Latest posts
KarNews
19 Sept, 07:55edited
2027-жыл март айынан «Ташкент–Нөкис» тезжүрер поездының қатнаўы жолға қойыладыНәтийжеде сапар ўақты 16 сааттан 7 саатқа қысқарады.Сондай-ақ, А-380 магистрал жолының Төрткүл, Елликқала ҳәм Берунийден өткен және 92 километри қурылады.️️➡️ Каналға ағза болыўKarNews
19 Sept, 07:50
Бозатаўда да 7,5 мың гектар жерди азықлыққа бейимлестириўге 100 млрд сум ажыратыладыАзықлық жетистириўге ҳәр бир гектар ушын 500 мың сум субсидия бериў бойынша он күнде қарар киргизиў тапсырылды.️️➡️ Каналға ағза болыў28,800Open in TelegramKarNews
19 Sept, 07:48
Қарақалпақстанда балаларды бақшаға қамтып алыў 84 процентке жеткен. Бирақ Әмиўдәря, Бозатаў, Тақыятас, Төрткүл, Шымбай, Хожели ҳәм Елликқалада бул көрсеткиш еле төмен екенлиги атап өтилдиЕндигиден былай Қарақалпақстанда жеке меншик бақша ашатуғын исбилерменлерге 15 жыл мүддетке, 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 процентлик кредит бериледи.️️➡️ Каналға ағза болыўKarNews
19 Sept, 06:40
Қарақалпақстанда кәншилик ҳәм санаат раўажландырыладыҚарақалпақстан аймағының тек ғана 20 процентинде геология жумыслары өткерилген. Ири инвесторлар келип атырған бир ўақытта шийки зат резервлери бойынша мағлыўматлар жетерли емес екенлиги көрсетип өтилди.Қытайлы инвестор Қараөзектеги "Урусой" кәнине 33 миллион доллар инвестиция ҳәм технология алып кирип, 200 гектарда 4 тонна алтын резервин анықлаған. Бул жерде 320 жумыс орны жаратылған.Бир айда инвесторлар көтерген мәселелерди шешип, 1 мың жумыс орнына ие алтын қазып алыў ҳәм қайта ислеў кластерин шөлкемлестириў, комплексли геология-излеў бағдарламасын ислеп шығып, кәнлердиң резервлерин қайта баҳалаў тапсырылды.Қоңыраттағы "Барса келмес" кәнинен ҳәр жылы 1 миллион тонна техникалық дуз қайта исленбестен сатылмақта. Бозатаўдағы "Кусканатаў" кәнинде мирабилитти қайта ислеп, жылына 45 мың тонна натрий сульфат, астраханиттен болсаKarNews
18 Sept, 19:09
Президент түн болыўына қарамастан Нөкис қаласындағы "Туран" стадионына барды.️️➡️ Каналға ағза болыўKarNews
18 Sept, 18:19
Президент "Туран" стадионына бардыПрезидент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Нөкис қаласындағы реконструкцияланған "Туран" стадионы менен танысты.Жойбардың улыўма баҳасы 118,6 миллиард сумды қурайды. Реконструкция нәтийжесинде стадион сыйымлылығы 9,3 мыңнан 12 мың орынға жеткерилди. Комплексте 85 турақлы жумыс орны жаратылды."Туран" стадионы "Арал" профессионал футбол клубының базасы есапланады. Сондай-ақ, бул жерде Республика футбол академиясының 190 тәрбияланыўшысы шынығыў ҳәм оқыў жыйынларын өткермекте.️️➡️ Каналға ағза болыў36,600Open in TelegramKarNews
18 Sept, 18:10
Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы 24/7 көшеде сейил етти.️️➡️ Каналға ағза болыўKarNews
23 Jun, 09:37
Өзбекстанда коррупционерлер реестри енгизилмекте5 жыл күтилген ҳәм 22-июнь күни қол қойылған нызам менен, Жынаят кодексиниң 18 статьясы (ямаса олардың айырым диспозициялары) нан ибарат коррупциялық жынаятлар дизими тастыйықланды.Нызамға бола, бул дизимдеги жынаятларда айыплы деп табылған шахслар электрон реестрге киргизиледи ҳәм олар судланған дәўири даўамында мәмлекетлик жумысқа қабыл етилмейди.Реестрдиң жәмийетшиликке ашық ямаса жабық болыўы нызамда көрсетилмеген.️️➡️ Каналға ағза болыўKarNews
20 Jun, 08:55
❓ Мақсетли қабыллаў деген не?📌 Егер сиз мақсетли қабыллаўдан пайдаланбақшы болсаңыз, онда бул постты әлбетте оқың.❓ Мақсетли қабыллаўда кимлер қатнаса алады? ➖ ️Квота тастыйықланғаннан соң, мақсетли қабыллаў орынлары аймақлар кесиминде бөлинеди. Әйне бир аймаққа ажыратылған мақсетли қабыллаў квотасынан пайдаланыў ушын сол аймақта турақлы жасайтуғын (пропискасы бар) абитуриент мақсетли қабыллаўдан пайдаланады.❗️️Абитуриенттиң улыўма орта ямаса орта билимлендириўди тамамлағанлығы ҳаққында ҳүжжети, яғный аттестаты да болыўы керек.❓Мақсетли қабыллаўға квоталар қалай бөлистириледи?➖ Квоталар бағдарлар кесиминде ҳәм бағдарлар кесиминдеги орынлар болса аймақлар кесиминде бөлистириледи. Мәселен, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўи сыяқлы бағдарлар айрықша ажыратылады.❓Мақсетли қабыллаўда жетерли балл топлай алмағанлар оқыўдан жығыла ма?➖ Мақсетли қабыллаў таңлаўына қатнасқанKarNews
18 Jun, 15:12
❓Сырт елден оқыўды көшириў быйыл қандай тәртипте болады?Президенттиң 279-санлы қарарына муўапық студентлердиң оқыўын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине көшириў бойынша төмендеги тәртип енгизилген:👉 сырт елдеги (соның ишинде, ТОП-1000 лықтан орын алған) ЖООдан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының тек ғана сәйкес ҳәм түрлес билимлендириў бағдарларына көшириў мүмкин;👉 көшириў имтиханы тийкарында студенттен айрықша қәбилет талап етилетуғын тәлим бағдарлары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар ҳәм мәжбүрий 3 пәннен тест, басқа тәлим бағдарлары бойынша тест сынақлары өткериледи (худди бакалавр қабыллаўындағы сыяқлы);👉 тест сынақлары ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар бойынша өтиў баллары ҳәр жылы 15-июльға шекем қарамағында ЖООлары болған министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленеди ҳәм Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигиниң _ (old. DTM) _ рәсмийKarNews
17 Jun, 14:11
️❗️Ертең барлық мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ўақты саат 10:00 ден басланадыПрезидентимиз 18-июнь күни барлық мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ўақтының саат 10 да басланыўын белгилеп берди.Ертең Өзбекстан - Колумбия ойыны 07:00 де басланады.➡️ Каналға ағза болыўKarNews
16 Jun, 10:34
️Физикалық шахслар ушын үш есе жер салығы бийкар етилди, алдын есапланған суммалар қайта есап-китап етиледиӨзбекстан Республикасының Нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди. ӨРҚ-1153-сан, 15.06.2026-ж.Оған тийкарланып, Салық кодексиниң 483-статьясы төмендеги редакция менен толықтырылды:️Жер участкаларынан ҳүжжециз пайдаланғанлық ушын үш есели салық есаплаў тәртиби физикалық шахслар ушын 2020-жыл 1-январьдан 2024-жыл 1-июньға шекем бийкар етилди. Енди салық уйымлары тәрепинен жоқарыдағы мүддет ушын алдын есапланған салықлар қайта есап-санақ етиледи.❓Нызамда және қандай тийкарғы өзгерислер нәзерде тутылған?➖ Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәмде оларда қурылған имарат ҳәм обектлерге болған ҳуқықларды тән алыў жумысларын жеделлестириў;➖ ўәкилликли шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырыў;➖ ҳуқықты тән алыўға тосқынлық етиўшиKarNews
16 Jun, 10:03
Ендигиден былай Өзбекстанда кадастр паспортын алыў толық онлайн алыў мүмкин болдыБуның ушын пуқаралар my.gov.uz порталына кирип, дизимнен өтиўи керек. Соң "Кадастр" бөлиминен тийисли хызмет таңланады ҳәм арза толтырылады.Арзаға мүлк ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи. Процесс жуўмағында таяр кадастр ҳүжжетин портал арқалы жүклеп алыў мүмкин.Таяр болыў мүддетлери: квартира - 3 жумыс күни; жеке үй - 5 жумыс күни;Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
16 Jun, 08:35
Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары сайландыҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясында Абибуллаев Елубай Онгарбаевич Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары – жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды.Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
16 Jun, 07:58
SАТ сертификаты бар абитуриентлер грант тийкарында оқыўға қабылланадыКөпшилик IELTS, CEFR яки А-Level ҳаққында биледи. Бирақ SАТ сертификатының бир әҳмийетли абзаллығы бар — ол абитуриентти тиккелей мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды. Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленген.📌 Тийкарғы шәрт SАТ имтиханында максимал баллдың кеминде 75 проценти яғный 1200 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсетилиўи керек.➖ ️Жеңиллик тек ғана SАТ пәнлери (математика ҳәм инглис тили) таңланған бакалавриат бағдарының кирисиў пәнлерине сәйкес келгенде ғана әмел етеди.✅ Нәтийже тек ғана электрон формада (DI код арқалы) Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлигине жибериледи. ❌ Скриншот ямаса қолда тапсырылған нусқа ҳақыйқый деп есапланбайды.️Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
16 Jun, 03:16
Радар бар жерде "радар" жол белгиси болыўы мәжбүрий есапланадыМинистрлер Кабинетиниң 15.05.2025-жылдағы 318-санлы "Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола,➖ ️2025-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәрекет тезлигин бақлаўға мөлшерленген ҳәр қандай түрдеги стационар ҳәм мобил радарлар жайласқан аймақта ҳәм оған шекем кеминде 250 метрден кем ҳәмде 500 метрден көп болмаған аймақта "Радар" жол белгисиниң орнатылыўы мәжбүрий есапланады.Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
2 Jun, 05:28
❗️Нөкис қаласында мектеп оқыўшысы автотранспорт қуралын басқарғаны анықланды тийисли тәртипте шара көрилди.Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
1 Jun, 22:48
Абитуриентлер тестке кириў ушын 206мың сўм төлейдиОрта билимлендириўди алдынғы жылларда тамамлаған абитуриентлер кириў имтиханларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси муғдарында төлем қылыўлары керек.✅ Ҳәзирги ўақытта бир БЕМ - 412 мың сум, ярым есеси болса 206 мың сум.Бирақ ҳәмме абитуриентлер де тестке уириў ушын төлем қылмайды. Төлемнен азат абитуриент категориялары: ➖ ️тест өткерилип атырған жылда оқыўды тамамлаған питкериўшилер; ➖ майыплығы болган шахслар; ➖ Меҳрийбанлық үйлери балалары; ➖ балалар қалашасының питкериўшилери; ➖ ️"Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар ҳәм олардың перзентлери; ➖ ️"Жаслар дәптери"нде дизимде турыўшы жаслар кириў имтиханларында қатнасыў ушын төлем төлемейди.️ Каналға ағза болыў:👉 @KarNewsKarNews
25 Apr, 23:45
❗️️Chevrolet Cobalt автомобиллери ушын контрактация басланады28-апрель саат 10:00 ден баслап барлық қарыйдарлар ушын онлайн шәртнамалар ашылады.👉 @KarNewsKarNews
24 Apr, 21:45
❗️1-майдан баслап Humo карталары бойынша СМС хабарнама баҳасы еки есеге артады ─ 84,2 сумнан 168,4 сумғаБул қарар хызмет көрсетиў қәрежетлериниң артыўы менен байланыслы екенлиги айтылып атыр.👉 @KarNews
Related Channels
Other channels in the same section of the catalogue.