Latest posts

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
24 Aug, 13:13
Халықлық турмыс тәжирийбелери бойынша: "Ерте жат та ерте тур, бир пискекти артық ур", "Айран ишкен қутылады, шелек жалаған тутылады", "Айран сораған-шелегин жасырмас", "Жыланның да басына ақ қуйып шығарған", "Арық малды асырасаң аўзы-мурныңды май етеди, арық адамды асырасаң аўзы-мурныңды қан етеди", "Қолың ақтан кетпесин", "Аўзы аққа тийди",—деген сөз дизбеклери менен жалқаўлықтан қашыў, ҳәр түрли жаман әдетлерден аўлақ болыў, жақсы-жаманды айырыў, молшылық, жақсы тилеклерин билдирип отырған. Ағарғанды қәдирлеў, қәстерлеў, зая етпеў, обалына қалмаў уғымларын кейинги әўладларға жеткере билген.Төрт түликти теңдей сақлап, шарўашылықты негизги күн көрис тирегине айландырған халқымыздың турмысында қымыз ҳәм шубат та қарақалпақ асханасының тийкарғы тағамлары ретинде қабылланған. Бул ҳаққында филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, БерунийTelegramҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИКаналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
24 Aug, 13:13
«Май айныса дуз салар, дуз айныса не салар?» Дузды бириншиден, майдың айнымаўы ушын салса, екиншиден, майға сиңген дуздың мазасы жеген ўақытта иштейди ашып, майдың дәмин келтиреди. Қолдан писип алған сары майды күйдирип пайдалануғын орынлар: 1) Жаңа туўылған нәрестени дузлы суўға шомылдырғаннан кейин, териси тырысып мазасызланбаўы ҳәм териниң беккемленип қәлиплесиўи ушын күйдирилген сары май менен сылайды; 2) Тамақ, өкпе аўырыўларына күйдирилген сары май ишип емге пайдаланады; 3) Емлик мақсетте асқазан, ишек аўырыўларына да ишкизген; 4) Жас босанған ҳаялларға қырқынан шыққанша иште қан қатып қалмай түсиўи ушын күйдирилген сары май ишкизеди. Сары майды солайынша ишиўге жүрексинсе, сүтли гөжеге салып ишкен, нан басып жеген. Сары майдың өзин дәстүрханды байытыў ушын ҳәм тағам ретинде пайдаланады. Халықта «сары майдай сақлап» деген сөз дизбеги бар. Бул сары майдың қәдирли, әўесек ас
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
24 Aug, 13:13
АҒАРҒАННАН ТАЯРЛАНАТУҒЫН ТАҒАМ ТҮРЛЕРИЕрте дәўирлерде қарақалпақ халқының миллий дәстүрханында пайдаланылған негизги тағам түрлерине киретуғын: гөш, қазы-қарта, сүт, қатық, қымыз, шубат, сары май, айран, торақ, қурт, иримшик ҳәм т.б. мал өниминен алынған. Соның ишинде ағарғаннан таярланатуғын тағам түрлери көп түрли ҳәм иштейли болыўы ушын азықлық аўқат ретинде сапалылығына кеўил бөлип, тағамлар таярлап дәстүрханды байытып отырған.Қарақалпақ миллий асханасында сүт өнимлеринен таярланатуғын тағам түрлери избе-излилик пенен исленетуғын машақатлы да, қурамалы жумысты, мийнет етиўди талап етеди. Сүт өнимлеринен таярланатуғын тағам түрлери төмендегише:1. УЎЫЗ. Сыйыр туўғаннан кейинги дәслепки 2-3 күнги сүти "уўыз" деп аталады. Уўызды кишкене балаларға писирип береди, нанға қосып, мазалы нан таярланады. Ақ иримшик таярлайды. Бурынлары мал төллегеннен кейин бузаўын емизип алады, соңынан
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
24 Aug, 13:12
«Ағарғаннан таярланатуғын тағамлар» t.me/shahzoda_allamuratova
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
20 Aug, 20:19
Жоқарыда келтирилген кийим түрлериниң өзлериниң атқаратуғын хызметине сай бири-ҳаял адамның гөззаллығын, сулыўлығын көркейтип, жыллылық берип туратуғын болса, екиншиси-ҳаял адамның әўрет жерлерин жаўып турыўшы қорғаныш түринде таярланған.Shahzoda Allamuratova.https://t.me/shahzoda_allamuratovaTelegramҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИКаналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
20 Aug, 20:19edited
БЕС КИЙИМ. Қызды айттырып қуда түсип пәтия оқылғаннан соң, қыз узатылып келе алдында жигит тәрептиң орынлайтуғын қәделери болады. Қудалық қәделерге: қуда түсиў, пәтия оқылыў, қуйрық-баўыр жесиў, қарғы баў, қалың мал бериў ҳәм т.б. қәделер қатарына болажақ келинге бес кийим таярлап апарып бериў қәдеси де киреди. Қызға берилетуғын бес кийим қыз узатылып келмесинен бурын жигит тәрептен таярланып әкелинеди. Бул дәстүр ерте дәўирден бери ҳәзирги күнлеримизде де даўам етип киятыр. Күйеў тәрептиң әкелген бес кийимине қоса қыздың үйи де қызға кийим таярлайды. Еки тәрептиң таярлаған кийимлеринде тек аяқ кийим жөнинде айырмашылық бар. Күйеў тәреп қыздың бес кийиминиң бири ретинде аяқ кийим (етик, ямаса мәси-геўиш) әкеледи. Ал узатылған қызға кийим таярлағанда қыздың төркини ырымлап аяқ кийим бермейди. Оның мәниси: қыз барған жерине тастай батып, суўдай сиңсин,-деген мәнидеги жақсы нийет пенен1,100Open in Telegram
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
20 Aug, 20:18
«Бес кийим»t.me/shahzoda_allamuratova
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
18 Aug, 03:23
#Қарақалпақ_тағамларыСөкке түйилген ийжанТаярланыўы: Ийжан гүнжи дәнинен исленеди. Бул ушын гүнжи тазаланып, қазанда қуўырылады. Қуўырылған гүнжи келиге салынып, оған сөк қосып түйиледи. Түйилгеннен кейин гүнжиниң майы шығып, ол сөк пенен араласады. Ийжан түйилип таяр болғаннан кейин керегине қарай қумшекер қосылады.Зағараға түйилген ийжанТаярланыўы: Бунда да қуўырылған гүнжи келиге салынып, үстине зағара майдалап туўралып, гүнжи менен қосып түйиледи. Гүнжиниң майы менен зағара қосып ийленип, мазалы ийжан пайда болады.📖М.Нызанов "Қарақалпақлар"Video : Ismetulla Jaksilikovhttps://t.me/ibratli.sozler
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
18 Aug, 03:23

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
5 Aug, 03:54
Ең болмаса мешитке апарып тасла найсап. Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди. Бесик кийели дүнья. Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен... Мен бесикпен ,мен Анаман! Мен бесикпен,мен атаман! Бесикти нәрестеден айырмаң! Нәрестени бесиктен айырмаң! Бесик-атаң, Бесик-анаң!Оралхан Сапарова.4-август,2023
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
5 Aug, 03:54
Муңлы бесик наласы.(Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим)Мен шығындыға шыққан бесикпен. Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман...Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?! Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да...сонысы батады ,себеби ата-бабам не қыян кести дәўирде де әуладтан-әуладқа жеткерген бесиктиң орны енди ЖОҚ болса !!! Ертеде ата-бабам ,,анаң да бесик,атаңда бесик" деп уйреткен. Басымды қублаға қаратып әлпешлеген әжелер қайда кеттиңиз,аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен хасыл аналар кайлардасыз?! Бесикке ,яғный маған бөленип, ,,берекет тапқыр ийемниң" бир улы,бир қызы үлкейди. Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп уақыт болды . Жақында үйин евроремонт қылғалы мен
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
5 Aug, 03:53

ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
13 Jun, 13:22
Қыз: ~Кесе берсең, толы бер, Орта кеседен бийзарман, Ҳәрне берсең, ҳәзир бер, Несийеден бийзарман.---деп, ямаса басқаша етип:~Аўзымызда палымыз жоқ, Жүзимизде қалымыз жоқ, Сизиң берген шайыңыз ушын, Жуўап урар ҳалымыз жоқ,---дегендей болып келеди.Қыз--жигитлер отырыспасы~халықтың келбетин: мәдениятын, әдеп--икрамлылығын, адамгершилик үлгилерин көрсетиў нызамлылықларына бойсынған. Ҳәр қандай әдепсиз қылықларға өз ўақтында қатаң жуўабы берилип, тәртипке шақырылып отырған. Буған бир мысал төмендегише:<<.....Бурынғы ўақытлары бир жигит жуўабый қыз-жигитлердиң отырыспасында бир қызға шай береди. Қыз жигиттиң кесесин алғысы келмей, түргелместен, отырып алады. Шайын ишип болғаннан кейин де кесесин жигитке түргелип апарып бермей ысырып жерге қояды. Буған жигиттиң қатты ашыўы келеди. Өйткени, отырыспаның тәртиби бойынша қыз жигитти жақсы көрсе де, жаман көрсе де, орнынан турып алғанTelegramҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИКаналымызда қарақалпақ халқының әййемнен киятырған үрп-әдетлери ҳәм салт дәстүрлери ҳаққында Shahzoda Allamuratova. Администратор: @Allamuratova1512
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
13 Jun, 13:22edited
КЕСЕ АЛЫСЫЎ ДӘСТҮРИКЕСЕ АЛЫСЫЎ ДӘСТҮРИ~Қарақалпақ жасларының той-мерекелерде, гештеклеринде, бас қоспа отырысларында қыз-жигитлерден зийреклик, тапқырлық, итибарлылық талап етиў менен бирге ҳәр бириниң әдеплилиги, көргенлилиги, жоқары адамгершилиги сынға түсетуғын дәстүрлерден бири болып есапланады.Қыз-жигитлер той-мерекелерде, айырым ўақытларда бир-бири менен дийдарласыў, көрисиў, кеўиллерин билдириў ушын гештеклер уйымластырып отырысады. Гештеклер, қыз-жигитлер бәзими белгили бир себеплерге байланыслы: ҳайт байрамы, Наўрыз байрамы, қыз узатыў, келин түсириў тойларына байланыслы өткериледи. Отырысқа келген жигитлер жигит ағасының басшылығында үйдиң бир тәрепинен орын алса, қызлар қыз жеңгесиниң басқарыўында екинши тәрептен, жигитлерге қарама-қарсы отырған.Отырыс басланып шай демленер ўақытта шайнекке дәслеп үй ийеси шай салады. Соңынан босаған шайнектен соңғы шайды ишкен жигит3,000Open in Telegram
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
13 Jun, 13:21edited
<<Кесе алысыў дәстүри>>t.me/shahzoda_allamuratova1,760Open in Telegram
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
12 Jun, 07:06
ГҮРИШТЕН ТАЯРЛАНАТУҒЫН МИЛЛИЙ ТАҒАМЛАРСАЛЫ~ дүнья жүзиниң көплеген еллеринде егилетуғын дәнли дақыллардың бири. Салы~ыссылықты, қуяш нурларын суўды көп талап ететуғын өсимлик. Топырақтың ыссылығы 12~15° жыллылыққа ийе болған ўақытта егилип, өз ўақтында жаўын-шашынға қалдырмай жыйнап алыныўы керек. Егер де жыйнап алыў кешиктирилсе егиўге де болмайды, писпей қалады.Салы егип болыныўдан суў жиберилип, 3-4 ай даўамында егин пискенше түбинен ызғарлық кетпеўи керек. Салыны отаў жумысларын дәнлегеннен соң ислеў керек. Салыны отағанда ири-баслы отақ шөплери алыныўы мүмкин, оны толық тазартып шығыў қыйын. Сонлықтан, салыны түйеклеп алғанда шигин дәнлери араласып отырады. <<Салы шигинсиз болмайды>>, <<Салының арқасынан шигин суў ишеди>>--- деген нақыл-мақаллар туўра мәнисинде де, аўыспалы мәнисинде де қолланыла береди. Бундай шигинлерден салыны түйеклеў, суўырыў, желпиў, түйиў, ақлаў арқалы
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
12 Jun, 07:03edited
<<Гүриштен таярланатуғын тағамлар>>t.me/shahzoda_allamuratova
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
10 Jun, 09:52edited
ЕРИЎЛИК БЕРИЎ<<Ел үстине ел келсе~ол да елдиң дәўлети, Ел үстинен ел кетсе~ол да елдиң мийнети>> Халық нақылыЕлге жаңадан көшип келген шаңарақты, ямаса аўылды жатырқамай, жатсынбай қарсы алып, оларды кең пейиллилик, шын ықлас пенен күтип алыў~Қарақалпақ халқының қанына сиңген жақсы пазийлетлериниң бири. Аўыл үстине аўыл, ел үстине жаңа шаңарақ көшип келгенде, оларға қолдан келген жәрдемин берип, жаңа қонысқа үйренисип, аўыл адамларына сиңисип кетиўи ушын ел адамлары баўырына тартып, жақсырақ танысып-билисиўи ушын қонаққа шақырып "ериўлик" береди.<<ЕРИЎЛИК. атл.~Басқа жақтан ағайинниң ортасына көшип келгенде, көшип келген адамға басқалардың әкелетуғын заты, қәдеси, саўғасы, сыйы. Мс: Себеби, қутлы болсынға келиўшилердиң ериўлиги аз болса, бәйбише келмейди. (К.Султанов) ЕРИЎЛИК~жаңадан көшип келген қоңсыға ҳәм жол үсти қонаққа берилетуғын дәстүрий қонақ асы. Мс: Сол күни кеште таза
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
10 Jun, 09:51
<<Ериўлик бериў>>t.me/shahzoda_allamuratova
ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
5 Jun, 04:33
forwarded from @kketnografiya
ҚЫТАЙ АРЫСЫ, ТƏҢКЕ урпақлары сораўлары бойынша қысқаша түсиниклеме:Қарақалпақтың тоғыз туўлы Қытай арысынан тарайтуғын тайпалардың бири - Қалқанлылар. Аты қарақалпақтың атын шығарған Қалқанлы тайпасынан Теңей, Меңей урпақлары дөреген. Теңейден Тəңке топары шығады. Тəңке туқымлары тек батырлығы, қайсарлығы менен ғана емес, қара қылды қақ жарған əдиллиги менен де, қысылшаң жерде жол тапқан тапқырлығы менен де көпке белгили болған. Сол ушын Ер Тəңке туқымын көбинесе "Тəңке шал" деп те атайды. "Шал" демекликтиң мəниси ертеде "дилўар", "сөзгер", "шешен" деген мəнилерди аңлатқан. Əлғəрез, Тəңке туқымларына усы пазыйлет толайым дарыған. Тəңке аталығы: Анна (Анта), Қуйын, Əйтеке, Шериўши тийрелеринен ибарат. Тəңке туқымы, арысы - қырық мың жыл, бериси - үш мың жылдан берли белгили.Ийги нийет иле, Сейдин ƏМИРЛАН.Facebook, Ǵafur M Kh администраторt.me/kketnografiya
Related Channels
Other channels in the same section of the catalogue.
