gram news
КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ channel avatar

КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

@kengesbay_raxmanov

КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы. Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇 @SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov @Tengelbay_Sarsenbaev

ProjectsKK

910subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    22 Sept, 14:01

  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    20 Sept, 18:51

    Kóp jigit bar iske maman, kúshli, jas, Qayda kútpes pullı miynet bazarı? Biraq, olar seni taslap kete almas, Sende jegen bir tislem nan mazalı. Qádirińdi biler me el gezbegen – Alladan da aldın aytıp atıńdı? Basqa jaqta xorlanǵansha sóz benen
    18261Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    20 Sept, 18:50

    Көп жигит бар иске маман, күшли, жас, Қайда күтпес пуллы мийнет базары? Бирақ, олар сени таслап кете алмас, Сенде жеген бир тислем нан мазалы. Қәдириңди билер ме ел гезбеген – Алладан да алдын айтып атыңды? Басқа жақта хорланғанша сөз бенен
    16881Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    19 Sept, 18:34

    forwarded from @karanakilmakal

    Суў көтермес сиркемиз, Қурып барар диңкемиз. Көзлеримиз суқланып, Бир-биреўди тинтемизЖетпейди деп анаўсы, Қытшылық деп мынаўсы. Болып кеттик соңғы гез, Сәл нәрсеге жылаўшы.«Қанәәтке берекет» Десе, қарап сөлекет, Дым еткимиз келмейди, Журттан артық ҳәрекет.Инсап та бар еди ғой, Қурсақ та тар еди ғой. Баратырма көбейип Жалатай ҳәм жәдигөй.
    174951Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    18 Sept, 04:42

    Бүгин — Сиз туўылған күн. Сиз болғаныңызда, бүгин 84 жасқа толған болар едиңиз. Сиз кеткели арадан сонша жыллар өтти… Бирақ не ушын екенин билмеймен, мен ушын Сиз еле жасап атырсыз. Тек мен ушын емес, оқыўшыларыңыз ушын да, тамашагөйлер ушын да, перзентлериңиз ушын да Сиз жасап атырсыз. Сизиң Қарақалпақ әдебиятына таслап кеткен әдебий мийрасларыңызда рухый дүньяңыз мәңги жасап атыр. Оның жүз жыллап жасаўына иманым кәмил. Әкежаным, Кеңесбай Рахманов! Улыңыз да, қызларыңыз да ул үйлендирип, қыз узатып, ақлықлар сүйди, яғный, олар — Сизиң шаўлықларыңыз. Анам кейинги ўақытлары көп наўқасланады, Сизди көп еслейди. Аўырса, қорқып қаламыз. «Алдымызда аман болғай» деп тилеймиз. Анамды балаңыз бенен келиниңиз әлпешлеп қарап отыр. Рыйзамыз. Әкежан, «неге ерте кеттиңиз?» деп айтайын десем, ҳәсиретке кеткен боламан. Ерте кетсеңиз де, Сизиң орныңыз бизиң өмиримизде ҳеш қашан босап қалған жоқ. Себеби
    3721713Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    18 Sept, 04:41

  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    18 Sept, 04:39edited

    18-сентябрь Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты, «Дослық» ордениниӊ ийеси Кеӊесбай Рахмановтыӊ туўылған күни.https://t.me/Kengesbay_Raxmanov
    511128Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    17 Sept, 11:53

    Х Х Х Аўылды гезсең ат шаўып, Ол да өзинше патшалық! Далалар сени жутады, Жатырған яңлы аш қалып.Қулыны болып бийениң, Ботасы болып түйениң, Шапқылап жүрсем аўылда, Сақалды қәйтсин ийегим.Аўылға барсам – баламан, Сөйтип, қартаймай қаламан.
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    17 Sept, 11:52

    Х Х Х Түн ийеси екеў болар: Бири оның – урылар. Ҳасыл затты, дүнья – малды Әкетиўге урынар.Шайырлар да түн ийеси, Тек те жалғыз шырлайды. Таң атқанша кетип еси, Кеўиллерди урлайды.Урылар урлар затыңды, Шайырлар – муҳаббатыңды
    493112Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    12 Sept, 06:54edited

    Кел, нигарымЯдыңдама айтқанларың, Жолда бирге қайтқанларың? Таўып келген бүлбилиңмен – Баяғыда жойтқан бағын.Еле жоллар гөнермеди, Көп атланыс жөнелмеди. Жүрегимде сайрап атыр Муҳаббаттың ҳөнерлери.Сағыныштай таңларымда Шолпан болып жанбадың ба? Қанша жыллар қанат болып Ушып жүрсең әрманымда.Кийсеңдағы зербабынан, Кеўлиң дәртли зар дағынан. Жүзиң гүздей сарғайыпты
    43182Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    12 Sept, 06:53edited

    Х Х Х Жаслықтың көп сезимлери Әллеқашан жанып кетти. Қыз – жигитлер бәзимлери Таў артында қалып кетти.Қулайжаққа сүдин – тиреў, Жылайжаққа шадлық – гиреў, Биреўдиң сүйгенин биреў Алдастырып алып кетти.Иси қызық жаратқанның, Журтты аўзына қаратқанның, Өз жолында баратқанның Аяғынан шалып кетти.Болсадағы қурттай қәтең, Кеширмейди тәғдир – әкең. Иси жүрмей не бир дәпең Бул дүньяға налып кетти.
    40391Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    9 Sept, 11:06

    Х Х Х Бәлентке ушқан қыяллар Пәске қарай сарқады. Енди қонар уям бар, Енди тойым тарқады.Өзим менен Қалжаным Төктик сары жапырақ. Алдымда бар қар – жаўын, Алдымда тур ақырап.Қыйын – қыстаў дүньяның Жолынан дурыс астым ба? Гүнам да бар бирли – ярым, Бул аспанның астында.Бирин тапсаң оны жоқ, Онын тапсаң жүзи кем. Ғалма – ғалдың соңы жоқ, Қолы тар – дә, дүзи кең.
    329741Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    9 Sept, 10:58

    Х Х Х Билмеймен басқаның қандайын, Аўыр сөз мен ушын оқ болар. Пәнсери болмайды пәрўайым, Жисмимде ғыжлаған шоқ болар.Қорғаўшым бола алмас ҳеш қалқан, Саўыт та сөтилип кетеди. Жүректи етиўге тас – талқан, Бир аўыз аўыр сөз жетеди.Өмирден көп еле қамтәмем, Болмайын ҳеш кимге гүнакар. Таў киби болса да мәртебем, Бир аўыз аўыр сөз қулатар.Гей ўақта қуўатлап жаманды, Тыңланбай қалады бир арыз. Намыслы, ҳүжданлы адамды Өлтирер аўыр сөз бир аўыз…
    29682Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    8 Sept, 13:02

    Х Х Х Саўаштан кейинги жаралы Ләшкердей созылып жатырман. Көзиме бир гөззал жамалы Елеслер алыстан, жақыннан.Гә оның жүзлери жайнайды, Гә кеўлин тайғанақ жол өтер. Ол мени сүргинге айдайды, Ол мени бейишке жөнетер.Гә оның тилинде бар налыш, Гә көзи шадлыққа толады. Ол маған болады алданыш, Ол маған ақырет болады.Өтеди күнлерим усылай, Басқаның отынан тоңаман. Жақынлап киятқан, қысым – әй, Урысаң кеўлимди тонаған.
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    7 Sept, 12:30edited

    АНАМ ЖЕРЛЕНГЕН КҮНКеттиң сен…қара жер толды ма? Билемен, кетпедиң қыдырып. Мийирман қолларың орнына Ғалма – ғал силтейди жудырық.Әкемниң сақалы қопырап, Жылады…сезбейсең буны ҳеш. Барғаның суп – суўық топырақ, Ал, үйде гүрлейди темир пеш.Пейитиң кеткенше шыдадым, Алдамшы үмитке байланып. Кеткен соң…өкирип жыладым, Анасыз жетимге айланып.Ялғаншы, айтқаның болды ма? Тиримен деў де бир өтирик. Қайырқом сөзлериң орнына
    550128Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    3 Sept, 05:18

    Kóp jigit bar iske maman, kúshli, jas, Qayda kútpes pullı miynet bazarı? Biraq, olar seni taslap kete almas, Sende jegen bir tislem nan mazalı. Qádirińdi biler me el gezbegen – Alladan da aldın aytıp atıńdı? Basqa jaqta xorlanǵansha sóz benen
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    3 Sept, 05:18

    Көп жигит бар иске маман, күшли, жас, Қайда күтпес пуллы мийнет базары? Бирақ, олар сени таслап кете алмас, Сенде жеген бир тислем нан мазалы. Қәдириңди билер ме ел гезбеген – Алладан да алдын айтып атыңды? Басқа жақта хорланғанша сөз бенен
    37771Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    31 Aug, 19:15

    Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы мүбәрек болсын!Бәрше халкымызды Өзбекстан Республикасының 35 жыллық ғәрезсизлик байрамы менен шын кеўилден қутлықлаймыз! Ҳәмийше елимиз тыныш, аспанымыз ашық, дослығымыз беккем болсын!
    45171Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    31 Aug, 08:35

    ЎАТАНЎатан деген түсиникти соң уқтым, Алдағаным – билдим десем ертеден. Ўатан менен жаслығымда жолықтым, Ҳәм ол жасар сезимимде ең терең.«Әлипбе» ден оқытса да муғаллим, Түсинбеппен онда Ўатан парқына. Тек, мәнисин соңлаў ғана уға алдым, Керегимди билген гезде халқыма.Соншама кең Ўатанымды, макеттей Жүрегиме жайғастырдым, мақтаңлар ! Өле қойсам, о дүньяға әкетпей, Бул Ўатанды қалдырарман. Сақлаңлар!1981-жыл.Кеңесбай Рахманов
    411731Open in Telegram
  • КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ

    31 Aug, 08:33

    Ғәрезсизлик туўралыЖатласқанлар бизге келсин, Баратырған жолды көрсин. Мәңгиликке жасай берсин Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!Гузарымыз алға баслар, Оннан барар гилең дослар. Батыл турде қәдем таслар Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!Төрт тәрепим ашық айдын, Журегимде жоқдур қайғым. Қаршығадай қанат жайдың Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!Жоқ бурынғы жалтағымыз, Ҳәмме нәрсе-ортағымыз, Досларға сый тартарымыз-
    49681Open in Telegram