gram news
KarPressa channel avatar

KarPressa

@karpressa

📍 KarPressa — бул тек ғана сиясый жаңалықларды тезлик пенен жеткерип бериўши канал болып есапланады. 🇺🇿 Өзбек тилиндеги каналымыз: @KarPressa_Uz Реклама ҳәм ушын: @KarPressa_admin

ProjectsKKPolitics

30,400subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • KarPressa

    26 Sept, 00:48

    Өзин-өзи бәнт еткенлерге социаллық салықты бөлип төлеў имканияты берилиўи усыныс етилмекте2025-жылы 2,9 млн адам өзин-өзи бәнт еткен сыпатында дизимнен өткен, бирақ олардың 860 мыңы социаллық салық төлеген.Усынысқа бола, өзин-өзи бәнт еткен шахслар жылына 1 БЕМ муғдарындағы социаллық салықты жыл даўамында бөлип төлеўи мүмкин болады. Төлем муғдары ҳәр үш жылда 1 БЕМге арттырылып, 2033-жылы 3 БЕМге жеткериледи.Мәселен, жылына 440 мың сумды бөлип төлеў арқалы бир жыллық жумыс стажына ийе болыў, сондай-ақ, ўақтынша мийнетке жарамсызлық ҳәм ҳәмиледарлық ҳәмде туўыў напақаларын алыў ҳуқықы қәлиплеседи.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    25 Sept, 22:03

    Пенсия есаплаўда мийнет ҳақы шегарасын асырыў усыныс етилмектеБүгинги күнде пенсия тайынлаўда мийнет ҳақының тек ғана 6 млн сумға шекемги бөлеги есапқа алынады.2028-жыл 1-апрельден бул шегараны 6,6 млн сумға шекем асырыў усыныс етилмекте. Нәтийжеде жылына жаңа пенсия тайынланатуғын 25-30 мың пуқараның пенсиясы 277 мың сумға шекем артыўы күтилмекте.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    25 Sept, 18:42

    Пенсия тайынлаў ушын минимал жумыс стажын 15 жылға жеткериў усыныс етилмектеПенсия тайынлаў ушын минимал жумыс стажын 2027-жылдан баслап ҳәр жылы 1 жылдан асырып, 2034-жылы 15 жылға жеткериў усыныс етилмекте.Мәселен, 2030-жылы пенсияға шығатуғын пуқарадан бирден 15 жыл емес, 11 жыл мийнет стажы талап етиледи.15 жыл стаж топлай алмаған пуқараларға пенсия жасынан 5 жыл өткеннен соң жасқа байланыслы напақа тайынлаў кепиллиги сақлап қалынады.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    25 Sept, 17:39

    Пенсияға шығыўды кешиктирген пуқараларға қосымша хошамет берилиўи мүмкинПенсияға шығыўды 6 ямаса 12 айға кешиктирген пуқараларды қаржылай хошаметлеў усыныс етилмекте.6 айға кешиктирилгенде есапқа алынатуғын мийнет ҳақының шегарасы 7,1 млн сумға шекем, 12 айға кешиктирилгенде болса 7,6 млн сумға шекем арттырылыўы мүмкин.Буның нәтийжесинде пенсия 6 ай кешиктирилгенде айына 277,2 мың сумға шекем ямаса 8 процентке, 12 ай кешиктирилгенде болса 554,4 мың сумға шекем ямаса 15 процентке артыўы мүмкин.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    25 Sept, 12:34

    Хорезмде турмыслық шығындылардан электр энергиясы ислеп шығарыладыХорезм ўәлаятында қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў инвестициялық жойбары әмелге асырылады. Бул Президенттиң 14-сентябрьдеги қарары менен белгиленди.Жойбар шеңберинде ислеп шығарылған электр энергиясы 30 жыл даўамында "O‘zenergosotish" АЖ тәрепинен кепилленген тәризде сатып алынады. Сондай-ақ, жойбар компаниясына қатты турмыслық шығындылар кепилленген көлемде жеткерип бериледи.Жойбарды Кореяның "Green Hammer Co., Ltd" компаниясы әмелге асырады.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    5,31022Open in Telegram
  • KarPressa

    25 Sept, 12:17

    👩🏻‍🏫 👨🏻‍🏫 Texnomart'da ustozlar uchun ajoyib taklif! Sinf bo'lib yig'ilib, ustozga arziydigan sovg'a beringTexnomart do'konlari, ustozlar kuniga katta chegirmalar taqdim etadi.Hansa mikro to'lqinli pech — oyiga 49 000 so'mdan Braun HF3030 aerogrili — oyiga 72 000 so'mdan Honor X8e 6/128GB — oyiga 199 000 so'mdan Haier kir yuvish mashinasi — oyiga 225 000 so'mdan LG 341 l muzlatgich — oyiga 499 000 so'mdan Moonx 43" televizor — oyiga 119 000 so'mdan Ferre gaz plitasi — oyiga 199 000 so'mdan30 ota-ona oyiga 20 000 so'mdan to'lasa ham, ancha jiddiy sovg'a olishingiz mumkin ;)🚀 Shoshiling, aksiya muddati 25-29-sentabr kunlari, narxlar yigirma to'rt oyga ko'rsatilgan!Batafsil ma'lumot texnomart rasmiy saytida!📞71-209-99-44Реклама
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    25 Sept, 11:49

    ҲЖҳКниң 288-статьясы екинши бөлими Конституцияға муўапық емес деп табылдыӨзбекстан Республикасы Конституциялық суды Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 288-статьясы екинши бөлиминдеги айырым норманы Конституцияға муўапық емес деп тапты.Бул норма ҳуқықбузарлық ислеген шахсты 3 суткаға шекем, шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети болмаған жағдайда болса прокурор санкциясы менен 10 суткаға шекем услап турыў имканиятын берген.Қарар 2026-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    3,60061Open in Telegram
  • KarPressa

    25 Sept, 08:11

    Шавкат Мирзиёев Қазақстандағы әскерий хызметкерлердиң қурбан болғаны мүнәсибети менен кеўил айттыПрезидент Шавкат Мирзиёев Каспий теңизи аймағындағы шынығыўлар ўақтында әскерий хызметкерлердиң қурбан болғаны мүнәсибети менен Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа ҳәм Қазақстан халқына кеўил айтты.Мәмлекетимиз басшысы қурбан болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына сабыр-тақат ҳәм күш-қуўат тиледи.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 18:37

    Зеленский Россия шәртсиз оқ атыўды тоқтатса, сөйлесиўлерге таяр екенин билдирдиУкраина президенти Владимир Зеленский Россия ҳеш қандай шәртлерсиз оқ атыўды тоқтатса, әмелдеги соқлығысыў сызығында әскерий ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм дипломатиялық сөйлесиўлерди баслаўға таяр екенин мәлим етти.Сондай-ақ, Зеленский Россия президенти Владимир Путин менен жүзбе-жүз ушырасыўға да таяр екенин айтты. Оның атап өтиўинше, бундай ушырасыўдан мақсет тынышлыққа ерисиў болады.Зеленский Украина ушын қәўипсизлик кепилликлери әҳмийетли екенин де атап өтти.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 18:27

  • KarPressa

    22 Sept, 17:07

    Мийнет тараўында қәўипсиз жумыс орталығы тәмийинленеди21-сентябрьде қабыл етилген Президент қарарына муўапық, мийнет тараўында қәўипсиз ҳәм ҳүрметке тийкарланған жумыс орталығын тәмийинлеў бағдарламасы басқышпа-басқыш енгизиледи.2026-жыл 1-декабрьге шекем басым ҳәм зорлық жағдайлары бойынша мүрәжатларды онлайн қабыл етиў, оларды тексериў ҳәм қадағалаў имканиятын беретуғын арнаўлы мәлимлеме порталы иске түсириледи.Сондай-ақ, жумыс орнындағы зорлық ҳәм басым жағдайлары мийнет тәртибин бузыў сыпатында баҳаланыўы белгиленди.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    4,32031Open in Telegram
  • KarPressa

    22 Sept, 16:37

    1-октябрьден Бирден-бир порталда жаңа хызметлер енгизиледи2026-жыл 1-октябрьден Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар ушын жаңа хызметлер иске қосылады.Олар арқалы көшпес мүлк ҳәм автомототранспортларға шеклеў қойыў ямаса оны бийкар етиў, телефон номерлери ҳәм банк карталары бойынша мағлыўмат алыў ҳәм оларды басқарыў имканияты жаратылады.Сондай-ақ, жаңа нотариал ҳәрекет рәсмийлестирилгенде пуқара автоматикалық түрде хабардар етиледи.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 12:17

    НМПИ академиялық лицейи оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова халықаралық таңлаўда жеңимпаз болдыӘжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейиниң физика пәни оқытыўшысы Гүлчеҳра Бекниязова Францияның Париж қаласында өткерилген абыройлы «The Best Education Project Internationa» халықаралық таңлаўында жеңимпаз болды.Ол усы халықаралық таңлаўда заманагөй педагогикалық қатнас – физиканы оқытыўда реал ҳәм виртуал лабораторияларды бирлестириўге бағдарланған инновациялық илимий мақаласы менен қатнасып, халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды.Халықаралық таңлаў жуўмағында Гүлчеҳра Бекниязова I дәрежели диплом, Халықаралық илим, мәденият ҳәм көркем өнер академиясы (IASCA) тәрепинен алтын медаль, сондай-ақ, естелик белгиси менен сыйлықланды.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    6,320136Open in Telegram
  • KarPressa

    22 Sept, 11:26edited

    Көп қабатлы үйлердиң жертөлесинен пайдаланыў бойынша қадағалаўларНызамшылыққа муўапық, көп квартиралы үйлердиң жойбар ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған жағдайларда жер төлесинде транспорт қуралларын сақлаў, оңлаў ҳәм жуўыў қадаған етиледи.Сондай-ақ, жертөлелерде ысытыў қазанлары ҳәм радиаторларды өзбасымшалық пенен орнатыў, қубырларға кран қойыў, инженерлик-коммуникация системаларының схемаларын өзгертиў ҳәм улыўма пайдаланыўдағы орынларды ийелеўге жол қойылмайды.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 10:16

    Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти менен телефон арқалы сөйлести22-сентябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести. Мәмлекетимиз басшысы оны туўылған күни менен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм жумысында табыслар тиледи.Сөйлесиў даўамында Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Энергетика, транспорт ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиў жойбарлары атап өтилди.Сондай-ақ, регионаллық күн тәртиби, соның ишинде, Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм Түркменстанда болып өтетуғын ҒМДА саммитине таярлық мәселелери бойынша пикир алысылды.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    5,40031Open in Telegram
  • KarPressa

    22 Sept, 08:33

    Әмиўдәря үстиндеги көпирде транспорт ҳәрекети ўақтынша тоқтатылады2026-жыл 24-сентябрь саат 23:00 ден 25-сентябрь саат 06:00 ге шекем Әмиўдәря үстинен өтиўши автомобиль ҳәм темир жол қоспа көпиринде оңлаў жумыслары себепли транспорт ҳәрекети толық тоқтатылады.Усы ўақыт аралығында көпир арқалы автомобильлер ҳәм поездлардың ҳәрекети жабылады. Айдаўшылар ҳәм жолаўшылардан сапарларын алдыннан режелестириў соралды.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    6,93011Open in Telegram
  • KarPressa

    22 Sept, 08:17

    🟠 Манзилларимиз 👈🎉❗️FAQAT 22-23 SENTABR - idea'da barcha viloyatlarda "ZO'R AKSIYALAR" boshlandi!👉🔥 ONLINE XARID QILISHGA ULGURING!🎉 iPhone 18, iPhone DUO tez kunda sotuvda! 👏 100 dyuymli LG Smart TV sotuvda! 🔻 Smartfonlar va noutbuklarga "MAXSUS NARXLAR" 🔻 Televizorlar "BOZOR NARXIDA" 🔻 Sovitkichlar va Gaz plitalar "BOZOR NARXIDA" 🔻 Kir yuvish mashinalar "BOZOR NARXIDA"✅ Boshlang'ich to'lov — YO'Q ✅ Kafillar kerak emas — YO'Q📞 Telefon: 712307799 | Chat NiginaAksiyalarimiz narxlari 6 oydan 12 oygacha amal qiladi!
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressaImage from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 07:20

    22-сентябрь жағдайына сырт ел валюталары курслары1 АҚШ доллари – 11 809.82 сўм (−29.77) 1 евро – 13 569.48 сўм (+0.13) 1 фунт стерлинг – 15 820.43 сўм (+16.95) 1 Россия рубли – 140.68 сўм (+0.26) 1 юань – 1 763.87 сўм (−3.84) 1 Қазақстан теңгеси – 26.34 сўм (−0.12).📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
  • KarPressa

    22 Sept, 04:04

    А-380 жолының 92 км бөлеги реконструкцияланадыА-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының 581-673-километрлери аралығындағы 92 км бөлегин реконструкциялаў жумысларына старт берилди.233,1 миллион долларлық жойбар 2026-2030-жылларда әмелге асырылады. Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларынан өтиўши жол 4 полосалы, цемент-бетон қапламалы магистралға айландырылады.Жойбар шеңберинде 25 көпир ҳәм 14 жол өткизгиш қурылады.📍Информация бағдары @KarPressa
    6,440video82Open in Telegram
  • KarPressa

    22 Sept, 03:34

    Илимпазлар ақыл пайда болыўы қәўпи себепли тышқанлардағы тәжирийбени жуўмақладыИлимпазлар тышқан мийине адам нейронларын көширип өткерди. Үш ай ишинде тышқан мийинин 90 проценти инсан клеткаларына айланган. Эксперимент жеделлик пенен тоқтатылды ҳәм кемириўшилер жоқ етилди — онда инсан ақылы ҳәм пикирлеў белгилери пайда болыў қәўпи пайда болды.📍Информация бағдары @KarPressa
    Image from a post by KarPressaImage from a post by KarPressa
    6,16053Open in Telegram