Latest posts

Тилеўберген Жумамуратов
13 Sept, 13:13
Дүньяда ким мәңгиликке жасайды? Өмир сени шалқытады, тусайды. Биреў келип-биреў кетип атырған, Хожелиниң базарына усайды...🪄Тилеўберген Жумамуратовhttps://t.me/ibratli_sozler
Тилеўберген Жумамуратов
2 Sept, 14:38edited
Шайыр Сағынбай Ибрагимовқа еле редакторленбеген экспромт АРНАУ ----- Жабанның бел баласы, Этика, қатып қалған. Жанында мадоннасы, Шийелеп шатып алған.Шын шайыр шалқымалы, Дүньясы, бары қолда. Сезим деп алқынады, Гүлдиң ең нары қолда.Қатты сөз қабында жоқ, Бул бир жуп жууас ғана. Шурт минез Сағында жоқ, Тап сондай Гүлнара да.Сейиллер қолтықласып,
Тилеўберген Жумамуратов
2 Sept, 14:38

Тилеўберген Жумамуратов
1 Sept, 17:17
‒ Бурынғы басшымыз ол кисини депутатлыққа усыныỹды өзиниң көзинше маған тапсырып еди. Ҳәзир атақлы шайырымыз емлеỹханада жатыр. Кеỹлине келмей ме? Оның үстине, бул тапсырманы берген Кәкимбек Салықович болса, Москвада еле үлкен лаỹазымда, - дедим мен. Соның арасында, Төрткүлден Озбекстан Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа усынылған, Орайлық Комитеттиң шөлкемлестириỹ бөлими баслығының орынбасары өткир Закиров сайлаỹ алды ушырасыỹға келетуғын болды. Ол кисини Төрткүлден күтип алып, ушырасыỹдан кейин Нөкиске алып қайтыỹ маған тапсырылды. Мен, болып атырған ỹақыяларды жол бойынша өткир Обидовичке айтып бердим ҳәм мәселени ашықтан-ашық додалап кетиỹин сорандым. Солай етип, Закиров кешки самолеттың билетин қайта тапсырып, Нөкисте қонып қалды. Азанда екинши секретарьдың кабинетинде үлкен «телпек дирилдеспек» болды. Бул, биреỹлер ушын жағымсыз ỹақыя болғаны менен көпшилик лаỹазымдағы басшылар
Тилеўберген Жумамуратов
1 Sept, 17:17
Еркек адам қонақшыл болыỹ ушын оның ҳаялы жөнли болыỹы керек. Ҳаялдың жақсы-жаманын анықлаỹшы көп факторлар бар. Соның биреỹи – ҳаял ийман жүзли, адамгершиликли болса, еркек адамның туỹысқанлары үйирсек болады. Орынбасқан жеңгемиз қарақалпақтың кейỹаны аналарынан табылатуғын жақсы қәсийетлери көп, бийдай реңнен келген, жүзи периштели адам еди. Тилеỹберген ағаның қандай минези яки ҳәрекети болса да, бир қәлпин бузбай, төтепки берип отыра беретуғын еди. Ол киси өмириниң ақырына дейин Қуданың ҳақыйқый қулы, Мухаммедтиң үммети болып кетти. Идиралды күйеỹ баласы Роллан 40 жастың ояқ-буяғында автоавариядан қайтыс болғаннан кейин ҳәр бир диний байрам яки мәресимлерде, оның туỹылған ҳәм қайтыс болған күнлерин Орынбасқан жеңгей көзиниң тирисинде бир мәртебе де қуран шықпасыз өткерген емес. Ҳәр сапары «медресе, мешит көрген молланы шақырагөриң, биразы тәбәррикти шала оқыйды», деп отырғанларын
Тилеўберген Жумамуратов
1 Sept, 17:17
Шарап УСНАТДИНОВ. Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналистСОҢҒЫ ДИЙДАРЛАСЫЎЕлимиздиң атақлы шайыр ҳәм жазыỹшыларының ишинде мениң ең жаслай танысып, көп жыл мерекелес болған адамым Тилеỹберген шайыр Жумамуратов еди. Оның тийкарғы себепшиси — Тилеỹберген ағаның ең үлкен күйеỹ баласы (марҳум) Роллан Нәжимович Дәỹқараев болды. Мен, Нөкиске 1965-жылы жумысқа келгеннен кейин оның менен танысып, соңынан айрылмас дос болып кеттик. Қарақалпақ илиминиң баслаỹшыларының бири болған Нәжим Дәỹқараев ҳәм Балипа жеңгемизден жети ул, бир қыз қалған. Соның үшинши перзенти Роллан әкесиниң орнында, өзинен кейинги инилери менен қарындасы Палзадаға баспана болып, пединституттың питкериỹши курсында оқып атыр екен. Сол заманда, ҳәзирги ỹақытта да, бир қатар жаслар қыз алып қашыỹды жигитликтиң бир көриниси деп биледи. Бизлер де, жаслыққа салсақ та, оның үстине атақлы шайыр қызын әке-шешеси жоқ адамға
Тилеўберген Жумамуратов
31 Aug, 10:11
Қарақалпақ жасларының гештеклери хаққында Тилеуберген шайырдың айтқаны:Билесиз ғой, қарақалпақ дəстүрин, Қыз-жигитлер жыйналысар кешқурын. Бəйит, жуўап, ойын-күлки, бəз-байрам, Пəренжисин көрген емес ескиниң.Адам улын өзинен жат санамас, Қул да болса отырады аралас, Мейли төре, мейли жарлы, мейли бай, Ҳеш бириниң дəрежесин сорамас.Алды менен қəдирлейди ағаны, Мейли, оның жыртық болсын шапаны, Жасы киши отырады сүўреттей, Рухсатсыз қыймылдамай табаны.Қонақ келсе есапланар уллырақ, Мейли төре, мейли болсын қул, бирақ, Иззет пенен орын берер төринен,
Тилеўберген Жумамуратов
31 Aug, 10:11

Тилеўберген Жумамуратов
31 Aug, 10:08
https://www.facebook.com/share/p/1997s7Km5d/
Тилеўберген Жумамуратов
27 Jul, 19:13
СОНЕТ— Тлеуберген, ты был такой пригожий! Что ж ныне сталось? — Выцвел, полинял... Чтоб седину весь мир увидел божий, С меня шутник и шапку снял — нахал!..Ну что ж! Цветы весенние — как пламя. А в осень — красок им не сохранить. Не вечна красота. Поймите сами, В том некого и некому винить.Судьба цветка — не длинная дорога. Расцвел, созрел, увял... А смысл в одном: Поникнув, он семян оставит много, И по весне — опять цветы кругом.Былую красоту, что тронул иней, Вновь обретаю в дочери и в сыне.
Тилеўберген Жумамуратов
20 Jul, 13:33edited
КӘКІМБЕК САЛЫҚОВ Қазақ ақыны --------- АСЫЛ АҒА Тілеуберген Жұмамұратовқа ------------------------- Алтынға ат тақпаймын қалайы, деп, Дүлдүлді кемітпеймін, жабайы деп. Тілеуберген ақынды мен айтарем, Қарақалпақ халқының Абайы деп. --------------------------------- Беу, ажал! Ойлашы, кімді әкеттің?! Нәр тұлғалы ақын-дария пірді әкеттің. Ту ұстар тарлан мінез тарланды алдың, Шәңкилдек туын жықпай бір шәпеттің. ----------------------------------- Ер еді жаны құрбан ел дегенде, Өмірін нұрлы, сырлы берді өлеңге. Шіркін-ай, үлкейсе де ұқсаушы еді,
Тилеўберген Жумамуратов
4 Jul, 16:45
август 1980 жыл,Татарстан делегациясы каракалпакстанда
Тилеўберген Жумамуратов
3 Jul, 17:46
Егин тәрбиясы бастан болады, Адамға тәрбия жастан қонады. Қараўсыз егиннен ҳеш ҳасыл күтпе, Тәрбиясыз бала душпан болады.Тилеўберген Жумамуратов.
Тилеўберген Жумамуратов
25 Jun, 14:55
http://djumatleu.uz/1,040Open in Telegram
Тилеўберген Жумамуратов
25 Jun, 14:40

Тилеўберген Жумамуратов
18 Jun, 15:52

Тилеўберген Жумамуратов
18 Jun, 15:51

Тилеўберген Жумамуратов
18 Jun, 15:51

Тилеўберген Жумамуратов
15 Jun, 08:47
Бүгин қарақалпақ әдебиятының омыраўлы тулғасы Тилеўберген Жумамуратовтың туўылғанына 111 жыл толмақта.Канал: @Tilewbergen_Jumamuratov
Тилеўберген Жумамуратов
29 Apr, 16:52
Related Channels
Other channels in the same section of the catalogue.
