мәнзили, оқыўшы ҳәм муғаллимлер саны ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкинБуның ушын my.gov.uz → "Мениң шаңарағым" → "Мектеп мағлыўматлары" бөлимине кириң.Тез арада перзентиңиздиң қатнасыўшылығын реал ўақыт режиминде бақлаў имканияты да иске қосылады.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    3,40094Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    18 Sept, 10:06edited

    Пахтаны қолда териў ушын ҳәр бир килограмына 2 000 сумнан төленеди.Машина менен терилген пахта ушын болса 1 килограмына 1 500 сум ҳәм 1 400 сум төленеди.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    4,4106211Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    17 Sept, 19:07edited

    Коррупция жынаяты ушын қамақханада отырған (аўелги мәмлекетлик хызметкер) тутқынның тән алыўы, өкиниши сәўлеленген социаллық ролик таярланыпты...❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    3,660video721Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    17 Sept, 10:40edited

    📃 ПФ-191-санлы Пәрман қысқа ҳәм түсиникли көринисте...Медициналық билимлендириўде нелер өзгермекте, айлықлар қаншаға көтериледи ҳәм басқа мағлыўматлар келтирилген.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    Image from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫImage from a post by ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ
    4,4504221Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    17 Sept, 09:55edited

    ❗️Пенсия есаплаўда мийнет ҳақы дәўири - 20 жылға шекем болыў мүмкин😇 Пенсияны есаплаўда инабатқа алынатуғын мийнет ҳақы дәўирин әмелдеги 5 жылдан 20 жылға шекем басқышпа-басқыш асырыў усыныс етилмекте.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    3,880video11421Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    16 Sept, 16:50edited

    ❗️Келеси жылдан техникумларда оқып мийирбийке болыў әмелияты бийкар етиледиОрта медицина хызметкерлерин таярлаўдың еки жыллық оқыў бағдарламаларына қабыллаў бийкар етиледи.Яғный ҳәзир еки жыллық медицина техникумлары тек ғана усы жыл оқыўшы қабыл ете алады, кейинги оқыў жылынан баслап:"мийирбийкелик иси" тийкарында "медициналық бирге ислесиў иси" қәнигелиги;"жоқары мийирбийкешилик жумысы" негизинде "жоқары медициналық бирге ислесиў жумысы" бакалавриат тәлим бағдары енгизиледи (питкериўшилерге мийирбийке ҳәм еркеклерге медицина ағалары квалификациясы бериледи);"жоқары медициналық бирге ислесиў жумысы" бойынша мәмлекетлик буйыртпа 2030/2031-оқыў жылына шекем ҳәр жылы кеминде 20 пайызға асырып барылады.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    4,4201672Open in Telegram
  • ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ

    16 Sept, 08:33

    forwarded from @adillikadvokati

    Гербиш яки китап?Сиз қайсысын таңлайсыз?Ҳәзир шешип алың, соң кеш болыўы мүмкин.❇️Каналға қосылыў 👇👇👇 https://t.me/adillikadvokati
    3,790video1542Open in Telegram