gram news
Сөз маржаны channel avatar

Сөз маржаны

@soz_marjani

Бул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлылары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы. Админ менен байланыс ушын: +998939287370

ProjectsKKLanguages

7,240subscribers

Open the Channel

Latest posts

  • Сөз маржаны

    22 Sept, 17:00

    КАЙЫРЛЫ ТҮН, ҚӘДИРЛИЛЕРИМ!Бүгинги күн даўамында қандай инсанлар менен дос болдық, кимлер менен арзымаған сылтаўлар менен қапаластық... Кимлердиң кеўлин алдық, кимлердиң кеўлин билип билмей аўыртып қойдық... Кимлерге күлимсиреп қарадық, кимлер ушын ўақыт ажырата алмадық... Келиң, бул аманат дуньяда бир-биримизден меҳримизди аямайық... Бир-биримизге жәрдем қолымызды созайық.... Жақсылық етейик... Егер жақсылық қолымыздан келмесе, жаманлық та қылмайық. Бир-биримизге күлимсиреп қарайық... Себеби қанша жүреклерге сизиң бир мәрте күлимсиреўиңиздиң өзи мәлҳам болғанын билмейсиз...ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!https://t.me/Soz_marjani
    555video11Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 16:32

    #ҲақыйқатБахытлы боласыз...Кеше дийўанадай қайғырған нәрселериңизге ертең "Неге өзимди бунша қыйнадым?" деп өкинесиз... Кеше тәшўишлендирген түнлериңизди күнге жалғастырған нәрселер ушын ертең пушайман боласыз... Кешеги күниңизге соншелли дәрежеде көп байланып қалғаныңыздан, ҳәттеки, ертеңги күниңизде сизге жолдас болатуғын бахытты көре алмайсыз... Сол күн келгенде сондай бахытлы боласыз, ҳәмме нәрсе кешеги күниңизде қалып кетеди!..Эрдоған Йилдирим.https://t.me/Soz_marjani
    Image from a post by Сөз маржаныImage from a post by Сөз маржаны
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:45

    Ол арқа тусындағы шкафты ашты. Оннан илдиргишке илиўли турған ташкенти қайыңдай сап-сары, сен-сең постын шығарды.- Мына постын бир қашардың пулына тигилген, деди постынды ийнинен услап силкип. Қой териден тигилген зилдей постын емес. Бул сур тери. Қараң, бурынғыдай - қамары!Ҳакыйкатында да, тонның ишиндеги қозының жүни буйраланып, жақты менен ҳәр түрли реңге дөнип турар еди. -- Қәне, енди ийниңе суқ.Кийип көрип еди, ағама шап-шақ болды.- Енди мына малақайды кий. Шөгирме тиктирмедим, ҳәзирги заманда шөгирме кийип жүрген адам жоқ.Ол төбеси коңыр тери менен тысланған көк камары малақайды мушына кийип турып, селкилдетип-селкилдетип жиберди. Жүнлери оннан бетер шыйратыла түсти, оннан бетер дөне түсти.Малақай да ағамның басына шап-шақ болды. Кудамыз өзи таза кийим алғандай қуўанып қарап турды.- Тәңир жарылқасын қуда, қәне қолыңды жай.- Қойып тур, кудағайдың пайы өз алдына.
    8031211Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:45

    Бул аўҳал бир жылға дейин даўам етти. Бир күни жумыста Карима апа деген апай бар еди, сол алдыма кирди.- Баслық қәйним, ерси көрмесең бир гәп бар, — деди.- Айтың.- Бул заманда еркексиз ҳаял аштан өлмейди, бирақ ҳаялсыз еркектиң күн көриўи қыйын болады. Оның үстине қыз сақлап отырсыз. Сиз үйлениң! - деди.Мен үндемей қалдым.- Жеңгешилик етейик пе? — деди ол күлип.- Етиң, етиң! - деп мен де ҳәзил еттим.- Жеңгешилик деп жеңгешилик те емес-аў, — деди ол өзин услап. Бизсиз де өзлериниз бир-бириңизге үйренисип қалдыңыз. Мына, Азима қызларыңның басынан сыйпаса қалай болар екен?- Азима?! Ол еле... Кейин не дәлил айтарымды билмей қалдым.- Еркек адам тегинликте қартаймайды. Азима сизге қуба-қуп болады. Жассынба! — деди Карима.
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:45

    — Енди, қуда, — деди Убайдулла аға. — Қудайдан жасырмағанды кисиден жасырыўға болмайды. Көрип отырсыз, қудағайыңыз меннен әдәўир жас. Туўрысы — жигирма төрт жас киши. Әўелги қудағайыңыз төртинши қызының тусында бала үстинен аўырып, қайтыс болды. Изинше қызы да. Көрсетпеген тәўибим, апармаған докторым қалмады. Шыпасы түспеди.Атың сүринсе изиңе гәп ергиш болады екен. Журттың айтыўынша, ол мениң жүрдеклигимнен ишқыста болып өлген болып шықты. Бул ғыйбатшылар сол ҳаялдан туўған еки қызым менен де арамызды суўытты.Азима ол пайытта жаңа оныншыны питкерип, менде хаткер болып ислеп атыр еди. Мениң болса алдын нәрестелигинде өлип кеткен қызым он екиде, оннан кейинги қызларымның биреўи сегизде, биреўи төртте еди. Өзим қырық екини толтырып, қырық үшке қарағанман. Ҳаялы өлген еркекте не сән болсын, бир күни усы Азима алдыма кирип, дым үндемей турып алды.— Ҳе, Азима, неўе? — дедим. Үндемейди. —
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:45

    Қудамыздың аты Убайдулла, қудағайымыздың аты Азима екен. Үйде де талай айтылып жүрген шығар, бирақ мен ескермеген қусайман.Убайдулла аға ҳәр бөлмесин бирим-бирим көрсетти. Бир бөлме бир бөлмеге усамайды, ондағы төсеклер де, мебеллер де басқа-басқа еди. Айтыўынша олардың бурынғы жайы тазадан салынып атырған үлкен кеңсениң орнына дус келип, бузылып кетипти. Бул жайды салғаннан кейин ўақтында жақсылық еткен инилери, шәкиртлери ҳәр бөлмени бир-бирден бөлисип алып өзлери толтырып берген екен. Өйтпегенде сонша бөлмени дәске менен толтырыў аңсат емес шығар. Лап болмасын, бизиң райондағы бақшаның ярымындай бар. Рояльды мәденият министри болған бир иниси саўға етипти.— Бизиң үйде буны шертетуғын адам жоқ ғой, — десе:— Тура берсин аға, сән болып. Бул ҳәзирги дәўирдиң модасы, — депти жаңағы министр.Алтын балық пенен теңселип туратуғын саатты ким әпергенин айтпады. Бирақ, мен соған қызығып
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:45

    МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ «ҲАЎА КЕМЕСИНДЕГИ ЕКЕЎ» Повесть ДауамыҮйде бир мүйеште бир қалта жүўери менен еки қалта гешир турыпты. Булар әжапамның пайы. Апарып қайтыўға ҳеш ким бата алмайды. Я өзлигинен келип алып кетпейди. Олар билмейтуғын да еди бизлердиң әжапама пай қойғанымызды.Бир күни оның утыры келди. Жаңа жылға үш-төрт күн қалғанда, ағам менен апамды қудасы үйине шақырды. Районнан бир машын услап, үш қалтаны жүклеп тарттық-аў Нөкиске. Қудасы ағам менен апамды шақырған, лекин, мен қаламан ба?! Бир үйдиң ҳәм кишкене қызы, ҳәм үлкен қызыман! Бармай қалсам бәри бир әжапам сорайды.Бизлерди үйиниң иши менен дәрўазаның алдында күтип алды. Мен шығып атырып әжапама қоңыраў етип едим. Ағам қудасы менен қушақласып көристи. Аўылда ондай дәстүр жоқ еди, қудасы қушағын ашып киятырғаннан кейин ағам да мәжбүр болды.Қудамыз әжапам айтқандай, күле шырай берип жүретуғын ийман жүзли киси екен. Кийген
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 14:01

    ЖУРТ АТАСЫ БАСҚАН ҚӘДЕМИНДЕ НУР (Ҳүрметли Президентимиздиң 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстанға болған сапары тәсирлери)Қуяштай жарқырап, кеўил-күйимиз, Қәлбимиз төринде меҳир ашты гүл. Толды шадлықларға, көше, үйимиз, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Биз жаратқан бағлар, жемисин берип, Халқым ҳадал мийнет ырысын терип, Азаматлар турар, ўәдеге берк, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Бир шәҳәр, он алты район бүгин, Тартып келер жаңа дәўирдиң жүгин, Абатлық көрсетер, елдиң бирлигин, Журт атасы басқан қәдеминде нур.Бирлести күшиммз, оянды Арал, Тыныш елдиң даңқы жәҳәнге тарар,
    TelegramСөз маржаныБул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлылары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы. Админ менен байланыс ушын: +998939287370
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 13:00

    Анар Стресстен қорғайды...✔️Рактың айырым түрлеринен қорғайды ✔️Жүрек‑қан тамыр искерлигин қоллап-қуўатлайды ✔️Гемоглобин дәрежесин асырады ✔️Сиңирлердиң жағдайын жақсылайды ✔️Патоген бактерия ҳәм замаррықларға қарсы гүреседи ✔️Териниң жағдайын жақсылайды ✔️Жараларды емлеўге жәрдем бередиhttps://t.me/Soz_marjani
    971video92Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 13:00

    https://t.me/Soz_marjani
    Image from a post by Сөз маржаныImage from a post by Сөз маржаны
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 10:28edited

    Бийшара ҳәңги ҳәр айланғанда бир шыбық жер еди. Өзинен болады хәр сапары, нәпси жаман. Басы қурттай еңкейди ме, жүўериниң бир басы аўзында кетеди. Соң мың шыбық жесе де тасламайды, жеп тынады. Кейин ала оған аўзына дорба илдирди. Дорбаның ярым белинен шыжым менен буўып биротала тас қылып еди, хәңги аспанға секирди, бийшара дем ала алмай қалған екен. Қулласы, үш күн ишинде бар жүўерини түйеклеп болдық. Қырық қалта жүүери шықты. Бир қалтаны кеште ешекке артып моллаға апарып келди әжағам. — Он қалтадан бир қалта бериўимиз керек еди, дүньясы қурғыр көзимиз қыймайды, — деди ағам кешки шай үстинде. — Усы күнде үсир-питирди түўеллеп берип жүрген адам бар ма? — деп қойды апам да. Оған да шыққан шығын жаға бермейди. — Қызымызға бир қалта берейик, — деди ағам. — Қайда-а-ам, — деп ернин сылп еткизди апам. — Ол қудаң жүўери ишер ме екен? — Ишпесе таўығына салады, қызымыздың пайы бар-ғо. Оннан кейин
    9901172Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 10:27

    бойынша пахта усы жылы шығын менен жуўмақланатуғын қусайды.Аўылға көмекшилер кийип кетти. Олар бирақ жылдағыдай ҳеш кимниң үйине бөлистирилген жоқ. Азанда келип, кеште қайтады. Атыздың шетинде қатар автобуслар дизилип турады. Жүздей адам бир көлемге түседи де, изи шегиртке түскен атыздай қап-қара болып қалар еди. Оларға жүдә реҳимим келди мениң — көмекшилерге. Биз түсте үйге келип кем дегенде еки саат дем аламыз. Олар болса атыздың шетинде фартуклерин дәстүрхан етип, термосларындағы шала суўыған шайы менен кими консерва, кими бир килолық банкиде қуўырып әкелген картошкаларын нан менен ҳалқас етер еди. Я жеген емес, я жемеген емес. Қурттай бой созайын десе дөгерегиниң бәри дигирмандай кесек. Ақыры, найлаж атызға түседи. Атызды тазалап болса ертерек қайтатуғынын биледи олар.Қулласы, быйылғы гүз әжапам бардағыдай қызықлы болмады. Онда бизлер таң атыўдан атызға жеткенше асығар едик.
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 10:27

    азанда оянып, «Бегзада, қасында жатсам да азанға дейин сени сағынып шығаман», дейди. Сөйткен адамнан бийопалық шыға ма?! — Әне, усындай гәптен қорықса болады. Бизлер де ағаң менен бир-биримизди сондай жақсы көрип қосылдық, бирақ ағаңнан усы күнге дейин «сени сағындым» деген гәпин еситпедим. Күйеуиң суў жуқпас жалатай болмаса нетти. Әжапам тым-тырыс болып қалды. — Ҳе, өкпеледиң бе? — деди апам жуўасып. — Өзиңе бек бол, асыңа шыбын түспесин деймен-дә! Әжапамнан жуўап болмады. Бар гәп соның менен тыйылды. Еки қонаман деп келген адам, азанда шайын шала-пала ишти де, жолға шығыў менен болды. Апам оның неге бирден қайтқысы келип қалғанын сезсе де, тәўелле етпеди. Үй алдынан гүзетип қалды.8Сол күннен баслап апам әжапам ҳаққында гәп қозғаўды сийреклетти. Телефонға да суқланып қарай бермейтуғын болды. Усыны билгендей телефон да, печьтиң қуўысында мүлгиген қара пышықтай, сылт етпейди. Кишем
    68482Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 10:27

    — Балам-аў, еле уйқыламай жүрсең бе? — деди апам мени аяған болып. — Қонақ қызың қайда? — Қашшан тас болып қалды! — дедим мен жақтырмай. Болмаса, «кел мениң қасыма жат» деўдиң орнына қонақты сорайды. Бийкеши меннен жақын болып па оған! Мен келгеннен кейин апамлар гәптин бағдарын өзгертти. Лекин, әңгимелери бир-бирине қуйыспай қалды. Биреўиниң жуўабы, биреўиниң саўалына жақынламай кетер еди. Билдим, меннен күни менен айтып киятырған әңгимесин сыр тутқысы келди. Мен душпан шығарман жүдә! Олар жасырды екен деп шығып кетейин бе? Дым тәбиз аңламайтуғын пәмсиз қыз болып жата бердим. Бир ўақытлары жортаға қурылдыға бастым. — Сен оны кимнен еситтиң? — деди апам әжапама сыбырланып. — Қайтыс болған енемниң ўақтында сайланған мурындық қызы бар екен, сол айтты. — Ол қатнасып тура ма? — Қатнаспайма деп ойлап қалдым. Соң бир-еки қоңсыдан да ызым-сызым еситтим. «Енең пақыр Бийпатпаның шыны қызы еди,
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 10:27

    МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ «ҲАЎА КЕМЕСИНДЕГИ ЕКЕЎ» Повесть(Даўамы. Повесть 18 - сентябрь күнинен баслап , күнде 10 беттен "Сөз маржаны" каналында берилип атыр)Билгендей, әжапам қоңыраўды сийреклетти. Бир күни ол бийкешин ертип қыдырып келди. Үйде үлкен байрам болып қалды. Жыллаған үлкен түйетаўығымыз бар еди, ағам соны сойды. — Үйдиң адамына да түйетаўық сояды екен-аў, — деп ойлап қойдым ишимнен. Лекин, сол муғаллақ қатқыр қораздан қутылғаныма қуўандым. Ол қорамыздағы ҳәмме таўықтың үлкени еди. Түйетаўықтың қоразы үлкейсе жаман болады екен. Үйден үстиме қызыл кийип шыға алмайман, арт беттен келип қос аяқлап дүрс еттиреди. Жығыла жазлайман. Неше мәрте тырнағы өсип кетип, балтырым жара болып жүрди. Қоңсылардың балалары да бийзар — келе алмайды. Журт ийттен қорқар еди, бизиң үйде қораздан қорқады. Әжапам менен күн бойы дурыслап сөйлесе алмадық. Қонақ қыз да биреў тислеп алатуғындай әжапам
    81493Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 09:04

    МЕҲРИБАНЫМ(Болған ўақыя)Үшинши перзентим туўылғаннан соң, ислерим жүрисип байып кеттим. Пул үстине пул айланар еди. Әлбетте, қалтам пулға толы болғаннан кейин жас ҳаялға үйлениўди қәлеп қалдым. Жас бир қызға киши той берип үйленип те алдым. Оның атына үй алып бердим. Бириншимнен екиншимди қатты сыр сақладым. Сирә сыр бермедим. Екинши ҳаялымның қасына тек күндиз баратуғын едим. Екиншим алты жыл ишинде изли-изинен үш ул туўып берди. Нәзеримде ҳәммеси бир тегис кетип атырғандай еди. Лекин... Лекин екиншимниң бир күни бирден мазасы қашты. Шыңғырғанынша бүкленип жатып алды. Шыпакерге алып бардым. Рак... Өкпеде төртинши дәрежедеги рак шықты... Көп ағзаларына жайылыпта кетипти. Шокка түсип қалдым. Таныс - билислеримниң мәсләҳәти менен Ҳиндистанға алып кеттим. Үсти-үстине химиятерапия алыўды басладық. Лекин ишимнен бир үмитсизлик келе берди, келе берди... "Дүзелмесе керек! Кишкене кеселлик
    TelegramСөз маржаныБул дүньяның көрки - адам баласы. (Әжинияз) Дүнья талантлылары аўқамы ағзасы Қуўанышбаева Гүлайымның жеке каналы. Админ менен байланыс ушын: +998939287370
    1,050882Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 08:14

    КЕЛИНЛЕРГЕ НӘСИЯТШаңарақлық жәнжеллерге айып бир тәреплеме болмайды. Ҳәр еки тәрепте азлы-кем кемшилик табылады. Сонлықтан келинлерге де айырым кеңеслерди беремиз:Сиз бир күни келип өзиңиз де қәйинене болыўыңызды ойлаң. Қәйинене ретинде сизге қандай мүнәсибетте болыўын қәлейсиз, қәйиненеңизге де сондай мүнәсәбетте болың.Қәйиненеңизге қәйинене, деп емес, «Еримниң анасы!» деп қараң. Сиз қәйиненеңизди қуўантсаңыз, ериңизди қуўантасыз. Ериңиз бахытлы болса, сиз де бахытлы боласыз. Солай екен, қәйиненеңизди разы қылыўдың жолын табың.Қәйиненеңизди қәдирлең, орыны келсе, оны қутлықлаң, әҳмийетли күнлерде еслең.Қәйиненеңизден тез-тез кеңес сораң. Оннан өмир сабақларын үйренгениңизге жараса, «Еле де сиз барсыз!» деўди умытпаң.Көринисиңизге, үйиңиз, шарбағыңыз пәкизелигине итибар бериң. Әтирапыңыздағыларға гөззал қулықлы, күлимсиреўли кеңпейил болың.Қәйиненеңиз – ана. Жасы уллылығы,
    1,190133Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 07:29

    Фантазия ҳәм шеберликhttps://t.me/Soz_marjami
    Image from a post by Сөз маржаныImage from a post by Сөз маржаны
    1,0201021Open in Telegram
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 07:26

    Фантазия ҳәм шеберликhttps://t.me/Soz_marjani
    Image from a post by Сөз маржаныImage from a post by Сөз маржаны
  • Сөз маржаны

    22 Sept, 07:26

    Фантазия ҳәм шеберликhttps://t.me/Soz_marjani
    Image from a post by Сөз маржаныImage from a post by Сөз маржаны
    1,040132Open in Telegram