gram news
Кәтқуда channel avatar

Кәтқуда

@katquda

Мәзи жазыўлар. Ҳешкимди ҳеш нәрсеге ийтермелемеймиз. Ҳәммениң өзиниң ҳақыйқаты бар. Қәйткенде де, рас айтасыз ба, өтирик сөйлейсиз бе, адамлар өзлери исенгиси келген нәрселерди ҳақыйқат деп қабыл етеди.

ProjectsKK

535subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • Кәтқуда

    22 Sept, 16:29

  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:34

    "Шыңғыс институтта "айрықша"ға оқыды. Оны аспирантураға қалдырмақшы еди. Бирақ, бирден үстинен хат түседи: "халық душпаны"ның улы не ушын Сталин стипендиясын алып атыр?" Солай етип, ол стипендиядан да, аспирантурадан да маҳрум болды. Бирақ, ҳеш таслим болмады: дем алыс күнлери темир жолға барып, жүк тасыўшылық етти - вагонлардан көмир, отын түсирип алады. Роза Айтматова
    18821Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:34

    Плач охотника над пропастью. Исповедь на исходе века | Шаханов Мухтар, Айтматов Чингиз Торекулович
  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:34

    Маркиз де Сад (Marquis de Sade 1740-1814) — француз аристократи, жазыўшы ҳәм философ. Оның толық аты Donatien Alphonse François de Sade. Ол XVIII әсир ақырындағы Европа мәдениятының ең тартыслы ҳәм провакациялық шахсларынан бири болған. Оның фамилиясынан кейин ала "садизм" атамасы пайда болған.Де Садтың пикирлерин түсиниў ушын оның ең әҳмийетли идеясын былайынша әпиўайыластырыў мүмкин: Тәбият бизге әдеп-икрамлылық нызамын бермеген. Демек, "жақсылық", "жаманлық", "гүна", "пазыйлет" сыяқлы түсиниклер инсан жаратқан социаллық конструкциялар болыўы мүмкин.Усы жерде тоқтаймыз. Аржағы керек емес.
  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:16

    forwarded from @sawirayinaarnap

    Мама жоқта уйге қонақ келмегей
    1651521Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:08

    https://www.magnumphotos.com/newsroom/politics/elliott-erwitt-behind-the-image-the-kitchen-debate/
    Magnum PhotosBehind the Image: The Kitchen DebateTaken 60 years ago, Elliott Erwitt’s photograph of Richard Nixon and Nikita Khrushchev was a symbol of tensions between Russia and the U.S.
  • Кәтқуда

    22 Sept, 15:06

    1959-жыл июль айында АҚШ вице-президенти Ричард Никсон өз мәмлекетиниң технологиялық ҳәм материаллық жетискенликлерине бағышланған көргизбени ашыў ушын Москваға келди. Көргизбениң ең дыққатқа ылайық бөлими Америкадағы орташа жумысшы шаңарағының үйиниң ҳақыйқый өлшемдеги нусқасы еди. Үйде гилемлер төселген, мийманханада телевизор, еки жатақханаға тутас бөлек монша, орайлық ысытыў системасы ҳәм кир жуўыў машинасы, кептиргиш ҳәм музлатқыш пенен үскенеленген асхана бар еди.Совет баспасөзи бул картинаны жарытып, ашыў менен әпиўайы америкалы жумысшы бундай салтанатта жасаўы мүмкинлигин бийкарлады ҳәм тамашагөйлерге пүткил үйди пропаганда деп қабыл етиўди усыныс етти. Олар ҳәтте масқара қылып бул үйди "Таж Маҳал" деп атады.
  • Кәтқуда

    22 Sept, 14:43

    Одамнинг боши — тегирмон тоши.
  • Кәтқуда

    22 Sept, 14:38edited

    Every adult life could be said to be defined by two great love stories. The first - the story of our quest for sexual love - is well known and well charted, its vagaries form the staple of music and literature, it is socially accepted and celebrated. The second - the story of our quest for love from the world - is a more secret and shameful tale. If mentioned, it tends to be in caustic, mocking terms, as something of interest chiefly to envious or deficient souls, or else the drive for status is interpreted in an economic sense alone. And yet this second love story is no less intense than the first, it is no less complicated, important or universal, and its setbacks are no less painful. There is heartbreak here too... ― Alain de Botton, Status Anxiety
  • Кәтқуда

    22 Sept, 14:16

    Ҳәмме ҳәпте күнлерин усылай көз алдына келтиреме?)
    1863211Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 13:42

    Том Хейген.
    20171Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 12:46

    Ташкент слезам не верит.
    22010522Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 07:13

    Жақын адамларың бәрқулла сени сәл-пәл көпиртип мақтайды. Болмаса, не болатуғыныңды ким биледи. Тәғдир деген жүдә қызық нәрсе..., — дейди Шыңғыс Айтматов.
    240124Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 07:11

    Әскер жигит саўашқа атланса, үйде қалатуғын ҳаялы яки сүйиклиси оған пүткил нанның бир шетин тислетип береди екен. Кейин кемтик нанды сақлап қояды екен. Халық дәстүри бойынша, кимниң ырысқы-несийбеси үйде қалған болса, ол әлбетте, саў-саламат қайтып келеди.
    242127Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 07:02edited

    Немис тилинде пул табыў (verdienen) — ҳәрекет арқалы қолға киргизиў деген сөзди аңлатады екен.Латын тиллеринде (ganar) пул "утып алынады" ямаса "ерисиледи" — француз тилинде мәселен. Тап нольлик қосынды ойыны сыяқлы.Англичанлар пулды жыйнап-терип алады (earn). Америкалылар болса пулды "жаратады" (make).Бизде болса пул "табылады". Демек өзи түп-тийкары бар — тек еле таппағансыз, болғаны. Behzod Hoshimov
    24583Open in Telegram
  • Кәтқуда

    22 Sept, 06:46

    Администрация Нью-Йоркта екен. Антониу Гутерриш пенен ушрасыў болған екен.
  • Кәтқуда

    22 Sept, 06:00

    Күн бойы электрон китап оқысаң, түнде жақсы уйқлалмайды екенсең.
    2351142Open in Telegram
  • Кәтқуда

    21 Sept, 19:17

    — Жаңағы, айтады-ғо: түнде жатып ойлан, азанда турып сөйле. Ескирген болса да дурыс гәп. Ҳәзирги жағдайыңызда ең кереги, уйқы ҳәм азырақ ўақыт. Белгили бир ўақыт шыдап берсеңиз болды, ҳәммеси артта қалады. Эрих Мария Ремарк
  • Кәтқуда

    21 Sept, 17:42

    Арал.
    248video71Open in Telegram
  • Кәтқуда

    21 Sept, 17:01

    Бурын алымлар қара қурдымлардан (black hole, черная дыра) ҳеш нәрсе, ҳәттеки жақтылық та қашып қутыла алмайды ҳәм олар тек барлық нәрсени жутып жибереди деп есаплаған. Стивен Хокинг болса квант механикасы ҳәм салыстырмалық теориясын бирлестирип, қара қурдымлар тийкарында бөлекшелер ҳәм жыллылық шығаратуғынлығын көрсетти. Бул қубылыс оның ҳүрметине "Хокинг нурланыўы" (Hawking radiation) деп аталады. Ол қара қурдымлар ўақыт өтиўи менен энергия жоғалтып, жоқ болып кетиўи (пуўланыўы) мүмкинлигин дәлиллеген.