Latest posts

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
18 Sept, 05:04
forwarded from @kengesbay_raxmanov
18-сентябрь Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты, «Дослық» ордениниӊ ийеси Кеӊесбай Рахмановтыӊ туўылған күни.https://t.me/Kengesbay_Raxmanov
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
3 Sept, 09:08
Túslerińe kúndizgidey tap, Aqshamları enermen, bálkim. Bazda baǵda júrsem qoltıqlap, Bazda gúl de berermen, bálkim. Eziw tartıp sonda lábleriń Jas ǵumshaday ashılar, hátte Kewliń jayıp ıshqı dápterin, Uyqılı-oyaw jatarsań kátte. Hám bólenip
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
3 Sept, 08:55
Түслериңе күндизгидей тап, Ақшамлары енермен, бǝлким. Базда бағда жүрсем қолтықлап, Базда гүл де берермен, бǝлким. Езиў тартып сонда лǝблериң Жас ғумшадай ашылар, ҳǝтте Кеўлиң жайып ышқы дǝптерин, Уйқылы-ояў жатарсаң кǝтте. Ҳǝм бөленип шийрин
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
1 Sept, 14:48
forwarded from @qrjas_doretiwshiler
#САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТАУстаз – Ҳәмийше жаслар менен бирге😊@QRjas_doretiwshiler
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
1 Sept, 14:47
forwarded from @shawdirbay_seyitov
"Билимли адам - сабақлы ийне, кесиндилерден пүтин кийим шығара алады. Ал, билимсиз адам - қайшы, пүтин кийимди қыйындыларға айналдырып қояды".Сағынбай ИБРАГИМОВ.@katharsis_nukus @gulnara_ibragimova_daniyarova
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
1 Sept, 14:47
forwarded from @shawdirbay_seyitov
#Лирикалық_шегинисМийзан (сентябр) айы да қарақалпақта шайырлар байрамы деўге болады. Өйткени, гүздиң дәслепки сәнеси де Төлепберген Мәтмуратов, Сағынбай Ибрагимов, Пердеғалый Дабылов сыяқлы бир қанша шайырлардың дүнйа есигин қаққан күни менен басланады. Солардың ишинде бүгин шайыр, жазыўшы, эссеист, дилмаш – Сағынбай Ибрагимов дөретиўшилигин нәзериңизге лирикалық шегинис есабында усынбақшымыз. Заманласлары тәрепинен өзиниң тийисли баҳасын алып үлгерген, еки ийнине еки арбаны жеггендей илим ҳәм дөретиўшилик тараўларында мол жемисли мийнет етип киятырған, қайталанбас тулғалардың бири – Сағынбай Ибрагимов аты ҳәр қанша мақтаўға лайық болса да, бул шайыр артықша тәрийплеўге мүтәж емес десем асыра айтпаған боламан. Сизиң халқыңызға берериңиз, ал жаслардың сизден алары көп болғай.Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHAWDIRBAY_SEYITOV@katharsis_nukus @gulnara_ibragimova_daniyarova
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
1 Sept, 14:46
forwarded from @tolepbergen_matmuratov
1-сентябрь Төлепбепберген Мәтмуратов дүняға келген күн.Каналымыз:👇👇👇👇👇 @Tolepbergen_Matmuratov Топарымыз:👇👇👇👇👇 @T_MatmuratovPoeziyasinaPikirlerШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ pinned Deleted message
26 Aug, 07:02

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
22 Aug, 12:07
forwarded from @shawdirbay_seyitov
Умытылған ,,альбомнан"Анаң маған күйик ушын доландырып өсирген, Жармыс жақтан сенсиз жалғыз қайтқаным қашшан, Айтпады ма ашнаң?! Узақ түнлер уйқы көрмей, талай-талай көширген Ышқы тола хатларымды жаққаның қашша–ан, О, әзийз патшам!!Исенемен – Ҳәр қосығым шыққан сайын баспадан, «Мен ҳаққында жазып па?!» деп көз нурың жүзер, Қатар тинтинер!... Қыз күниңди еслете алсам ‒ Қостарың-ҳәм басқадай, Сыртың оған күлип, кеўилиң Ядыңдағы маған елжирер, Елесиме көзиң телмирер!...Исенемен, еслейсең сен,
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
9 Aug, 06:28
Әне саған әдебиятты кең таратыў. Қазақ әдебиятынан бир шығарма излесем, телеграм, ютуб, гуглдың әйтеўир биреўинен табылады-әй. Сан жағынан салыстырғанда қарақалпақ әдебиятында шығармалар қазақ әдебиятынан азырақты қурайды. Биз соны да технология өршиген, жасалма интелект пайда болған заманда да электронлаўдың өзин де бир жөнли ете алмай атырмыз. 😏😏😏
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
28 Jul, 11:02
forwarded from @katharsis_nukus
Сағынбай ИБРАГИМОВНөкис полиграфкомбинатының цехлары...Бул имараттың ишинде мен Шарапатдинниң туңғыш китабын редакторладым, екеўимиз бул топламның биринши нусқаларын алып, кеўиллеримиз қуўаныштан тасып турды. Шарапатдин мениң китабымды редакторлады, верстальщиктиң қасында турып қәтелерин салдырды...Мен китапларын редакторлаған авторлар – Ибрайым Юсупов ҳәм Дәўлен Айтмуратовтың рус тилиндеги китаплары, Оразақ Бекбаўлов, Салый Садықов, Гүлайым Турсынова, Дәўлетбийке Шерниязова... басқа да көп қәлем ийелериниң китаплары. Жигирма томлық «Қарақалпақ фольклоры»ның соңғы томлары...Ҳәр китаптың тусында неше мәрте полиграфқа түсемиз, типография бояўының ийиси бизди елитип салады.Нөкис полиграфкомбинатының цехлары – Шаўдырбай-аға менен Узақбай-ағалардың шалқып жүрген жерлери...Бахтыярдың студент дәўиринде жумыс баслаған жери.Ҳәзир де бул имаратқа кирсем, әзийз ағаларым ГенжемуратTelegramСагынбай ИбрагимовЛитература
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
9 Jul, 17:29
forwarded from @tengelbay_sarsenbaev
Seniń jańa túsken kúnleriń edi...✍ Sózi: Teńelbay Sársenbaev (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Naması: Bahadır Sársenbaev 🎤 Atqarıwında: Sársenbay UzaqbaevSeniń jańa túsken kúnlerin edi, Tańnıń da asıǵıp atıp júrgeni. Kúnniń de keshigip batıp júrgeni, Seniń jańa túsken kúnleriń edi.Dunyada barlıǵın bildirip baxıt, "Baxıtlı jigit" dep belgi gúl taǵıp, Úyge intizarlıq qamalǵan waqıt, Seniń jańa túsken kúnleriń edi.
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
9 Jul, 17:28
forwarded from @tengelbay_sarsenbaev
Сениң жаңа түскен күнлериң еди...✍ Сөзи: Теңелбай Сәрсенбаев (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Намасы: Баҳадыр Сәрсенбаев 🎤 Атқарыўында: Сәрсенбай УзақбаевСениң жаңа түскен күнлерин еди, Таңның да асығып атып жүргени. Күнниң де кешигип батып жүргени, Сениң жаңа түскен күнлериң еди.Дунйада барлығын билдирип бахыт, "Бахытлы жигит" деп белги гүл тағып, Үйге интизарлық қамалған ўақыт, Сениң жаңа түскен күнлериң еди.
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
9 Jul, 17:28
forwarded from @tengelbay_sarsenbaev
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ (09. 07. 1940 – 29. 10. 2005)ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР: >> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди. >> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң >> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. >> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын >> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды. >> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи. >> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында, >> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти.ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ:1974-жыл ,,Жаршы", 1977-жыл ,,Дебдиў", 1980-жыл ,,Қубылыў", 1984-жыл ,,Қайнаўыт", 1989-жыл ,,Шабыўыл",
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
9 Jul, 17:25
forwarded from @tengelbay_sarsenbaev
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген.Теңелбай Сәрсенбаев(09. 07. 1940 - 29. 10. 2005)@Tengelbay_Sarsenbaev
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
6 Jul, 16:40
forwarded from @kengesbay_raxmanov
#Китап жаңалығы!Ассалаўма әлейкум, қәдирли каналымыз ағзалары! Халқымыздың сүйикли перзенти Кеңесбай Рахмановтың қызы, радиожурналист Дилбар Рахманованың гезектеги екинши новеллалар топламы «Муҳаббат жоқ жерде» китабы «Жети ықлым» баспасынан жарық көрди. Китапта: «Өзекти өртеген өкиниш» «Жаңа жыл тилеги» «Сықмар ғарры» «Қыя басылған қәдем» «Жигит көзи менен қыз таңлама» «Бузылған уя» «Әрман» «Квартирант» «Еки кемениң басын услаған жигит» «Меҳир берсең - меҳир аларсаң» «Екинши ҳаял» «Муҳаббат жоқ жерде...» «Қәйинбийке» «Күйик» сыяқлы түрли атамадағы, бири-биринен қызық новеллалар орын алған. Буған шекем де автордың «Бийгүна қыздың көз жасы» деп аталған прозалық шығармалар топламы басылып шыққан еди. Китапты алып оқыўды қәлеўшилер болса, китап «Жипек жолы» көшесиндеги И. В. Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң қарама-қарсысында жайласқан «Китап дүнйасы»
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
5 Jul, 08:32edited
Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHawdirbay_SeyitovВидео @salon_gulbaxar инстаграм аккаунтынан алынды.Қосықты толық оқыў ушын силтеме
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
21 Jun, 16:58

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
7 Jun, 14:55
Техникалық себеплерге байланыслы канал жақын арада өширилиўи мүмкин, бәршеңизди жаңа канал(лар)да күтип қаламыз.
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ
4 Jun, 13:00
Халық ушын өлсең де халық қәдириңди биледи. Қунназар ақсақал Шаўдырбай Сейитов ,,Халқабад" тетралогиясы, 1-китап ,,Шар бузыў" романы (1977) Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov @SHawdirbay_Seyitov_topari
Related Channels
Other channels in the same section of the catalogue.
