gram news
Каракалпак 24 channel avatar

Каракалпак 24

@karakalpak24

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama 📱Instagram: https://www.instagram.com/karakalpak24_

ProjectsKKNews

102,540subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • Каракалпак 24

    14 Nov, 09:38

    ❗️Қарақалпақстанның 6 районында ҳәкимге қосымша шарўашылық бойынша биринши орынбасар лаўазымы енгизилдиПрезидентимиздиң ПҚ-393-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек, Тахтакөпир, Мойнақ, Кегейли, Бозатаў ҳәм Төрткүл районлары ҳәкимликлери структурасына жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша ҳәкимниң биринши орынбасары лаўазымы енгизиледи.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 19:14

    ❗️ИИМ баспасөз хаткери Шахрух Ғиёсов лаўазымынан алынғаны ҳаққында хабар берилмектеОл 2019-жыл октябрьден берли министрликтиң мәлимлеме хызметиниң баслығы болып жумыс ислеп атырған еди.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 18:40

    ❓Жыл атамаларын билесиз бе?1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы; 1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы; 1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы; 1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы; 1995-жыл — "Ибн Сино" жылы; 1996-жыл — "Амир Темур" жылы; 1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы; 1998-жыл — "Шаңарақ"жылы; 1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы; 2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы; 2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы; 2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы; 2003-жыл — "Абат мәҳалле" жылы; 2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы; 2005-жыл — "Саламатлық" жылы; 2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы; 2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы; 2008-жыл — "Жаслар" жылы; 2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы; 2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы; 2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы; 2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы; 2013-жыл — "Абат турмыс" жылы; 2014-жыл — "Cаламат бала" жылы; 2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы; 2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы; 2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы; 2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы; 2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы; 2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы; 2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы; 2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы. 2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы. 2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы. 2025-жыл — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.2026-жыл — "Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў" жылы
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 14:37

    ❗️Әмиўдәря районында дрифт еткен автотранспорт басқарыўшысына тийисли тәртипте шара көрилди.👉 @Karakalpak24
    23,500videoOpen in Telegram
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 14:11

    🏦 ❗️Орайлық банк нызамсыз өндирилген процент ҳәм жәриймаларды қайтарыўды тапсырдыОрайлық банк коммерциялық банклерге суд қарары шыққан кредитлерди тексерип, нызамсыз есапланған процент ҳәм жәриймаларды бийкарлаў және өндирилген қаржыларды қарыз алыўшыларға қайтарыў ўазыйпасын жүкледи.Нызамға бола, кредит қарызын өндириў бойынша суд қарары шыққаннан соң, қарарда белгиленген суммаға қосымша процент, жәрийма ҳәм пеня есаплаў тоқтатылыўы керек.Банклер 10-декабрьге шекем ишки аудит өткериўи, 25-декабрьге шекем болса Орайлық банкке есабат усыныўы шәрт.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 14:01

    ❗️Қарақалпақстанда өзин-өзи бәнт еткенлер де ипотека тийкарында үйли болыўы мүмкинРасмий жумыс орны болмаса да, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар жаңа қурылған үйлерден пәтер сатып алыў мүмкиншилигине ийе.Халқ банкиниң «Фаровон» ипотека кредити төмендеги шәртлер тийкарында ажыратылады: ➖ Кредит муўдети — 20 жылға шекем; ➖ Жыллық процент ставкасы — 17%; ➖ Дәслепки төлем — 20%; ➖ Кредит муғдары — 380 млн сумға шекем.📌 Толығырақ: 1106#реклама
    21,700videoOpen in Telegram
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 13:34

    🚌 ЖӘМИЙЕТЛИК ТРАНСПОРТТАН КИМЛЕР БИЙПУЛ ПАЙДАЛАНЫЎ ҲУҚЫҚЫНА ИЙЕ?Өзбекстан Республикасының 1996-жыл 30-августтағы 278-I-санлы Нызамына муўапық, төмендеги категориядағы пуқаралар қалалық жолаўшы транспортынан (таксиден тысқары) бийпул пайдаланыў ҳуқықына ийе:➖ 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары қатарынан болған әскерий хизмечилер; ➖ 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар; ➖ Урыс дәўиринде фронт артындағы пидайы мийнети ҳәм минсиз әскерий хызмети ушын орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған шахслар; ➖ Аўғанстан ҳәм басқа мәмлекетлер аймағындағы жаўынгерлик ҳәрекетлерде қатнасқан бурынғы интернационалист жаўынгерлер; ➖ Ҳақиқий мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хизметшилер ҳәм де контракт бойынша әпиўайы аскерлер ҳәм сержантлар қурамындағы әскерий хизмечилер; ➖ "Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры" көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар; ➖ Чернобил АЕС апачылығы нәтийжесинде нурланыў кеселлигине ушыраған ҳәм оны басынан өткерген шахслар; ➖ Басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер, жалғыз жасайтуғын кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар; ➖ Майыплығы болған көзи әззилер, I-топар майыплығы болған шахслар ҳәм де оларға жолдаслық етиўши бир шахс.💳 «ЖЕҢИЛЛЕТИЛГЕН ТРАНСПОРТ» КАРТАСЫН ҚАЛАЙ АЛЫЎ МҮМКИН?Бийпул жүриў ҳуқықын беретуғын жеңиллетилген транспорт картасын рәсмийлестириў процеси электрон система арқалы әмелге асырылады.📲 Пуқаралар картаны алыў ушын my.gov.uz — Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы арза тапсырыўы мүмкин. 📬 Рәсмийлестирилген жеңиллетилген транспорт картасы UzPost миллий почта оператори арқалы арзада көрсетилген почта мәнзилине жеткерип бериледи.Karinform👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    13 Nov, 13:04edited

    Ҳәким жәрдемшилерине рәсмий түрде жаңа ўәкиллик берилди.2026-жыл ноябрь айынан баслап ҳәким жәрдемшилерине нызамсыз қурылыслардың ерте алдын алыў илажларын көриў ўәкиллиги бериледиОнда, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери "online-mahalla.uz" системасы арқалы Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигин оператив хабардар етиў тәртиби енгизиледи.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 16:15

    ❗️Өзбекстанда жумыс орнындағы басым көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы жаңа система енгизилдиПрезидент Шавкат Мирзиёев мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қарарға қол қойды.Қарар менен жумыс орнында басым өткериў, жынысый ҳәм физикалық зорлық, руўхый басым ҳәм кемситиў жағдайларының алдын алыў, бундай жағдайлар бойынша мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм қалыс көрип шығыўдың жаңа системасы енгизиледи.Мүрәжат еткен шахслардың жеке мағлыўматлары ҳәм мүрәжат мазмунының сыр тутылыўы кепилленеди.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 16:00

    ❗️Миллий сертификат орынлары енди шекленген – жаңа шеклеўлер жәрияланды2026-жыл сентябрь-декабрь айлары ушын 496 303 орын ажыратылды: сентябрьде 125 753, октябрьде 129 535, ноябрьде 112 335 ҳәм декабрьде 128 680.Сондай-ақ, енди имтиханлар көбирек болады, 2025-жылдың усы дәўиринде 11 орнына 15. Агентлик инфраструктураға жүкти азайтыў ҳәм нәтийжелерди өз ўақтында жәриялаўды тәмийинлеў ушын шеклеўлер зәрүр екенлигин атап өтти.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 15:55

    BYD компаниясы суў бетинде ҳәрекетленетуғын автомобилин усынды«BYD Yangwang U8» автомобили суў тасқыны күшейип, суў жүдә бәлент көтерилгенде, автомобил айрықша жағдайда суўда қалыў режимине өтиўи мүмкин.Бул жағдайда автомобилдиң илдиргиши жоқарыға көтериледи, айналар жабылады, вентиляция системасы ишки ҳаўа айланыў режимине өтеди, люк болса ашылады. Егер жағдай жүдә қәўипли түс алса, люк арқалы автомобилден шығыў мүмкин.Төрт электромотор да автомобилге суў бетинде шама менен 3 км/саат тезликте ҳәрекетлениўге жәрдем береди ҳәм белгили дәрежеде оның жөнелисин басқарады.BYD мағлыўматларына бола, автомобил суў бетинде 30 минутқа шекем қалыўы мүмкин.Бул өзгешелик айрықша жағдайлар ушын мөлшерленген. Яғный суў соншелли терең болып әпиўайы автомобилде оннан өтиўдиң мүмкиншилиги болмаған жағдайлар ушын.👉 @Karakalpak24
    16,500videoOpen in Telegram
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 14:22

    Bu kuz siz kimsiz? 🍂Uzum Market kuzgi tipajingizni aniqlash va o‘zingizga mos trendli tovarlar to‘plamini yig‘ish mumkin bo‘lgan botni ishga tushirdi. Botda 8 ta raund bor: har safar ikkita tovardan birini tanlaysiz.Yana 29-sentabrda ishtirokchilar orasida xaridlar uchun 100 000 so‘mlik 50 ta promokod o‘ynaladi.➡️Xo‘sh, birinchi raundni boshlaymizmi?⬅️
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 13:45

    🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 360 000 сўм;🔹базалық есаплаў муғдары – 440 000 сўм;🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 504 000 сўм;🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 983 000 сўм;🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 083 000 сўм;🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 083 000 сўм;🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (983 000 сўм)нан 1 083 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 083 000 сўм.🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 878 000 сўм;🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 878 000 сўм.
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 13:14

    ❓☎️ Газ, свет, суў өшип қалса қай жерге мүрәжат етиў керек?◾️104/1104 – газ тәмийнаты ушын; ◾️1054 – суў тәмийнаты ушын; ◾️1347 – ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнатындағы машқалалар ушын; ◾️1154/@het_admin – электр энергиясы тәмийнаты ушын; ◾️1055 – барлық түрдеги коммунал машқалалар бойынша мүрәжат етиў ушын.❗️Бул мағлыўматларды сақлап қойың ҳәм жақынларыңызға да жибериўди умытпаң!👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 09:50

    ❗️Алдын пара менен усталып қамалған ЖПХ хызметкери және пара менен усланып, 5 жылға қамалдыСурхандәрьяда алдын пара алыўда айыпланып, кейин ақланған ҳәм хызметине тикленген ЖПХ хызметкери және пара алыўда айыплы деп табылды.Ол Сурхандәрья ўәлаяты Байсын районындағы ЖПХ постында пахта жүкленген жүк машиналарын тоқтатып, ҳәр бирин өткерип жибериў ушын 100 мың сумнан пул талап еткен.Оператив илажда хызметкер 41 машина ушын талап етилген 4,1 млн сумнан 4 млн сумын алған ўақтында усланған.Мәлим етилиўинше, ол 2014-жылы да пара алыўда айыпланып, 6 жылға қамалған, бирақ 2022-жылы Жоқары судтың қарары менен ақланған ҳәм хызметине тикленген.Суд оған 5 жыл еркинен айырыў ҳәм де 2 жыл ишки ислер органларында ислеў ҳуқықынан айырыў жазасын тайынлады. Апелляция суды ҳүкимди өзгериссиз қалдырған.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 08:48

    ❗️24-сентябрь күни кеште Әмиўдәрья үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәрья үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде транспорт ҳәрекети ўақытша тоқтатылады.Шеклеў Қыпшақ-Блок-пост-80 станциялары аралығының 506-километри, 6-пикетинде алып барылатуғын оңлаў жумыслары себепли енгизиледи.Усы ўақыт даўамында көпирден автомобиллер де, поездлар да өткерилмейди.👉 @Karakalpak24
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 08:31

    ⚡️Миллий сертификат имтиханлары ушын рухсатнамалар жәрияландыБиология, химия, физика ҳәм математика пәнлеринен миллий сертификат имтиханлары 2026-жыл 26-30-сентябрь ҳәм 2-4-октябрь күнлери өткериледи, атап айтқанда:➖ 26-ҳәм 28-сентябрь күнлери биология пәнинен; ➖ 27-28-сентябрь күнлери химия пәнинен; ➖ 29-30-сентябрь күнлери физика пәнинен; ➖ 2-4-октябрь күнлери математика пәнинен.Ҳәр бир талабан бул мағлыўматларды өзиниң рухсатнамасынан да көриўи мүмкин.Тест сынақларында қатнасатуғын талабанлар рухсатнаманы my.gov.uz веб-сайтындағы "Мениң арзаларым" бөлими арқалы жүклеп алыўы мүмкин.Рухсатнамада тест сынағы өткерилетуғын сәне, ўақыт ҳәм мәнзил көрсетилген болып, талабанлардан белгиленген ўақытта рухсатнамада көрсетилген мәнзилге жетип келиўи соралады.Талабанлар тест сынағы өткерилетуғын имаратларға тек ғана шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ямаса ID-карта) менен
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 07:21

    ❗️Транспорт-логистика реформасы❓Қарақалпакстанда не өзгереди? ❓92 километрлик жол қурылысы халыққа не береди? ❓112 электробуслар қашан Нөкис көшелерине шығады?Жоллар жаңарады. Қалалық транспорт өзгереди. Қатнаў тезлеседи. Бул өзгерислер Қарақалпақстанлылардың күнделикли турмысында қашан ҳәм қалай сезиледи?22-сентябрь күни саат 18:00 де Қарақалпақстан телеканалында «Халық қадағалаўында» көрсетиўин тиккелей эфирде көремиз. Темаға байланыслы сораўларыӊызды 61 226-53-14 телефон номерине қоңыраў етиң ҳәм сораўларыңызға тиккелей эфир ўақтында жуўап алсаӊыз болады.👉 @Karakalpak24
    26,000videoOpen in Telegram
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 07:09

    Қытайлы инвестор Қарақалпақстандағы 200 гектар майданнан 4 тонна алтын анықладыҚарақалпақстанда 1000 жумыс орнына ийе алтын қазып алыў ҳәм қайта ислеў кластери шөлкемлестириледи ҳәм геология-излеў жумыслары кеңейтиледи. Ҳәзирги ўақытта бундай изертлеўлер аймақтың тек ғана 20 процентинде өткерилген. Қытайлы инвестор "Урусой" кәнинде 4 тонна алтын резервин анықлады.Қарақалпақстанда алтын қазып алыў ҳәм оны қайта ислеў кластерин жолға қойыў ҳәм геологиялық-излеў жумысларының көлемин кеңейтиў режелестирилмекте. Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев 19-сентябрь күни Нөкис қаласында өткерилген мәжилисте мәлим етти.Мәмлекет басшысының атап өтиўинше, аймақ бойынша геологиялық-излеў жумыслары тек ғана 20 процент майданда орынланған. Ири инвесторлар кирип келип атырған бир ўақытта, Қарақалпақстанда шийки зат резервлерине байланыслы мағлыўматлар жетерли емес.Президент Қараөзек районындағы "Урусой"
  • Каракалпак 24

    22 Sept, 06:03

    ❗️Тәлим кредитин алыў ушын арзаны my.gov.uz арқалы тапсырыў мүмкинКүндизги тәлимде оқып атырған бакалавр ҳәм магистратура студентлери, сондай-ақ, профессионал тәлим оқыўшылары тәлим кредитин алыўы мүмкин.📌 Кредит муғдары: ➖ 1-басқыш студентлерине - коньтракттиң 100%; ➖ 2-басқыш ҳәм оннан жоқары болса GPA 3 тен төмен болса - 80% ке шекем; ➖ GPA 3 ҳәм оннан жоқары болса ямаса "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"нде болса - 100%.Қызлар ушын кредит процентсиз, ул балалар ушын процент Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы тийкарында белгиленеди.💳 Кредитти оқиў тамамланганнан кейин 7 айдан баслап 7 жил даўамында қайтариў мүмкин.❌ Супер-контракт, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан оқып атырғанлар, сондай-ақ, сырт елдеги ЖОО студентлерине берилмейди.📝 Арзалар коммерциялық банк тәрепинен 5 жумыс күнинде көрип шығылады.👉 Арза тапсырыў: my.gov.uz - Тәлим кредити хызмети👉 @Karakalpak24
Download the series as CSV
A feedback bot for your channel — free

Followers write to the bot, you answer by reply, your account stays hidden. Created in one tap.

How it works →
Create the bot