gram news
Бала психологиясы channel avatar

Бала психологиясы

@perzent_psixologiyasi

Бала (перзент) психологиясы, тәрбиясы, раўажланыўы, билими ҳәм басқа да балаларға тийисли пайдалы мағлыўматлар. Шаңарақ психологиясы.

ProjectsKKPsychology

11,200subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • Бала психологиясы

    9 Sept, 13:03

    💡«Егер бирер адамға бахыт күлип бақса, оны қызғанба, керисинше бирге қуўан, сонда оның бахты сениң де бахтың болады, кызғанған адам тек өзине жаманлық етеди» - данышпан Эзоп.Бул әййемги Фракияда жасаған данышпан Эзоптың өзиниң улына айтқан нәсиятларынан бири.Дерек: Ж. Өтениязов. Таңлаўлы шығармалары (2-китап). 346-348-бетлер. Нөкис, 2024-ж.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    1,2501152Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    8 Sept, 04:21edited

    ❗️“Қазанға жақынлама, қарасы жуғады”Бир әке баласының минез-қулқын досларынан сорастырыпты.Қараса, олардың арасында бир-еки тәрбиясызы бар екен. Әке баласын шақырып: "Досларыңның ишинде айырымлары бираз әдепсиз көринеди. Олардан абайлы бол", депти.Сонда баласы: "Оларды жақсы билемен, ҳәммеси әдепли балалар, мениң неше жыллық қәдирданларым ғой", депти.Күнлер өтип, әке баласына нәсияты тәсир етпегенин көрип, тәрбияның басқа жолын тутыпты ҳәм: "Бағқа кирип, алмаларды қалдырмастан терип шық. Тазасы менен ширигин араластырып, қоймаға жайластыр", депти.Улы әкесине алмаларды араластырыўға болмайтуғынын, бир-бирин ширитетуғынын қанша түсиндирсе де, әке өз сөзинде турып алыпты.Бала илажсыз қоймаға жайластырып шығыпты.Арадан 10-15 күн өтип улына алмаларды алып шығыўды буйырыпты. Кирсе, ҳәмме алма ширий баслапты.Сонда улы: "Мине, қоспайық десем де, қос дединиз, ҳәммеси бузылыпты",
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    1,87019952Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    7 Sept, 09:31edited

    #дәлкек “Еки сабақ болады деп алдапсыз-ғо” 😁12 жыл оқыйтуғынын еситкен баланың кейпияты түсип кетипти. 😄📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    1,660video2032Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    4 Sept, 09:22

    ❗️Сәлемлесиў ҳаққында- Биринши болып сәлем бергенлер Аллаҳ тааланың алдында жақсы адамлар есапланады.- Жас кишилер жасы үлкенлерге, жүрип киятырғанлар отырғанларға, азшылық көпшиликке сәлем береди.-Шаңараққа сәлем берип кирип кел. Сонда саған да, оларға да берекет болады.-Ушырасқанда сорасыўдың ең кәмили қол берип көрисиў болады.- Қол берип көрисиң, араңыздағы душпаншылық кетеди.- Ушырасқанда қол берип көрискен еки мусылман, хошласқанша гүналары төгиледи.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    2,7501644Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    31 Aug, 17:24

    ☺️Күнине 4 реттен 12 ретке шекем қушақласыў керек🤗 Инсан бир-бирин баўырына басқанда организм өзинен эндорфин ислеп шығарады, денедеги аўрыўлар пәсейеди.🤗 Инсанлар бир-бирин еркелеткенде, олар өзлериниң иммунитетлерин беккемлейди.🤗Алымлар ҳәтте қушақласыў дозасын да белгилепти: бир күнде 4тен 12мәртеге шекем екен, бул дозани асырып жибериўден қорқпаў керек екен.🤗Ⱪушақласыў ҳәттеки окситоцинди де ислеп шығарады - бул болса қан басымы (давление) ҳәм депрессияның алдын алады.🤗Ⱪушақласқанда – қанда гемоглабин муғдары көбейеди екен, бул болса көплеген кеселликлерли емлеўге жәрдем береди.🤗Ⱪушақласыў – инсанды тетиклестиреди екен. Алымлар буны былай тәрийплейди: қушақласқанда (парқы жоқ, дос яки жақынлар) олар бир-бирлери менен "энергия" алмасады екен.❣️Демек, бүгүннен баслап ҳәр күни қушақлаў нормасын орынлап барамыз 🤗📤 Жақынларыңызға
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    4,2101753Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    27 Aug, 16:25edited

    😇БАХЫТ ФОРМУЛАСЫ🤩Бахытлы болыўдың 7 қағыйдасы: 1. Жақсы көрген жумысы болыў; 2. Басқалардан жәрдемди аямаў; 3. Умтылып жасаў; 4. Белсенди болыў; 5. Жаңалыққа умтылып жасаў; 6. Сүйиў ҳәм сүйилиў; 7. Түскинликке түспеў;😎Узақ өмир сүриў жоллары: 1. Нервты сақлаў; 2. Кеңпейил болыў; 3. Бийкар болмаў; 4. Көбирек жақсылық ислеў. 5. Өмирде сүйген адамларыңыз көп болсын. 6. Көп ҳәрекет етиў; 7. Менмен болмаў.
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    4,30014122Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    24 Aug, 16:05

    Қытайда балалар ушын “Қара мийнет лагерь”лери пайда болғанАта аналар бул лагерьлерге балаларын физикалық мийнетке үйретиў ҳәм тәртип интизамға үйретиў ушын 1400 доллар төлеп жиберип атыр екен.Сиз де балаларыңызды усындай лагерьге жиберип тәрбиялаўды қәлерме едиңиз? Пикирлериңизди жазып қалдырың.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    4,200video276Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    21 Aug, 16:16

    🥰 Бүгин күлдиңиз бе? 😊Дерек📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    4,530video168754Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    19 Aug, 17:01edited

    ❗️Пул табыў ҳәм бай болыў ҳаққындағы өтирик ҳәм ҳақыйқатлар:Жалған ❌ Егер мен жоқары ҳақы алатуғын кәсипти таңлағанымда, бай болар едим.✔️Ҳақыйқат Миллионерлер турмыстың барлық тараўларында табылады. Табыс кәсип таңлаўыңызға емес, ал ҳәрекетлериңизге байланыслы.Жалған ❌ Тынымсыз мийнет байлыққа жетелейди.✔️Ҳақыйқат Көпшилик иркилмей ислейди. Байлар болса әйтеўир ислемейди, ақылын иске қосып ислейди.Жалған ❌ Табыс ушын күшли билим ҳәм ақыл иеси болыў керек.✔️Ҳақыйқат Билим үлкен әҳмийетке ийе, бирақ билимлерди әмелиятта қолланыў әҳмийетли. Ақыллы адамлар ҳәр дайым да бай бола бермейди.
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    5,000134Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    18 Aug, 16:14

    ✅ «Зағара» - РеңлерБул Нөкис анимация мектеби тәрепинен жаратылған.Дерек📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @PERZENT_psixologiyasi
    9,270video10772Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    16 Aug, 06:47

    ❗️Балалардан көзиңизди үзбең, олар қәўип-қәтерди алдын ала көре алмайды.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    4,560video1552Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    10 Aug, 10:58edited

    ⏳Бир күни оянасаң!Бир ўақытлары жүдә ислегиң келген, бирақ "кейинирек ислеймен" деп қалдырып кеткен ислериң ушын енди ўақыт қалмағанын түсинесең...Итибар берип атырсыз ба? 🍂 Мәўсимлер сыяқлы өмиримиз де сезилмей өтип бармақта.Турмыс тәшўишлери, күнделикли жумыслар, "еле ўақыт бар" деген қыял менен күнлерди өткере беремиз.Кейин болса артқа қарап, қанша имканиятларды қолдан жибергенимизди көремиз.Ўақыт аяўсыз. Ол ҳеш кимди де, ҳеш нәрсени де күтип турмайды.Ал "кейин" ҳәр дайым келе бермейди...📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    5,56011743Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    9 Aug, 14:03

    ☝️Ҳәр бир ата-ана билиўи шәрт!📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    5,510video20Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    7 Aug, 09:30

    Бир күн келип ҳәмме кетеди. Сонда сени ким еслеп турады?📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    5,890video181142Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    27 Jul, 11:56

    ❗️Балаларыңызды бийтаныс адамлардан аўлақ жүриўге үйретиңБалалар тез исениўши ҳәм көнлигиўши болады. Бир адам оған қайта қайта итибар менен жақсы мүнәсибетте болып, саўғалар берсе изине ерип кетиўи мүмкин.Ҳәзирги заманда усындай усыллар менен балаларды урлаў жағдайлары ушыраспақта.Соның ушын, балаларыңызға әсиресе қызларыңызға неше жаста болыўына қарамастан усындай жаман адамлар бар екенлигин ескертип қойың.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    7,600video1410Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    23 Jul, 17:42edited

    📚Балалардың фантазиясын раўажландырыўға зор идея екенАта-аналар, педагоглар ҳәм тәрбияшылар ушын керекли видео екен.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    6,400video217Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    20 Jul, 09:44edited

    🏠Шаңарақ - инсанның күши қайта тикленетуғын ҳәм ол өзиниң ҳақыйқый қәдир-қымбатын сезетуғын бирден-бир мәкан болып есапланадыКүни менен мийнет етиў адамның денесин шаршатыўы мүмкин.Бирақ үй есиги ашылып, өмирлик жолдасы ҳәм перзентлериниң қызғын қушағы менен күтип алынғанда, кеўил және күшке толады.Себеби шаңарақ - тек ғана дем алатуғын орын емес, ал инсанның энергиясы қайта тикленетуғын мәкан болып есапланады.Ең үлкен байлық та мине усы меҳир, муҳаббат ҳәм интизарлық болып есапланады.📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    14,900video19102Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    19 Jul, 06:16edited

    ❗️Дүньяны биринши мәрте сезип ҳәм көрип атырған балаларБир философ айтқанындай: “Ден саўлығың жақсы болғанда машқалаларың көп болады, ал ден саўлықтан айырылғанда тек ғана бир машқалаң болады - тезирек тәўир болыў”.Өзиңиздиң ҳәм перзентлериңиздиң ден саўлығыңызға ўақтында итибар бериң әзизлер!📤 Жақынларыңызға жибериң!🔔 Перзентиңиздиң тәрбиясы ушын пайдалы канал: 👉 @perzent_psixologiyasi
    5,670video24126Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    18 Jul, 13:49

    👔 Ер адамның ийниндеги жүкти ҳәмме де көрмейди. Оның ең үлкен жубанышы болса үйине қайтқанда табатуғын мийрими.Көбинесе инсан тек өзиниң шаршағанлығын сезеди. Ҳаял үй жумыслары, перзент тәрбиясы менен шаршайды.Еркек болса жумыстағы басым, жуўапкершилик, баслықтың сөги, ҳүжжетлер, руўзыгершилик тәшўишлери, ата-анасы ҳәм жақынларының кеўлин алыў сыяқлы жүклерди кеўлине алып жүреди. Бирақ ол бул ҳаққында ҳәр дайым айта бермейди.Бахытлы шаңарақ - бир-бириниң ким көбирек шаршағанын дәлиллейтуғын орын емес. Керисинше, бир-бирин түсинетуғын, қәдирлейтуғын ҳәм жеңиллик беретуғын мәкан.Ҳаял еркекти меҳир менен күтип алса, шийрин сөз айтып, ыссы аўқат таярлап, шаңарақты ақылға уғрас жүргизсе, бул еркек ушын ең үлкен күш-қуўат дәреги болады.Сол сыяқлы, еркек те ҳаялының мийнетин қәдирлеп, оған итибар ҳәм меҳир бериўди умытпаўы керек.Шаңарақта бахыттың сыры - ким ҳақ, ким наҳақ
    14,000video14133Open in Telegram
  • Бала психологиясы

    15 Jul, 09:28

    ❗️Жобасыз жасаў - кәмбағаллыққа адым атыў⭕️ "Жарлылық жоба талап етпейди," деген еди Наполеон Хилл. Тек жасаң - пул келеди, кетеди. Нәтийжеде болса - турақлы жетиспеўшилик ҳәм қарызлар шынжыры.💰Бирақ байлыққа қарай жол басқаша:✅ Жоба керек ✅ Мақсет керек ✅ Тәртип керек☝️Бул дегени:▫️ Ҳәр ай кеминде 5-10% дәраматыңызды жыйнаң▫️ Қәрежетлериңизди қадағалаң▫️ Ақшаны сезиўди үйрениң️💯Байлық тосыннан келмейди. Ол жоба, сабыр ҳәм исеним менен дүзиледи.
    Image from a post by Бала психологиясыImage from a post by Бала психологиясы
    5,84010633Open in Telegram