gram news
Baxıtlı SARÍBAEV channel avatar

Baxıtlı SARÍBAEV

@baxitlisaribaev

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

ProjectsKKOther

1,060subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • Baxıtlı SARÍBAEV

    9 Sept, 04:10

    «Сизиң айтқаныңыз дурыс екен. Кеўлимдеги толғанысларды ақ қағазға төгип жеңил тарттым. Өмиримдеги қыйыншылықлар ҳәр тәреплеме шынықтырып, жетикликке қарай бағдарлап, жақсы қосықларымның дөретилиўине түртки болды. Жүз берген ҳәр бир ўақыя-ҳәдийседен керекли сабақ алыўға үйреткен сиздей тәжирийбели кәсиплесиме миннетдарман!» деп, маған рахметин айтқан ўақытларында шайыр тәбиятлы кәсиплесиме илҳам бағышлай алғанлығымнан өзимди бахытлы сезингенмен. Жаңа китабы баспадан шықса, дәслепкилерден болып маған ең жақсы тилеклерин билдирип саўға еткенинде кеўлимдеги қуўаныштың шеги болмайды. Бахытлы бүгинги күнде жаңа жумыс орталығына араласып, ислеп атырған болса да, биздей қәдирдан кәсиплеслерин умытпай, тез-тезден байланысып ҳал-жағдайымызды сорап, дөретиўшилигиндеги жаңалықларды бөлисип, кеўлиндеги инилик меҳрин инәм етиўге талпынады. «Жақсының жақсылығын айт, кеўли тассын!» дегендей, Б.Сарыбаев
    6171Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    9 Sept, 04:09

    ТУЎЫСҚАНЫМДАЙ КӨРЕТУҒЫН КӘСИПЛЕСИМ Елимизге белгили хош ҳаўаз қосықшы Мәдияр Бекполатовтың «Ана» атлы қосығы көпшилик заманласларымыз қатары мениң де жүрек төримнен орын алып, сүйип тыңлайтуғын қосықларымның бирине айланды. «Әзиз аналарымыздың туўылған күнинде қутлықлаў ретинде атқарылатуғын, олардың кеўиллерине бир әлем қуўаныш бағышлайтуғын өлмейтуғын қосық болып шығыпты» деп қосық дөретиўшилерине миннетдаршылық билдирип, қайсы шайыр қәлеминен дөретилгенлигине күтә қызықсындым. Жақынларымнан сорастырып, бул қосықтың жас шайыр, социаллық тармақлар арқалы ел-халқымызға жақыннан танылып киятырған қәлем ийеси Бахытлы Сарыбаевқа тийисли екенлигин билип алдым. Соннан кейин Бахытлының дөретиўшилигине қызығыўшылық оянып, телеграм каналына ағза болып, жазған қосықларын бар ықласым менен оқып шықтым. Идеялық мазмуны салмақлы бир қатар қосықларында өзимниң кеўил кешимелеримди оқып, эстетикалық
    49521Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    9 Sept, 02:39

  • Baxıtlı SARÍBAEV

    9 Sept, 01:18

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Биз ҳәммемиз сондай болыўымыз керек, отағасы! - Мәўлен қолын солтаңлатып, шын жүректен сөйледи. - Анаңқараң, Бердәмбет отағасы! Честный адамды "сада" деп атырмыз! Усы пығлымыз турса әй, қайдем, Хрущев жақынлатып таслаған коммунизмге, ай, билмедим, бизиң қарақалпақлардың кирер кирмесин!.. - Киреди-и-и! - Қолын силикти Бердәмбет. - Социализмди еки этажлы жай көрмеген садалар менен-ақ қурдық! Коммунизм деген не о?! Ҳәзир ҳәмме саналы-ыы-ы! Есиктен Жумагүл-Жумаштың кириўи Мәўленниң баслайжақ болған сөзин баслатпай таслады, шегир көзлерин Жумагүл-Жумаштың қолындағы қатықлы ыдысқа бақырайтты да лал болды. Жумагүл-Жумаш қатықлы ыдысты әдеп ошақтың үстине қойды. Мәўлен сонда да шегир көзин соннан айырмады. Жумагүл-Жумаш кир-кир дәстурханын жайып, ишиндеги бир буханка таза жабылғанлықтан бос ҳәм сонлықтан да ағаш саплы өтпес қазан пышақ пенен
    9881Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    8 Sept, 01:20

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Сонда да өлимнен уят күшли: билмегенге салды ҳәм: - Гүрен, гүрси! - деп апалақлады. - Бердәмбет ағамлар келди. Қасында балтыры балта саптай, тар балақ шалбар кийген орыстай биреўи бар! Дизесин бүксе сөтилип кете ме, гүрси сорап атыр!.. Лийкин "жаў келди деп жүрисинен жаңылсын ба!", - Айбөрек өзине тән парасатлылық пенен, хийўалы нашарларға тән әдеп-икрамлылық пенен залының гилтин Сийсенге берди: - Аяғыңды шеш те керегиңше алып кете бер! Сийсен еки қолына үш гүрси алып, гүрсилерди қапыға тақырлатып киргизгенинде "дизесин бүксе балағы сөтиледи" деп жүрген орыссымағы пальтосының шалғайын қайырып, дизесине доғал мүйеш жасатып, туфлийшең отырыптыдағы, ал Бердәмбет еле ҳүрметли қараўылдағыдай тик аяғынан тур. Есикке таман төсектиң патаслығына қарамай жайласып алған Айтбайға: "Мен ондай зәкүн-пәкүнди еситпедим, ғарры билетуғын шығар, билмесе ийт
    269631Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    7 Sept, 01:21edited

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Бердәмбеттиң гәпи менен ишке кирген Мәўлен Тоймуратов "өзим-ақ жағып жиберейин" деди ме, әйўандағы қараңғылыққа көзин үйретпестен-ақ кире беристеги дийўалды сыйпады. Оннан бурын ишкерилеп үлгерген Жумагүл-Жумаш: "дийўалды сыйпалап не излеп жүр екен?..." деп таңлана жазлағанда әбжиллик пенен Сийсен айтты: - Бул үй еле свет қурғыза алмай атыр. Дийўалдың қолына жуққан шаңын қағып атыр еди Мәўлен: - Үсейтип жүрип, коммунизмге бармақшымыз-аў!.. - Коммунизм, бул, пүткил елди электрлестириў! - Айтбай саўатсыз көрингиси келмей, көшелерде күнде оқып жүрген сүренин тәкирарлады. Жумагүл-Жумаштың көп нәрсеге пәми алыса бермейтуғыны "ишкерилең" деп, мирәт етпейтуғыны Сийсенге мәлим, сол ушын ҳәм Жумагүлдиң орнына қысынып, шыбыжыңлады: - Ҳаў, ишкерилемейсиз бе?... - Япырмай бала! - Мәўлен таңланды ҳәм басын қыйқаңлатып сөйледи. - Қараңғыдан көз алартса
    185711Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    6 Sept, 02:23

    Qosıǵım bayramda atqarılǵanlıǵınan quwanıshqa bólendim. https://youtube.com/watch?v=lUNTtISbMJQ&si=BA4v63utEaogU-pX
    YouTubeQosıǵım bayramda atqarılǵanlıǵınan quwanıshqa bólendim.Enjoy the videos and music you love, upload original content, and share it all with friends, family, and the world on YouTube.
    2061211Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    6 Sept, 01:28

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Сийсен "жаңағысы" не, "алдағаны" не, түсине алмай атырғанда-ақ Жумагүл ишке сүңгиди де киринен гүлиниң ағы көринбей қалған жүктеги көрпениң қатламына қол суқты. Қанша ойлай алмайды десек те Жумашта пул санағандай шама бар. Айнаның жақтысына келип былай санап көрди, тоғыз беслик, былай санаса да тоғыз! - Айтпадым ба, баплаған ғаррыны! - Сыртқа жуўырып шығып, Сийсенниң қасына жетер-жетпестен өзиниң жамбасын өзи шаппатлады. Сийсен сорап, түсинип, мәселени билип алғаннан кейин бүлкилдеп күле берди, күлген сайын ҳаўлықты ҳаял. Сийсенниң күшиктиң көзиндей кишкене көзи күлгенде қысылып, Жумашқа жети жининдей көрингенлиги соншелли: - "Биреўдиң қулағы кесилип атса да биреўге кийиз кесилгеншелли көринбейди!" Күлгениңниң мәниси не, жаман! - деп бақырып жиберди. Сийсен ҳаялдың солығын бастырып болып, түсиндирди: - Сол қырық бесиң сынған ақшадан төрт
    370731Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    5 Sept, 05:31edited

    @BaxitliSaribaev
    22771Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    5 Sept, 01:21

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Нурлепесте отыра беретуғын ўақыт көп болса Тәжимураттың "әжик-гүжик" сөйлесип отырғанының сирә зыяны болмас еди. Қысы менен бул Нурлепес отын көмектен босамады, қай үйге тандыр отын керек болса балғасын белине қыстырып, сол үйдиң тележкасында кетип баратырған Нурлепести көресең! Оннан аўысқан күнлеринде адамлардың атызларын төгинлеп береди. Ол үйдиң ешек арбасы бар ма, жоқ па, парқы жоқ, буған ғәлтек арба болса да, қапылып қалған күнде жайаў-ақ бола береди. Буның есесине үй ийеси, әлбетте, Әмирхандай бай адам-дә, жарлы адам малай жумсай ма, буған гөне-көкси кийимлерин, шамалы тийин-тебен береди. Нурлепес бундайда айтысып-шертисип айтпайды, анаў уялмасын етеди, бул да бергенин ала береди. Соның ушын да "Ақ тубалылар" Нурлепестиң аяғындағы былғары офицер етигиниң қайсы байдың гөнеси екенин, малақайының қай ҳәмелдардың нешше жыл кийгени
    3475211Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    4 Sept, 12:13

    Шәкиртлериң қәдирлесе өзиңди "Бахытлы устазбан!" деп айтқың келер екен. Таңлаған қәнигелиги басқа болса да көркем әдебиятқа күтә қызығатуғын Гүлбану шәкиртиме үлкен табыслар тилеймен.
    249822111Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    4 Sept, 11:58edited

    Устазыма (Арналады Бахытлы Сарыбаевқа)Шымбайдан шыққан сөздиң салмағы бар, Ҳәр сөзиңиз жүреклерге даўа болар. Шайырлықтың қыр-сырларын үйретип, Қәлемиме сиз бергенсиз қанатлар.Сөз қәдирин сизден үйрендим мен де, Ойларымды өрнекледим өлеңде. Ақ параққа сырларымды төккенде, Сиз үйреткен жоллар қалды жүректе.Меҳрибансыз, ақылыңыз — бир дәрья, Нәсиятыңыз жетелер нурлы таңға. Қыйын гезде күш бересиз жырлар бенен, «Сен жетесең» деп исендиресиз әрманға."Нийет етсең, мақсетиңе жетесең", Деген сөзди қайта-қайта айтасыз.
    261112211Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    4 Sept, 07:13

    MuhabbatBaxıtlı Sarıbaev sózi Sarsen Gaybullaev naması
    331file111Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    4 Sept, 02:34edited

    @BaxitliSaribaev
    372411Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    4 Sept, 01:24

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Несине сөйлесемен! Түнде "бармайман" деп қалдым. - "Кисим менен ойласып едим, мақул көрди" де де бар-дә, бетиңниң қызылы төгиле ме?! - Барыўын барарман-аў, ол бир ухажор мақаў еди, сен мени қызғанып өлесең-дә! - Сени қызғанғанымнан өлетуғын болғанымда қашшан сүйегим сипсе болар еди! Көкирегиң менде болса болды! - "Басқа жағың қайда болса сонда болсын" дейсең! Сен намыссыз! - Не десең о де, қуры намыс оңысық болмайды! Оңысық та өтип атыр-аў, бирақ Әмирханның үстине шығыў керек-дә! Әне, сонда намысың тикленеди!... - Сен намыссызсаң бәри бир!!! - Айбөрек еденди тепсинип-тепсинип силкинди. - Сендей байлы болғаннан байсыз жүрген абзал еди!... - Не десең о де, бар ҳәзир, басқа биреўди алып қояды, бар ҳәзир! Айбөрек жулқынып шығып кетти. 12 "Бәҳәрге бир аман шығып кетсек жумыс қапылмайды! Соған шекем оңысық керек, нан пулы болсын", деп бир
    40071Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    3 Sept, 13:42

    Биринши устазымҚәдем қойғанымда нурлы дәргайға, Сиз қарсы алғансыз бизди күлимлеп. Ҳайран қалып жән-жағыма қарайман, Толғаныс бар еди бала кеўлимде.Туңғыш муғаллимим - екинши анам, Жети жастан жақынсыз-аў кеўлиме. Ардақлайман жүрек алғысын арнап, Жаныңызға келип байрам күнинде.Ыссы қушағыңды ашып сонда сиз, Сүйесиз бетимнен "Айналайын!" деп. Сезилип турады сағынғанымыз, Қол тиймей дийдарға жүр едим шөллеп.Қәдирдан классқа кирип биз бирге, Шийрин мәўритлерди аламыз еске. Терең билим теңизинде жүздирген,
    3252111Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    3 Sept, 11:44

    "Muhabbat" atlı qosıǵımız Sarsen Gaybullaev atqarıwında https://youtube.com/shorts/VZXc5U_KcQ4?si=EFBg3jx2uW8Dq_s-
    YouTube"Muhabbat" atlı qosıǵımız Sarsen Gaybullaev atqarıwındaEnjoy the videos and music you love, upload original content, and share it all with friends, family, and the world on YouTube.
    2833211Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    3 Sept, 01:18

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Ҳеш жерде ҳеш нәрсе болмағандай, дым көрмегендей болып, Айбөрек Жердаштың кәтиниң тусына төсегин салып жатып еди, қатты уйқылап кеткен қусайды, көзин ашса Жердаш Бердаш пенен печьке хантақтаны жақынлатып, қара чайды қондырып отыр. "Ишпеймен" деп ише бергени ушын-ақ жалтақ болып қалған Жердаш: - Уйқыңды бузбаў ушын чайды да өзлеримиз қайнатып ишип отырмыз, - деп жалбырақлап атыр. - Нөкербайлар мынаў бир ящик араққа пулды қайдан тапты екен? - Оны винзаводтың директоры әкелди. Бизлер менен Қоңыратта бир мектепте оқыған Жеткерген деген бала ғой! Қысынғанымнан қыз болдым-аў, шетиңизден пияңсыз! Кетип қалды!.. - Паҳ, нетесең-әй! Қолға бир түскен екен-дә, айырылып қапсаң, қаты-ын!.. Соның арасынша Бердаш мектебине кетип қалды. Түндеги "уллы қонақ" келгендеги масқара қылғаны ушын тулланып отырған ҳаялының кеўилин жадыратып жибериў мақсетинде: - Көп
    349811Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    2 Sept, 10:19

    34410211Open in Telegram
  • Baxıtlı SARÍBAEV

    2 Sept, 01:23

    Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Айбөрек диванның төменине, стол менен еки аралыққа төсекти салып үлгерген екен, жигит тартынып, қысынып турмады, асығыс сыртқы кийимлерин шешип-шешип, гүрсилердиң үстине қалай болса солай зыңғытты. - Басқа ҳеш тәмем жоқ, тек үлбиреген ләплериңизден бир ғана өпсем бийәрманман... - Жақ, жақ... Өйппей, жумсақ қол да бундай қарыўлы боламекен! - Айбөрек аўызын қашырғаны менен қыпша бели бийықтыяр тал шыбықтай таўланып трусийшең жигиттиң киндигине майысып баратырғанын, өзиниң де буўынларынан диңке кеткендей қамырдай ийленип, төсекке жаўырнының тийе баслағанын абайлады, лийкин, өләмата қарсыласғысы да келип атырған жоқ еди, усы пурсатта лебине лып етип жыллы леп тийди ҳәм ләби-пәби, тили-пили менен сорылып баратырғанын сезди. Тез алдын алмаса мынаў адам биротала жутып қоятуғындай ҳаўлықты ҳәм өз демине өзи буўлығып: - Қойып тур, өзим-ақ, өзим...
    468311Open in Telegram